Абатбай дәЎлетов


Акустика - гректиң аkustiкоs


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet7/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

Акустика - гректиң аkustiкоs – «еситилиў» деген сөзинен алынған.
2
М.И. Матусевич. Введение в общую фонетику. М., 1959, 19-бет


11 
денениң турқы қаншелли үлкен болса ҳәм тығызлығы босаң болса, белгили 
ўақыт бирлигиндеги пайда болатуғын тербелис жийилигиниң муғдары аз бо-
лып, сес пәсең шығады. Керисинше, денениң турқы қаншелли киши болса яма-
са тығызлығы қатты болса, белгили ўақыт бирлигинде пайда болатуғын тербе-
лис жийилигиниң муғдары көп болса, сес бәлент шығады.
Ерлердиң даўыс шымылдығы ҳаяллардың даўыс шымылдығына қарағанда 
қалыңырақ ҳәм узынлаў, яғный турқы үлкенирек. Сонлықтан да ерлердиң 
даўысы пәс (жуўан) ҳаяллардың даўысы бәлент (жиңишке) болады.
Сес ырғағы герц пенен өлшенеди. Секундына бир толық тербелис бир герц 
(гц) болады. Егер де сес пайда етиўши дене бир секундта 300 рет жийиликте 
тербелсе (дирилдесе), онда 300 гц жийиликтеги сес пайда етиледи. Адамның 
қулағы шама менен 16 гц тен 20 мың гц аралығындағы жийиликтеги сеслерди 
еситиў уқыбына ийе болады. 16 гц еситилиўдиң ең төменги шегарасы, ал 
жоқарғы шегарасы адамның жас өзгешелигине қарай 20 мың гц тен төменлеўи 
мүмкин. 16 гц тен төменги жийиликте пайда етилген сес (мәселен, жер силки-
ниўде жер қыртысларының тербелиси) инфра сес, ал 20 мың гц тен жоқарғы 
жийиликтеги сес ультра сес деп аталады. Инфра ҳәм ультра сеслерди адам 
қабыл етиў уқыбына ийе емес. 
Сеслер тон (даўыс) ҳәм шаўқымнан жасалады. Избе-изли тәкирарланған 
тербелис нәтийжесинде пайда болған сес тон (даўыс), ал избе-изли тәкирар-
ланбаған тербелис нәтийжесинде пайда болған сес шаўқым деп аталады. 
Даўыслы сеслер тоннан, ал даўыссыз сеслер тийкарынан шаўқымнан ибарат 
болады.
Сес күши ҳаўа толқынының пәтине байланыслы болады. Сес күшиниң энер-
гиясы ҳаўа толқынының бағытына перпендикуляр түсирилип, 1 секундтағы 
1см
2
майданша менен өлшенеди. Басқаша айтқанда, сес күши тербелистиң ам-
плитудасынан
1
ғәрезли болады: тербелис толқынының амплитудасы қаншелли 
көбейсе, сес күши де соншелли күшейеди, керисинше, тербелис толқынының 
амплитудасының азайыўы менен сес күши де пәсейеди. Сес күши менен сестиң 
қатты ҳәм әстен айтылыўы арасындағы байланысты түсинип алыў зәрүр. Әдет-
те сес күши қаншелли жоқары болса, сес қатты айтылады деп саналады. Сестиң 
қатты я әстен айтылыўының сес күшинен ғәрезлилиги сес ырғағы менен де бай-
ланыслы болады. Өйткени бирдей күшке ийе болған, бирақ ҳәр түрли ырғақ пе-
нен айтылатуғын сеслер қатты я әстен айтылыўы жағынан ҳәр түрли болып 
қабыл етиледи.
Cес күшин өлшейтуғын бирлик децибел (дб) болады. Сестиң қатты я әстен 
айтылыўы сес күшине байланыслы өлшенеди. Еситиўдиң төменги шегарасы 0 
дб десек, жоқарғы шегарасы 13 дб болады. 
Сес тембри
1
сес тербелисиниң түрлери менен байланыслы болады. Сес 
толқынын пайда ететуғын тербелис қурамалы қубылыс болады. Мәселен, музы-
калық әсбаптың тарын алсақ, толық тербелиў менен бирге тардың жартысы, 
үштен бири, төрттен бири ҳәм т.б. бөлеклери де тербеледи. Усындай қурамалы 
1

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling