Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары
Download 5.91 Mb. Pdf ko'rish
|
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)
Нуржанов
Пердебай 1963 Пердебай Нуржанов—әдебият изертлеўшиси хәм сыншы. П. Нуржанов 1963-жылы 25-мартта Шымбай районында туўылған. Орта мектепти тамамлағаннан сон, Бердак атындағы Кара- калпақ мәмлекетлик университетинин филология факульте- тинде оқып билим алады. Мийнетжолын 1985-жылы Өзбекстан Республикасы Илим- лер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Н. Дәўкараев атын- дағы Тил хәм әдебият институтынын киши илимий хыз- меткери ўазыйпасынан баслады. 1989-93-жыллары Москвадағы М.Горький атындағы жер жүзлик әдебият институтында аспирантура курсында окыған. 1994-жылы “Т.Қайыпбергеновтын “Қаракалпақ дәстаны” қарақалпақ әдебиятында биринши тарийхый трилогия” ата- масындағы кандидатлық диссертациясын жакдаған. Ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмле- кетлик университетинин филология факультетинде оқытыў- шы болып ислеп атыр. Онын “Сверяя с народной памятью” (1994), “Дәўир тала- бы хәм көркем әдебият” (1993), “Ғәрезсизликдәўирдеги кара- қалпақ прозасы” (“XX әсир қарақалпақ әдебияты” сабағы ушын қосымша оқыў қолланбасы) (2003), “Ҳәзирги қарақал- пақ романы поэтикасы ( композициялық ҳәм жанрлық-стил- лик өзгешеликлери)” (2008), “Ҳәзирги қаракалпақ романы (сю- жет ҳәм конфликт поэтикасы)” (2009) илимий китаплары басылып шықты. Ол 5-класс ушын “Әдебият” (2007) сабақ- лығыньщ авторларынын бири болды. П. Нуржанов 1998-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. 146 www.ziyouz.com kutubxonasi Нурлепесова Гүлнара 1961 Гүлнара Иурлепесова - шайыр ҳәм журналист. Г. Нурлепесова 1961-жылы 5-июньда Қараөзек районын- да тууылған. Усы райондағы И. Арзыўов атындағы орга мектепти табыс- лы тамамлағаннап сонТашкенг мәмлекетлик университети- нин журналистика факультетинде билим алады. Өзинин дөретиўшилик мийнет жолын “Жас Ленинши” (хәзирги “ Қарақшзпақстан жаслары”) ғазетасынан баслайды. Дәслеп арнаўлы хабаршы, сон бөлим баслығы (1980-1994) болып ислеген. 1994-жылы усы газетада хәм баспасөз бетле- ринце жәрияланган публицистикалык шыгармалары ушын Кдрақалпақстан жаслар аўқамы сыйлығынын лаурсаты болды. 1994-98-жыллары “ Карақалпақстан хаўазы” газетасында жуўаплы хаткер, бас рсдактор орынбасары, 1998-жылдан бас- лап республика балалары хәм жас өсгшримлеринин “Жет- киншек” газетасында бас редактор, 2010-жылдан Нөкис қаласы хәкиминин орынбасары, ҳаял-қызлар комитетинин баслығы болып жумыс ислеп атыр. Онын “Кайлардасыз, гүмис булақлар?!”, “Ҳасла нашардемен бизди, ағалар” аглы еки қосыклар топламы баспадан шықгы. 1999-2004-жыллары хәм 2005-2009-жыллары Нөкис қалалық Кецесинин депутаты болып сайланған. Г. Нурлепесова 2005-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. Download 5.91 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling