Айланып атырған денеге тәсир етиўши орайдан қашыўШЫ


Download 1 Mb.
Pdf ko'rish
bet2/3
Sana07.05.2023
Hajmi1 Mb.
#1438011
1   2   3
Bog'liq
2 5246716539666696353

Дүзилисти орналастырыў 
Орайдан қашыўшы күшти өлшейтуғын дүзилис тутқышлы 
қысқышлар менен столға орнатылады. Жақтылықтың датчиги 
стерженли тирек пенен орнатылған болып оннан жүк еркин өте 
алатуғын болыўы керек. Орайдан қашыўшы күшти өлшейтуғын дүзилис 
В кириў клеммасына жалғанады. Жақтылықтың датчиги 6 полюслы 
кабель менен таймер корпусындағы А кириў sensor-Cassy ға жалғанады. 
Орайдан қашыўшы күшти өлшейтуғын дүзилис дерекке еки кабель 
менен жалғанады. Дүзилиске орайдан қашыўшы күштиң шамасын 15 Н 
нан артпайтуғындай етип кернеўди бериў керек. 
Жумыстың орынланыў тәртиби 
Параметрлерди орнатыў 

Айланыўшы ричаг тынышлықта турғанда орайдан қашыўшы 
күшти көрсетиўши экран 0 ди көрсетиў керек. Буның ушын орайдан 
қашыўшы күшти өлшейтуғын дүзилистиң программасындағы Settings 
Forse FB1 кнопкасын басып → 0 ← орнатылады (тышқаншаның оң 
тәрепи менен). 

Компенсациялаўшы жүклер дүзилистиң кысқа рычагына 
орнатылады ҳәм ол өлшениўши орайдан қашыўшы күштиң шамасына 
тәсир етпеўи керек. 



Мүйешлик тезлик 𝜔 ның ең төмен мәнисинен баслаң, өлшенген 
күштиң мәнисин 
кнопкасы менен кестеге жазың. 

Өлшеўлерди үлкен мүйешлик тезликлерде даўам етиң. 

Бир қанша өлшеўлер өткергенде m массаны өзгертип (r=const) ҳәм 
r қашықлықты өзгертип (m=const) өлшеўлер алып барың. Буның ушын 
MeasurementAppend New Measurement Series функциясын таңлаң 
ҳәм киши мүйешлик тезликлерден баслаң. 
 
Баҳалаў 
Ҳәр бир индивидуаллық өлшеўлер сериясынан кейин F күштиң ҳәм 
𝜔
2
тезликтиң мәнислериниң сызықлы байланыста екенлигин тексериң. 
Егер F ҳәм m (𝜔, 𝑟 − 𝑐𝑜𝑛𝑠𝑡), сондай-ақ F ҳәм 𝑟 (𝜔, 𝑚 − 𝑐𝑜𝑛𝑠𝑡) 
арасындағы байланысты анықламақшы болсаңыз, F күш турақлы 
мүйешлик тезликте анықланыўы керек. Буның ушын 𝜔
2
мәнисинен 
вертикаллық көшер өткеремиз ҳәм көшердиң F(𝜔
2
) графиги менен 
кесилискен ноқатларын анықлаймыз (сoordinate display буйрығын 
иске түсиремиз). Бул ноқаттың координаталарын екинши экранда 
алдыннан таярланған F(m) ямаса F(r) (кестеге тышқанша менен click 
буйрығына команда беремиз) кестесине жазың. Усындай жол менен 
керекли пропорционаллық коэффициент анықланады. Анықланған 
пропорционаллық коэффициентлер менен 𝐹 = 𝑚𝜔
2
𝑟 формуласы 
тексериледи. 

Download 1 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling