Бала:
|
Ўатан босағадан басланады.
|
Бала:
|
Бүлбил шәменди сүйер, адам Ўатанды.
|
Бала:
|
Ана журтың алтын бесигиң,
Өз үйиң өлең төсегиң.
|
Ер балалар аяқ ойыны.
|
Бала:
|
Бир шегараң Сырға тутас,
Бири Әмиўдәрьяға,
Өзбекстан, Өзбекстан,
Дүньяға шық, дүньяға.
|
Бала:
|
Жыллар асар, жыллар асар,
Келмегенлер келсин.
Ийилгенлер турсын қайта,
Жылағанлар күлсин.
|
Бала:
|
Татыў болсақ, жақын болсақ,
Жаўымыз кем болған.
«Я Ўатан» деп мийнет қылсақ,
Бизге жеңис яр болған.
|
Балалар «Салют» қосығын атқарады.
|
Бала:
|
Жер жүзиндеги ағалар,
Сондай илтимас бар сизге,
Шығармаң қурал ақпасын қанлар,
Китап, ойыншық бериң бизге.
|
Бала:
|
Атылмасын оқлар, урыс болмасын,
Аспанда қуяш жайнап турсын,
Жасасын тынышлық, жасасын тынышлық.
|
Балалар «Андижан полкасы» ойынын атқарады.
|
Бала:
|
Ҳүр бахытлы заман ушын
Гүрескен бизиң бабалар,
Қәлбимизде мәңгиге
Бахтыяр бизиң балалар.
|
Бала:
|
Өмирлер бар
Әсирлерге тең болар.
Өмирлер бар
Жарытыўшы мисли нур.
|
Балалар «Бахытлы әўлад» қосығын атқарады.
|
Бала:
|
41-жыл июнь айы сәҳәрде,
Түн уйқысы гезер еди ҳәр тәрепте.
Сонда фашист қузғынлар ҳүжим баслады бирден,
От, бомба жаўылды елге көктен ҳәм жерден.
|
Бала:
|
Мениң бабам урыста,
Фашист пенен урысқан.
Берлинге шекем қуўып,
Оның ҳалың таң қылған.
|
Бала:
|
Ол урысқа киргенде,
Душпанлар қалтырайды.
Оның қайтпас көксинде,
Орденлер жылтырайды.
|
Балалар «Катюша» қосығын ҳәм «Яблочка» ойынын атқарады.
|
Бала:
|
Ел қәлбинде уллы инсанлар қалды,
Меникинен беккем ийманлар қалды.
Таслар ағып кетти, океанлар келди,
Абдулла Қадирий, Фитрат, Усманда,
Өзбек халқының әрманы қалды.
|
Балалар «Еслеў» қосығын атқарады.
|
Баслаўшы:
|
Ҳәзир балалар топарларға бөлинип, шаққанлықта күш сынасамыз. Күшли болған ҳәр қандай душпанды да жеңемиз.
1. Жүзин көрейин
2. Арқан тартысыў ойынларын балалар ойнайды.
|
«Роза гүл» аяқ ойыны.
|
Бала:
|
Естеликлер үстинде
Лалалар ашылыпты.
Жанларын пидә қылған
Онда әскер жатыпты.
Олар өз жанларын
Берди тынышлық ушын
Ана Ўатанымыздың
Гүллеп жайнаўы ушын.
|
Баслаўшы:
|
Ҳүрметли мийманлар, әзийз балалар усының менен 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»не бағышланған байрам кешемизди жуўмақлаймыз. Ўатанымыздың тынышлығы, оның гүллеп-жайнаўы жолында ҳармай-талмай хызмет ете бериўиңизге тилеклеспиз. Хош саў-саламат болың.
|
|
|
«Ҳәр дайым қуяш болсын» қосығы менен кеше жуўмақланады.
|