Абатбай дәЎлетов
Б. Тамақтың артқы жағынан көриниси
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
Б. Тамақтың артқы жағынан көриниси:
1-қалқан тәризли шемиршек; 2-жүзик тәризли шемиршек; 3-қалқан тәризли шемиршектиң жоқарғы бөлими; 4-қалқан тәризли шемиршектиң төменги бөлими; 5-шөмиш тәризли шемиршек; 6-тамақ үсти; 7- кегирдектиң ишки тәрепи. Солай етип ҳаўа ағымы өз жолында тосқынлыққа ушырайды. Ҳаўа басымы нәтийжесинде даўыс шымылдығы азлап ашылып, белгили көлемдеги ҳаўа шығады. Даўыс шымылдығы қатты тартылып турғанлықтан тағы да оның дийўаллары жақынласып, саңлақты киширейтеди. Кейин ҳаўа ағымының басы- мы менен және ашылып, белгили дәрежедеги ҳаўаны шығарады да, қайтып жақынласады. Бундай ҳәрекет оғада үлкен тезлик пенен избе-изли түрде қай- таланып отырады. Бул даўыс шымылдығының жоқарысындағы бослықларда ҳаўаның тербелисин пай- да етип, нәтийжеде даўыс келип шығады. Даўыс шымылдығының бундай ҳәре- 16 кетинен даўыс қатнасатуғын сеслер болған даўыссыз сеслер, үнли даўыссызлар, сонорлар жасалады. :шиншиден, даўыс шымылдығы босаңсып, бирақ ол киш- кене саңлақ пайда етиўи мүмкин. Бул жағдайда ҳаўа ағымы қыйынлық пенен, күш пенен өтип, даўыс шымылдығының дийўалын дирилдетиў нәтийжесинде шаўқымға тән болған дирилдини пайда етеди. Сөйтип даўыс шымылдығының бундай жағдайында адам сыбырлап сөйлеўи мүмкин. 3- сүўрет Кесесине кесилген тамақ 1-қалқан тәризли шемиршек; 2-шөмиш тәризли шемиршеклер; 3-даўыс шымылдығының ернеклери; 4-даўыс шымылдығы. Ерлер менен ҳаяллардың даўыс айырмашылығы олардың даўыс шымыл- дықларының өзгешелигине байланыслы болады. Қозғалыссыз турған ўақытта ерлердиң даўыс шымылдығының узынлығы орташа 1,5 см, ал ҳаяллардың даўыс шымылдығының узынлығы 1,2 см болады. Даўыс шымылдығы үлкен болған сайын даўыс пәс (жуўан даўыс), ал киши болған сайын бәлент (жиңишке даўыс) болады. Сонлықтан ерлер жуўан (ири) даўыслы, ҳаяллар жиңишке (май- да) даўыслы болып келеди. Сондай-ақ даўыстың бундай өзгешелиги даўыс шы- мылдығы мускулларының тартылып, керилип турыў дәрежесине де байланыс- лы болады. Әдеттеги сөйлеў ўақтында ерлердиң даўыс шымылдығының дирил- диси секундына 85 реттен 200 ге шекемги аралықта (85-200 гц), ҳаяллардың даўыс шымылдығының тербелиси болса 160 реттен 340 қа дейинги аралықта (160- 340 гц) болады. Адамның даўыс шымылдығы шама менен 40 гц тен 1700 гц аралығындағы тербелисти пайда етиў мүмкиншилигине ийе. 1 1 Буланин Л.Л. Фонетика современного русского языка. М., 1980, 21-бет. 17 Өкпеден шығып киятырған ҳаўа ағымы тамақтан кейин оның жоқарысында жайласқан жутқыншақ бослығына келеди. Жутқыншақ диаметри 3 см шама- сындағы жумсақ дийўалына ийе болған бослық болып, ол жаңғырық хызметин атқарады. Жутқыншақ жоқарысындағы еки саңлақ арқалы мурын бослығы ме- нен, ортасындағы саңлақ арқалы аўыз бослығы менен ҳәм төменде жайласқан саңлақ арқалы тамақ пенен тутасқан болады. Тилдеги сеслердиң жасалыўында тек бир сөйлеў ағзасы ғана қатнасып қой- майды, ал көпшилик сөйлеў ағзаларының хызмети нәтийжесинде белгили бир сес пайда етиледи. Ҳәр түрли сеслердиң жасалыўында, сеслик өзгешеликлердиң пайда етилиўинде аўыз бослығында жайласқан сөйлеў ағзаларының хызмети айрықша (4-сүўрет). Жоқарыда сеслер аўыз, мурын, жутқыншақ бослықлары- ның резонатор (жаңғырық) хызметин атқарыўы нәтийжесинде өзинше өзгеше- лигине ийе болады деген едик. Тилдеги сеслер айрықша жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының ҳәр түрли формаға ениўи арқалы өзлерине тән болған сеслик түрине ийе болады. Айтылажақ сестиң сыпатына байланыс- лы аўыз бослығының Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling