Абатбай дәЎлетов


М.Дәўлетов - Филология илимлериниң докторы; О.Доспанов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet2/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

М.Дәўлетов - Филология илимлериниң докторы;
О.Доспанов - Филология илимлериниң докторы, профессор; 
Б.Қалиев - Филология илимлериниң докторы, профессор. 
 
 
 
 



 
Фонетика - тил сеслери ҳаққында илим
 
§1. Фонетиканың изертлеў объекти. 
Жәмийетте ең зәрүрли ҳәм оғада әҳмийетли хызметти - адамлар ортасында 
қарым-қатнас жасаў қуралы ўазыйпасын атқаратуғын тил сеслерден қуралады. 
Тилдиң өмир сүриўи, жасаўы сеслер арқалы болатуғынлығы, ойлаўымыздың 
тиккелей шынлыққа айланыўы тил арқалы, тил сеслери арқалы иске аса-
туғынлығы илимпазлар тәрепинен толық дәлийлленген еди. Тилдиң усы сеслик 
тәрепи ҳәм сеслерге байланыслы болған түрли қубылыслар тил билиминиң фо-
нетика тараўында изертленеди. Тилдеги сеслердиң жасалыўын ҳәм еситилиўин, 
сеслердиң қурылысын, түрли сеслик нызамларды (сингармонизм, сеслердиң 
алмасыўы, қысқарыўы, түсип қалыўы ҳәм т.б.), тилдиң буўын қурылысын, пәт 
нормасын, интонациясын фонетика илими изертлейди. Сондай-ақ сөзлердиң 
дурыс айтылыўы ҳәм жазылыў қәделери де фонетикаға байланыслы мәселелер 
болып саналады.
Тилдеги барлық сеслер тутас бир системаны қурайды. Бул сестиң тутас тил 
системасына киретуғынлығы оның тилдеги басқа сеслерге қатнасында, қарама-
қарсы қойылыўында, өз-ара салыстырылыўында анық көринеди. Тилдиң фоне-
малық қурылысын анықлаў, қанша даўыслы ҳәм даўыссызлардың өз алдына 
дара фонема хызметинде жумсалатуғынлығын, олардың сөз мәнисин ҳәм фор-
масын айырыўға қатнасын анықлаў айрықша әҳмийетке ийе болады. Сөзде гей-
пара жағдайлардың себебинен айырым сеслердиң түсип қалыў ямаса алмасыў 
қубылыслары ушырасады. Сондай-ақ қоңсылас сеслердиң, буўынлардың өз-ара 
тәсирине байланыслы, пәтке ҳәм тағы басқа фонетикалық жағдайларға байла-
ныслы сеслер белгили дәрежеде өзгерислерге ушырап, бир-бирине үйлесип ке-
леди. Мине, бундай қубылыслардың барлығы фонетиканың бирден-бир 
тийкарғы изертлеў объекти болып табылады.
Әлбетте, тил сеслери адамның сөйлеў ағзаларының тиккелей қатнасы 
арқалы жасалады. Сөйлеў ағзалары адамлардың биологиялық жақтан тириши-
лик етиў ушын керекли болған мүшелери хызметин атқарыў менен бирге олар-
дың(адамлардың) жәмийеттеги ең әҳмийетли қатнас қуралы болған тилди, сөй-
леўди пайда етиўши ағзалары болып та саналады. Тилдеги сеслер биринен соң 
бири избе-излик пенен айтылады, ал бир неше сести бир ўақытта теңинен айтыў 
мүмкин емес. Тилде айтылатуғын сеслер тәбияттағы толып атырған сеслердиң 
бир түри болып, олардың ҳәр қайсысы өзлерине тән акустикалық сыпатламасы-
на ийе болады. Сөйлеў ағзалары ҳәм олардың сеслерди пайда етиўдеги хызме-
ти, сеслердиң акустикалық тәрепи фонетикада изертленеди. Буўын, пәт, инто-
нация тил сеслери менен тығыз байланыслы болады. Оларды билдиретуғын ай-
рықша сеслер жоқ. Басқаша айтқанда буўын, пәт, интонация тилдиң материал-
лық тәрепи, физикалық формасы болған сеслерден бөлек турмайды. Керисин-
ше, олар тил бирликлери болған сеслер менен бирликте, сеслер арқалы тутас 
сөзлерде ҳәм гәплерде көринеди. Сонлықтан тилдеги сеслер арқалы жүзеге 
шығатуғын бундай қубылыслар да фонетикада изертленеди. 



Бизиң ҳәзирги жазыўымыз (кирилл, латын жазыўлары) сеслик жазыў болып, 
ҳәр бир сеслик тип - ҳәр бир фонема (гейде бирнеше фонемалар) қабыл етилген 
шәртли таңба менен белгиленеди. Әлипбедеги ҳәриплерден, барлық шәртли 
таңбалардан дурыс пайдаланып, сөзлерди ҳәмме бир қыйлы етип дурыс жазыў 
мәселелери көпшилик жағдайда фонетикаға байланыслы шешиледи. Сондай-ақ 
аўызша сөйлеў өз нормасына, өзгешелигине ийе болады. Аўызша сөйлеў муда-
мы жазыў менен сәйкес келе бермеўи мүмкин. Тилдиң аўызша ҳәм жазба 
тәреплери бир-бирине тығыз байланыслы болыў менен бирге олар айрмашы-
лықларға да ийе болады. Тилдиң аўызша сөйлеў нормалары, жазыў қәделери 
тиккелей фонетикаға байланыслы дүзиледи. Тилдиң аўызша ҳәм жазба 
тәреплери фонетиканың тиккелей изертлеў объектине киреди.

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling