Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Мәжийтов Рахим


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet63/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   59   60   61   62   63   64   65   66   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

130
www.ziyouz.com kutubxonasi


Мәжийтов Рахим
1903-1977
Рахим Мәжийтов — қарақалпақ әдебиятында белгили 
дилмаш.
Ол 1903-жылы Қонырат районында туўылған. Өзинин, 
мийнет жолын 1921-жылы муғаллим болыўдан баслады. 
1923-25-жыллары Москвадағы Шығыс халықлары 
универ- 
ситетинде оқыды. Қоныратта районлық партия комитетинде 
бөлим баслығы (1925-28), Орайлык Атқарыў комитетинин 
инструкторы (1929-34қ Қарақалпақстан Республикасы Жо- 
қарғы судынын хаткери (1935-40) болып иследи. Екинши 
жәҳән урысына қатнасады хәм урыстан қайтқаннан сон 
“Қызыл Қарақалиақстан” газетасында иследи (1944-55). 
Өмиринин сонғы жыллары Өзбекстан Телеграф Агентлиги- 
нин Қарақалпақстан бөлиминде хызмет етти.
Ол көп ғана очерклер, пьесалар жазды. Онын “ Қара 
жүреклер” (сон “Тазагүл” деп агалды) (1932-46), “Бизин 
ант” (1944) пьесалары театр сахналарында қойылды. Ол Б. 
Горбатовтын “Бойсынбағанлар” (1950), Крыловтын “Тан- 
ламалы тымсаллары” (1952), А.Гайдардын “Тимур ҳәм онын 
командасы” шығармаларын қарақалпақтилине аўдарған.
Р. Мәжийтов Өзбекстан хәм Қаракалпақстан Республика- 
лары Жоқарғы Кенесинин Ҳүрмет жарлықлары менен сый- 
лықланған.
Р. Мәжийтов 1935-жылдан Жазыўшылар аўқамыныц 
ағзасы.
131
www.ziyouz.com kutubxonasi


Мәмбетов
Камал
1940-2001
Камал Мәмбетов — әдебиятшы алым 
хәм жазыўшы. К. Мәмбетов 1940-жьшы 14- 
майда Кегейли районындағы М. Жуманазаров атындағы ижа- 
ра хожалығында туўылған. Ол 1963-жылы Ташкент мәмле- 
кетлик университетин питкерип, “Совет Кдрақалпақстаны” 
газетасында (1963-64), пединститутта окытыўшы (1967-72), 
“Өзбеккинохроника” студиясынын Қарақалпақстан бөли- 
минин директоры (1972-74), Қаракалпакстан телевидениеси 
хәм радио еситтириў комитети баслығынын орынбасары
Нөкис мәмлекетлик университетинин доценти, кафедрабас- 
лығы, факультет деканы (1976-86), усы оқыў орнынын рек- 
торы (1986-88), “Ҳәзирги қаракалпақ әдебияты ҳәм әдебият 
теориясы”кафедрасынын баслығы ўазыйпаларында ислеген. 
К. Мәмбетов 1969-жылы “ Қарақалпақ жазба поэзиясында 
Шығыс классиклеринин дәстүри” деген темада филология 
илимлеринин кандидаты, 1984-жылы“Кдракалпакәдебияты- 
нын пайда болыўы ҳәм қәлиплесиў дәреклери” деген темада 
докторлық диссертациясын жаклады. Онын “ Гөжек” 
(1965),“Тырналар”(1975), “Бахтын болсьш Арыўхан!” (1976), 
“Шакасындаемес, тамырында” (1976), “Аўыл танлары” (1977), 
“Көкшийел” (1977), “Имтихан” (1978), “Москвадан келген 
кыз”(1979), “Мен оны сүйер едим” (1982),“Мухаббатҳәм әжел” 
(1995) сыяклы повестьлери жәрияланды. Ол прозанын көлемли 
саласында “Бозатаў” (1986), “Поскдн ел” (1988), “Ҳүждан” (1991), 
“Туркстан” (1993) романларын дөретти. “Посқан ел” романы 
ушын жазыўшы Қаракалпакстан Республикасынын Бердақ 
атындағы мәмлекетлик сыйлығынын лауреаты болды. Ол 
“Қаракалпақстан Республикасына мийнети синген илим ғай- 
раткери”, “Қаракалпакстан халыкжазыўшысы” деген хүрмет- 
ли атакларға ийе болды. К. Мәмбетов Қаракалпақстан Респуб- 
ликасы Жоқарғы Кецесиницдепутаты болып сайланды.
Ол 1982-жылдан Жазыўшылар аўкамынын ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   59   60   61   62   63   64   65   66   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling