Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


 4 9 www.ziyouz.com kutubxonasi Нурымбетов


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet73/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

1 4 9
www.ziyouz.com kutubxonasi


Нурымбетов
Садық
1900-1972
Садык Нурымбетов — атаклы халық шайыры.
С. Нурымбетов 1900-жылы Кегейли районынын аймағын- 
да туўылған. Онын шайыршылығынын қәлиплесиўинде аға- 
сы-белгили шайыр Сыдық Токпан улынын тәсири күшли 
болған. Халык шайыры 1939-жылы Карақалпақстаннын пай- 
тахты Төрткүлге шақыртылып әдебиятымызға жақыннан ара- 
ласыўға мүмкиншилик табады, басқа да жазыўшы-шайырлар 
менен бирге Москва, Ташкент калаларында болады.
Шайырдын косыкдары 20-жыллардан баслап-ак халык 
арасына таркала баслаған. Садык шайырдын “Бизин ўатан” 
(1940), “Женимпаз халык” (1942), “ Батырлар алға” (1944), 
“Бахтыяр” (1950), “Түлкишек” (1956), “Фархад” (1958, 1978), 
“Жипекши Жаныл” (1961), “Жана заман жырлары” (1962), 
“Кдналаслар” (1968) деген топламлары басылып шыкты. Бун- 
нан тыскары шайыр Шығармаларынын еки томлығы 
(1971,1972) жәрияланды.
С. Нурымбетов “ Карақалпақстан халықшайыры” (1942), 
“Өзбекстан халық жыршысы” (1957) деген хүрметли атақка 
ийе.
Ол орденлер, медальлар ҳәм Өзбекстан, Қаракалпақ- 
стан Республикасы Жокарғы Кенесинин Ҳүрмет жарлық- 
лары менен сыйлыкданды.
С. Нурымбетов 1939- жылдан Жазыўшылар аўкамынын 
ағзасы.
150
www.ziyouz.com kutubxonasi


Нурметова
Зулайха
1950
Зулайха Нурметова — шайыр.
3. Нурметова 1950-жылы 6-майда Хорезм қаласынын Ян- 
гиарык районында туўылған.
Орта мектепти тамамлағаннан сон, 1974-жылы Хорезм 
мәмлекетлик педагогикалық институтынын филология фа- 
культегин сырттан оқып питкерди.
Мийнет жолын Төрткүл мәмлекетлик банкинде экономист- 
бухгалтер болып ислеўден баслайды.
Сонынан орта мектепте өзбек тили ҳәм әдебияты муғал- 
лими (1977-78), Елликкала районы газетасында хабаршы, бөлим 
баслык, редактор орынбасары болып ислеген.
Ҳәзирги ўакытта “Давр кўзгуси” газетасынын бас редак- 
торы болып ислейди.
3. Нурметованын “Элликқалатаронаси” (2002), “ Истик- 
лол илҳомлари” (2006) қосыклар топламы китап болып 
шыкты.
3. Нурметова “Қарақалпақстан Республикасына мийнети 
синген журналист” (1998) атағына ийе.
3. Нурметова 2006-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling