Абатбай дәЎлетов


  стинка, магнитафон пленкасы), соматикалық усыл (фото-рентген, палатограмма  сүўретлери), спектрографиялық усыл (спектрограммалар)


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet6/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

10 
стинка, магнитафон пленкасы), соматикалық усыл (фото-рентген, палатограмма 
сүўретлери), спектрографиялық усыл (спектрограммалар). 
 
§ 5. Фонетиканың изертлеў аспектлери ҳаққында түсиник 
 
Тил сеслерин үйрениў оғада қурамалы қубылыс. Сонлықтан сеслерди ҳәр 
түрли көз-қарастан изертлеў талап қылынады. Бириншиден, ең алды менен тил 
сеслик тил болғанлықтан тәбияттағы толып атырған басқа сеслер сыяқлы тил 
сеслери де өзиниң физикалық тәбиятына ийе болады ҳәм ол физикада үйрени-
леди. Бул тил сеслериниң физикалық аспекти болады. Екиншиден, сөйлеў ҳәм 
қабыл етиў адам тәрепинен иске асырылатуғын қубылыс. Сөйлеў белгили 
дәрежеде адам организминиң атқаратуғын хызмети болғанлықтан ол анатоми-
ялық-физиологиялық көз-қарастан қарап та изертленеди. :шиншиден, тил 
сеслериниң ең әҳмийетли жағы сонда, олардың жәрдеминде адам өз ой-пикирин 
баянлайды. Басқаша айтқанда, тил сеслери жәмийетте қатнас қуралы хызметин 
атқарады. Бул сеслердиң ең баслы тәрепи, социаллық (лингвистикалық) тәрепи 
болып табылады. Фонетика лингвистикалық илим сыпатында сеслердиң соци-
аллық тәрепине көбирек итибар береди. Соның менен бирге фонетика анаў я 
мынаў сеслик қубылысты дурысырақ ҳәм тереңирек түсиндириў ушын физика-
лық, физиологиялық материаллардан да пайдаланады.
Сеслердиң физикалық ҳәм физиологиялық тәреплериниң изертлениўиниң 
өзи олардың (сеслердиң) лингвистикалық хызметин ҳәр тәреплеме тереңирек 
үйрениўге бағдарланады.
 
§ 6. Фонетиканың акустикалық тәрепи. 
Тийкарғы акустикалық түсиниклер 
Тәбияттағы сеслердиң улыўма теориясы физиканың акустика
1
бөлиминде 
изертленеди. Тил сеслери тәбияттағы толып атырған басқа сеслер сыяқлы 
ҳаўаны тербелтип, оны толқын тәризли ҳәрекетке келтириў нәтийжесинде жа-
салады. Сес өтетуғын орталық ҳаўа кеңислиги болады.
Тил сеслери даўыс шымылдығының дирилдеўи ҳәм ҳаўа ағымының сөйлеў 
ағзалары дийўалларына тәсир етиўи нәтийжесинде пайда болады.
Сеслерге акустикалық жақтан сыпатлама бериўде сес ырғағы, сес күши, сес 
тембри, сеслердиң созымлылығы менен бирликте резонанслық қубылыслар 
көзде тутылады. Сес ырғағы белгили ўақыт бирлигиндеги пайда етилген ди-
рилдиниң муғдарына байланыслы болады.
2
 
Ўақыт бирлиги ретинде секунд өл-
шеми жумсалады. Дирилдиниң муғдары қаншелли көбейсе, сес ырғағы сон-
шелли күшейеди, керисинше, дирилдиниң муғдары қаншелли азайса, сес 
ырғағы пәсейеди. Сес ырғағын пайда етиўши тербелис жийилиги тербелиўши 
денениң массасына кери пропорционал, ал денениң тығызлығына (мәселен, 
тардың тартылыў дәрежеси) туўра пропорционал болады. Басқаша айтқанда, 
1

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling