Абатбай дәЎлетов


§ 4. Фонетиканың изертлеў усыллары


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet5/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 4. Фонетиканың изертлеў усыллары. 
 
1
Фонология - грек ше рiоnо – «сес, даўыс», логос – «илим» деген сөзлерден келип шыққан.



Фонетика анаў ямаса мынаў сеслик қубылысқа фонологиялық көз-қарастан 
қарайтуғын болса, ол тил билиминиң лексикология, морфология ҳәм синтаксис 
тараўлары қолланатуғын усыллардан пайдаланады. Айтайық, фонемалардың 
сөзлерде түрли комбинацияларда жумсалыўы, фонетиканың лексикология ҳәм 
грамматика менен байланысы, фонетикалық қубылыслардың өз-ара байланысы 
ҳәм т.б. жөнинде сөз етилгенде жанлы тилдиң фактлерине тийкарланылады.
Фонетикада тийкарынан еки түрли усыл - объективлик ҳәм субъективлик 
усыллар болып, олар бир-бирин толықтырып отырады. Әдетте сеслик қубы-
лыслардың сырларын еситиўимиз арқалы ҳәм сөйлеў ағзаларымыздың ҳәреке-
ти арқалы билиўге тырысамыз. Булай етип бақлаў жүргизиў субъективлик усыл 
тийкарында болады.
Әдетте аўызеки сөйлеў барысында ушырасатуғын көп ғана сеслик қубы-
лыслар сөйлеўши ҳәм тыңлаўшы тәрепинен елестирилмейди. Сөзлердеги сеслер 
бурыннан дәстүр бойынша қәлиплесип қалған көнлигиўлер тийкарында қабыл 
етиледи. Мысалы: ат, бет, от, өт сөзлериндеги т фонемасының төрт түрли 
екенлигин, балалар деген бир сөздиң өзиндеги биринши, ортаңғы ҳәм соңғы 
буўынлардағы а даўыслы фонемасының созымлылығы ҳәм акустикалық сыпа-
ты жағынан үш түрли екенин сөйлеўши де, тыңлаўшы да итибарға алмайды. 
Бундай сеслик айырмашылықлар фонетикада үлкен әҳмийетке ийе. Өйткени 
усындай ҳәр қыйлы сеслик айырмашылықлар кем-кем өткирлесип, келешекте 
жаңа фонема дөрелиўи мүмкин. «Сана саласына тиккелей еле өтпеген, физио-
логиялық ҳәм физикалық тараўда болып атырған айырым қубылыслар лингвист 
ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болыўы мүмкин. Өйткени ол қубылыс келе-
шек өзгерислердиң нышаны бола отырып, ўақыттың өтиўи менен тиллик ой-
лаўдың қарамағына өтиўи итимал»
ә
.
Тил сеслериниң тәбиятын толық билиў ушын субъективлик усыл еле жетки-
ликсиз. Объектив өмир сүриўши сеслик қубылыслар объективлик усыллар 
тийкарында изертлениўи зәрүр. Басқаша айтқанда, олар түрли экспериментлер 
жәрдеминде изертлениўи керек. Тил сеслерине қойылатуғын экспериментлер, 
әлбетте, экспериментальлық фонетикада изертленеди. Экспериментальлық фо-
нетика тил билиминиң фонетикасының айрықша тарийхый фонетика, салы-
стырма фонетика, сыпатлама фонетика сыяқлы тараўы емес, ал сеслик қубы-
лысларды ҳәр түрли әспаблар жәрдеминде изертлейтуғын усыл болып табыла-
ды.
Ҳәзирги дәўирде фонетикалық изертлеўлерде түрли аппаратлардың жәрде-
минде ғана анаў ямаса мынаў сеслик қубылыслар жөнинде анық жуўмаққа ке-
лиў мүмкин. Әсиресе сеслердиң айтылыўы ҳәм еситилиўи мәселелерин тексер-
генде эксперименталь усыл күтә зәрүрли болады. Өйткени «...ҳәтте нәзик 
сеслерди еситиўге үйренген, шыныққан қулақтың өзи сол сеслерди сол қәлипте 
емес, ал жеке ойлаўы негизинде көнлигиўи бойынша қабыл етеди»
1
 
деп жазған 
еди академик Л.В.Щерба. 
Экспериментальлық фонетикада тийкарынан төрт түрли усыл қолланылады: 
графикалық усыл (кимограмма, осциллограмма сызықлары), сеслик усыл (пла-
1
Щерба Л.В. Языковая система и речевая деятельность. Л., 1974, 137-бет.



Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling