Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары
www.ziyouz.com kutubxonasi Насруллаева
Download 5.91 Mb. Pdf ko'rish
|
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Нәжимов Турдымурат 1914-1988
142
www.ziyouz.com kutubxonasi Насруллаева Зайтуна 1929-1988 Зайтуна Насруллаева — әдебиятшы алым ҳәм сыншы. З.Насруллаева 1929-жылы 12-апрельде Төрткүл қаласында туўылған. Ол 1950-жылы Қарақалпақмәмлекетлик пединсти- тутын тамамлап, аўыл хожалықтехникумында муғаллим, Таш- кенттеги Низамий атындағы пединститутта оқытыўшы (1951- 54), Қарақалпақ мәмлекетлик пединститутында окытыўшы (1956-59), Қарақалпақстан мәденият министринин орынбаса- ры (1962-64), мәденият министри (1964-65) хәм өмиринин акырына шекем Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, тил хәм әде- бият институтында илимий хызметкер, сектор баслығы болып ислейди. Алым ҳәм сыншы 1962-жылы “ Қарақалпақ әдебия- тында ҳаял-кызлар образы” деген темада филология илимле- ринин кандидаты,1982-жылы “Қарақалпақ прозасында тип хәм характер проблемасы (машқаласы) ” деген темада док- торлықдиссертациясын жаклады. Оныц илимий сын мақала- лары 50-жыллардыц орталарынан баслап жәрияланды. “Қара- қалпақ әдебиятында ҳаял-қызлар образы” (1963), “Герой со- временной каракалпакской прозы” (1976), “Каракалпакия — мой край родной” (1979), “Проблема типа и характера в совре- менной каракалпакской прозе” (1984) деген китаплары басы- лып шыкты. Ол “Қарақалпақәдебияты тарийхынын очеркле- ри” (1968) деген китаптьщ авторларынын бири. З.Насруллаева “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сицген илим ғайраткери” деген хүрметли атақка ийе. З.Насруллаева 1979-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. 143 www.ziyouz.com kutubxonasi Нәжимов Турдымурат 1914-1988 Турдымурат Нәжимов 1914-жылы 1-августта Тахтакөпир районында туўылған. Мийнет жолын аўыллык мектепте му- ғаллим болып ислеўден баслады, жоқары партия мектебинде оқыды, 1935-36-жыллары районлық жаслар комитетинде исле- ди. 1939-жылы Ташкенттеги Низамий атындағы педагогика- лық институтты тамамлап, Нөкис қаласында мектеп директо- ры болды. 1940-43-жылларыекиншижәҳәнурысына катнасты, фронт- тан қайтканнан соц Тахтакөпир районында билимлендириў бөлиминип баслығы, районлық газетанын редакторы. Таш- кентте партия мектебинин тынлаўшысы, Каракалпақстан Министрлер Кенеси жанындағы мәденият ислери басқарма- сында, 1951-жылдан өмиринин ақырына шекем “Карақалпақ- стан” баспасында аға редактор болып иследи. Онын “Женис жолында” (1952), “Женис ҳаўазы” (1954), “Жана жер үстинде байрақ” (1955), “Кызлар қосығы” (1958), “Жаўынгерлик жьпшары” (1968), “Бүркит” (1970) сыяқлы топ- ламларда гү рринлери ҳәм повестьлери жәрияланды. Жазыўшы- нын “Жана қоныс” (1972), “Кызыл қум қойнында” (1976), “Отлы дәрья” (1979), “Новгород ярмаркасы” (1983) романла- ры ҳәм “ Еки дос” (2007), “Өтмиштен елеслер” (2009), “Песня девушек”, (2009) “Схватка с тиграми” (2009), “Инжигүл” (2010) китаплары басылып шықты. Т. Нәжимов “Каракалпак- стан Республикасына мийиети синген мәденият хызметкери” (1974), Жаўынгерлик медалг, Өзбекстан ҳәм Карақалпакстан Республикасы Жоқарғы Кгнесинин Ҳүрмет жарлықлары ме- нен сыйлыкланған. Онын шығармалары өзбек, рус тиллерине аўдарылған. Т. Нәжимов 1954-жыл; »н Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. Download 5.91 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling