15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Мийнет нәтийжелиги
Мийнет өнимдарлығы - хызметкерлер мийнет ҳәрекетиниң экономикалық нәтийжелилиги көрсеткиши. Ол ислеп шығарылған өним ямаса көрсетилген хызметлер муғдарының мийнет қәрежетлерине қатнасы, яғный мийнет қәрежетлери бирлиги есабынан ислеп шығарылған өним менен белгиленеди. Жәмийеттиң раўажланыўы ҳәм оның барлық ағзалары абаданшылығы дәрежеси мийнет өнимдарлығы дәрежеси ҳәмде оның өсиўине байланыслы. Буннан тысқары, мийнет өнимдарлығы дәрежеси өндирис усылын да, ҳәтте социаллық – сиясий структураның өзин де белгилеп береди.
Мийнет өнимдарлығы көрсеткиши мийнет өнимдарлығы ҳәм нәтийжелигиниң барлық тәрепилерин сәўлелендирмейди, мәселен, ол мийнет сапасын есапқа алмайды, буннан тысқары, мийнет ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў зәрүрлигин анықламайды. «Мийнет өнимдарлығы» түсинигине өз әҳмийети жағынан жақын, бирақ мазмуны бойынша жәнеде кеңирек болған түсиник бул «мийнет нәтийжелиги» түсиниги болып табылады. Мийнет нәтийжелиги - ең аз мийнет қәрежетлери менен жоқары мийнет өнимдарлығына ерисиў дәрежесин көрсетеди. Мийнет нәтийжелиги мийнет өнимдарлығынан парықлы түрде тек ғана мийнеттиң сан көрсеткишлерин емес, соның менен бирге сапа нәтийжелерин де сәўлелендиреди. Мийнет нәтийжелилиги көрсеткишиниң және бир әҳмийетли үстинлиги онда мийнет ресурсларын тежеўдиң сәўлелениўи болып табылады. Мийнет өнимдарлығы қанша жоқары болса, жумыс сапасы зәрүр дәрежеде болған ҳалда мийнет қәрежетлери қанша аз болса, мийнет нәтийжелилиги сонша жоқары болады. Исбилермен (кәрхана ийеси) ушын ўақыт бирлиги ишинде ислеп шығарыў дәрежесине қандай ерискени емес, соның менен бирге ол қандай мийнет қәрежетлери менен тәмийинленгенлиги әҳмийетли есапланады. Мийнет қәрежетлери хызметкерлер саны ҳәм мийнетке төленген ҳақы қәрежетлери менен өлшенеди. Екеўи де жумыс ўақты менен өлшениўи мүмкин. Соның ушын да мийнет нәтийжелилигин анализленгенде ўақыт бирлиги ишинде жумсалған мийнет қәрежетлери де, соның менен бирге оның дүзилиси есапқа алынған ҳалда қарап та шығылады. Мийнет өнимдарлығын есаплаўда төмендегилерди тәмийинлеў мүмкиншилигин беретуғын методикасы идеал есапланыўы мүмкин (10.1-сүўрет). Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling