Ⱪоӊырат районы мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 22-санлы МШБШ үлкен топар тәрбияшысы Абдуллаева Сайраныӊ 9-МАЙ – ЕСЛЕЎ ҲӘМ ҚӘДИРЛЕЎ КҮНИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН
БАЙРАМ КЕШЕСИ СЦЕНАРИЯСЫ
Баслаўшы:
|
Сизди деп бизди деп ой ойлаған,
Пидәкерлик пенен жан аямаған,
Жасайды қәлбимиз төринде ҳәр дем,
Өлгеннен кейин де тири мәңгиге.
|
Әссалаўма әлейкум ҳүрметли мийманлар, әзийз балалар! Бүгин бақшамызда үлкен салтанат. Ғәрезсиз Өзбекстанымызда «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни. Ҳәр бир бул дүньядан өткен әжайып инсанларды еслеў бизиң инсаныйлық миннетимиз. Қала берди, өтмиш жыллар ҳеш кимниң ядынан шықпайды. Себеби, көксин жаўға қалқан етип, бизлерди тынышлық жолына жетелеген теберик атахан ҳәм анаханларымызға ҳәр қанша бас ийсек те кем.
|
Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни жаңлайды.
|
Баслаўшы:
|
Бизлер келешектиң мийрасхорлары,
Ҳасла урыс, апат керек емес бизге.
Амир Темур бабамыз руўхы мәдеткәр,
Қырыўшы қураллар керек емес бизге.
Қанша мәртлер өтти биймезгил дүньядан,
Абдулла Қадирий, Фитрат, Усманлар.
Қатаған қылынды өтти алымлар,
Мийрас қалды бизге қосық дәстанлар.
|
Бала:
|
Көктеги бийпаян байлықларға кән,
Кең пахта майданы мениң майданым,
Бас көтерсе жаў женшемиз дәрриў,
Тынышлыққа гиреў мениң ўатаным.
|
Балалар «Бул саған Ўатан» қосығын атқарады.
|
Баслаўшы:
|
Қәне, балалар, Ўатан ҳаққында қандай нақыл-мақаллар билесиз?
|
|
Do'stlaringiz bilan baham: |