А бдулхамид чулпон (1897-1938)


Download 54.83 Kb.
Sana22.04.2023
Hajmi54.83 Kb.
#1381111
Bog'liq
АБДУЛХАМИД ЧУЛПОН




А БДУЛХАМИД ЧУЛПОН (1897-1938)
Әндижанлы өнермент Сулаймон молла Мухаммад Юнус улы шаңарағында 1897-жылы дүньяёға келди. Оған жақсы нийет пенен Абдулхамид деп ат қойды. Әкеси саўатлы, шайыр тәбият (Сулаймонкул “Расво”деген лақап пенен ғәзеллер жазған, ҳәтте топлам дүзген еди) адам болғанлығынан улының тәрбиясына айрықша итибар берди. Алдын мәҳәллесиндеги мектепте, кейин ала Әндижан ҳәм Ташкент қалаларындағы медреселерде оқыды. Кейин ала Әндижанда ашылған рус-тузем мектебинде де тәлим алды. Нәтийжеде Абдулхамид жаслығынан-ақ, араб, парсы, тәжик, түрк ҳәм рус тиллерин пуқта үйренди. Көркем әдебиятқа ықласы артты. 16-17 жасларында ҳәр тәреплеме терең билимли, жетик пикирли оқымыслы адам болып жетилиседи. Чулпонның социаллық-сиёсий искерлиги, тийкарынан, Октябрь революциясынан кейин басланған. У революцияны 20 жасында күтип алды. Бул пайытқа шекем Түркистанда белгили болған Бебхудий, Азизий, Авлоний, Мунаввар қары, Фитрат шығармалары ҳәм де қараслары менен танысып, сол пайытта көп шығатуғын газета-журналларды оқып, руўхый-ағартыўшылық ҳәрекетине ықлас қойды. Октябрь көтерилиси өзиниң түрли уранлары менен жас Чулпонды да өзине тартты хәм бул жолда әсте ақырынлық пенен хызметке етти.
Дәслеп «Иштирокиюн», «ТуркРОСТА», «Кизил байрок», «Туркистон», «Бухоро ахбори» газеталарында әдебий хызметкер, бөлим баслығы, жуўаплы редактор лаўазымларында иследи. 1924-1927-жылларда Москвада шөлкемлестирилген өзбек драмастудиясында өзбек тили ҳәм әдебиятынан оқытыўшылық ҳәм де аўдармашылық қылған. Ташкентке қайтып, театрларда ислеп, “Муштум” журналында да ислеген. ХХ әсирдиң 30-жылларына келип Чулпанның басында қара бултлар қойыўласты, ашықтан-ашық кемситиўлер басланды. Ақыры 1937-жылдың 13-июлинде НКВД хызметкерлери тәрепинен қамаққа алынып, 1938-жылдың 4-октябрь күни атып тасланды.
Абдулхамид Сулаймон улының дөретиўшилиги 1913-1914-жыллардан басланған. Оның ең биринши шығармалары “Садойи Туркистон”, “Садойи Фаргона”, “Самарканд” газеталары, “Ойина”, “Шуро” киби журналларда басылып турған. Дәслеп өзин «Каландар» деп танытқан шайыр кейин ала «Чулпан» лақабын таңлады ҳәм өмириниң ақырына шекем усы ат пенен дөретиўшилик етип, пүткил мәмлекетке белгили болды. Ол дөретиўшилигин гүрриң жазыў менен баслаған еди. Ҳәзирше “Садойи Туркистон” газетасының 1914-жыл 6-санында басылған “Курбони жахолат” гүрриңи Чулпон қәлемине тийисли болған ең биринши шығарма сыпатында тән алынған. Және усы жылы Чулпанның “Бой” деп аталған сахналық шығармасы да “Шуро” журналында дағазаланғанлығы туўралы мағлыўматлар бар.
Жазыўшының “Курбони жахолат” деп аталған биринши гүрриңинде жадидшилик идеяларында сай рәўиште руўхыйлық темасында жаратылған. Оның жас қахарманы Ешмурат билим алыўды Европа қалаларына барып оқыўды әрман етеди. Бирақ, әкесиниң қарсылығы себепли бул нийетине жете алмай өзин өлтиреди. Сол жылы жазылған “Доктор Мухаммадиёр” деп аталған романтик гүрриңинде де Түркистан жасларының шет еллерге барып оқып, ел-журтқа пайда келтиретуғын адамлар болып жетилисиўди әрман етеди.
Чулпан көбирек поэзияда дөретиўшилигин алып барады ҳәм бул өзбек поэзиясының абыройын және де бәлентликке көтерген, оған жаңаша түр ҳәм мазмун, жаңаша липәс кийдирген шайыр сыпатында белгили болды. Чулпанның биринши қосықлар топламы “Уйгониш”1922-жылда басылған. Буннан соң, избе-из “Булоклар”, “Тонг сирлари”, “Соз”, ”Кора доглар” киби топламлары жарыққа шықты. Жур” деп аталған қосықлар китабы қамалыўы мүнәсибети менен дүнья жүзин көрмеди, изсиз жоғалды.
Чулпан дәслеп революциялық хәдийселерден қосықлар жазды. Оларда миллетти, әсиресе халық мәпи жолында хызмет етиўге, ана Түркистанды гүллетиўге шақырды. Чулпанның “Халк”, “Гузал”, “Кунгил”, “Куз”, “Бинафша”, “Бузилган улкага”, “Мен ва бошкалар”, “Кузголиш”, “Алданиш”, “Эркинлик истаги” усаған қосықларында ғәрезсизлик үмити анық сәўлеленген.
Жигирманлы жылларда жаратқан қосықларында Чулпон колониализм тымсалы сыпатында “кисен” образына көп мүрәжат етеди. Оның тат басқан темирлеринде азып көрип атырған халықты қозғалыўға шақырады. Шайырдың бәрше қосықлары, гүрриң ҳәм мақалалары, роман ҳәм де драмалары оқыўшыға ғәрезсизлик сезимлерин сиңдириўге бай азық бере алатуғын шығармалар есапланады. Оларды үйрениў, шолып қарағанымызда жас әўлад санасында ғәрезсиз Ўатанға шексиз муҳаббатты көриўимизге болады.
Мәселен, 1921-жылы Бухарада жазылған (бул пайытта Чулпан Фитрат усынысы менен «Бухара ахбороти» газетасында жуўаплы редактор болып ислеп атыр еди) “Куз” қосығы әне усындай азаплы сезимлерге байлығы менен ажыралып турады. Сырттан қарағанда қосық тәбият сүўретине, гүз пасылының түрли реңлерин сүўретлеўге бағышланғанындай болады. Негизинде болса колониализм шынжырынан азап шегип атырған тутқын халықтың аўҳалы, оның бәҳәри таўсылып гүз пасылын басынан өткерип атырғаны дәрт пенен сәўлелендиреди.
Тәбияттың ҳәр қыйлы көринислери оқыўшы көз алдында қойыўласып, турмыстың анық көринисине айланады ҳәм бул көринис оны қорқынышқа салады, қәлбинде ишки бир сезим пайда етеди.
Шайырдың «Бузилган улкага» (1921-жыл, Әндижан) қосығы сол пайытта да кейин де үлкен шаў-шуўға себепши болды.
Чулпанның басына қара күнлер де әне усы қосық себепли түсти. Себеби, онда шайыр өзбек топырағында жүз берип атырған трагедиялы ўақыяларды ашық-айдын сүўретледи. Үлкеде әмелге асырылып атырған наҳақлықлар, әдилсизликлер, зорлықлар Чулпанның жаңа хүкиметтен күткен үмитлерин пушқа шығарады.
Әдилсизликке қарсы көтерилген халық перзентлери аяўсыз жазаланды, баспашылыққа қарсы гүресиў бәнесинде мийнеткеш халық басына не бир қара күнлер салынды.
Шайырдың “Бузилган улка” деп аталған қосығы атамасынан баслап ақырғы қатарларына шекем колониализмнинг жеркенишли сиясатын уллы бир батырлық пенен әшкаралап таслайды. Усы усы қорқынышлы сүўретлеўлер шайыр тәрепинен тоқып шығарылған деп болмайды:
Эй, тоглари кукларга салом берган зур улка, Нега сенинг бошинг узра куюк булут куланка? Кум-кук, гузал утлокларнинг босилгон, Устларида на пода бор, на йилки, Подачилар кайси дорга осилгон?
От минганда кушлар каби учкувчи, Эркин-эркин хаволарни кучгувчи, От чопганда учар кушни туткувчи, Учар кушдай ёш йигитлар каерда? Тог эгаси-сор бургутлар каерда?
Чулпанның “Жахон фотихлари чангалида эзилиб ётган Шарк улкаларига багишланади” деп эпиграф қойылған екинши топламы “Булоклар”дан орын алыған “Бузилган улкага” қосығы автордың өзи тәрепинен «дәстан» деп атама берилген.
Дәстан төрт бөлимнен ибарат. Туўры көлеми тәрептен (ҳәммеси болып 56 катар) дәстан деп белгилеўге ылайық емес, бирақ онда көтерилген машқала, сүўретлеўлер өзине тән Түркистан үлкесинде жүз берип атырған ўақыяларды кең көлемде ашық айдын сүўретлей алыўы оны лирик монолог тийкарына қурылған дәстан деўге арзыйды. Дәстанның ҳәр бир бөлими өзине тән көлем, ритмге ийе. Мәселен, биринши бөлим басынан ақырына дейин толық мәнистеги сораўға, екинши бөлим болса сораў тийкарында қурылған мүрәжатқа таянады.
Әҳмийетлиси, Чулпанның ҳәр бир қосығы инсанды пикирлеўге шақырады, сезимлерди өткирлейди. Сол себепли Чулпан лирикасы ҳаққында қанша айтсақта аз.
Чулпан дөретиўшилиги гүррин жазыўдан басланғанын жоқарыда айтып өткен едик. Шайыр “Курбони жахолат”тан кейин “Духтир Мухаммадиёр”, “Кор куйнида лола”, “Новвой киз” усаған он беске жақында гүрриңлер жазған.
Чулпан бизге қалдырған әдебий мийраслардың улыўмалық көлеми бир қанша мәлим болса да, айырымлары анықланыў басқышында турыпты. Соған қарамастан шайыр шығармалары үш томлығының баспадан шығарылыўы ҳам олардан екеўиниң оқыўшылар қолына тийгенлиги әҳмийетли ҳәдийсе болып, автор дөретиўшилиги ҳаққында пикир жүритиўге имканият берели. Атап айтқанда, 1-томда шайырдың «Ўзбек ёш шоирлари» (1922) топламына кирген 14 қосығы ҳәм «Уйғониш» (1922), «Булоқлар» (1923), «Тонг сирлари» (1926), «Соз» (1935) ҳәм түрли дәўир баспа сөзинде жарық көрген қосықлар жәми 252 қоық орын алған. Бул шайыр қосықларының түўел басылымы емес, әлбетте. Шайырдың 3 томлығының 2-томында оның белгили «Кеча ва кундуз» романы менен биргеликте түрли дәўирлерде баспадан шыққан 13 гүрриңи киритилген. Олар арасында 1914-жылда баспадан шыққан биринши гүрриңлери «Қурбони жаҳолат» хәм «Дўхтур Муҳаммадёр»дан бурынғы аўқам дәўиринде басылған «Килеўпатра» (1923) ға шекем бар.


ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТТЛАР



  1. https://uz.wikipedia.org/wiki/Abdulhamid_Cho%CA%BBlpon

  2. http://kun-uz.com/crp/ABDULHAMIDCULPON_crp/

  3. https://ziyouz.uz/ilm-va-fan/adabiyot/milliy-uygonish/begali-qosimov-abdulhamid-chulpon-1897-1938/

Download 54.83 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling