Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Нурмухаммедов


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet72/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   68   69   70   71   72   73   74   75   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

147
www.ziyouz.com kutubxonasi


Нурмухаммедов
Марат
1930-1986
Марат Нурмухаммедов — каракдлпак, әдебияттаныў 
илиминде биринши академик-сыншы.
М. Нурмухаммедов 1930-жылы 6-январьда Төрткүл 
каласында туўылған. Ол 1950-жылы Кдракалпак мәмлекетлик 
пединститутын питкерип, Москвддағы Шығыстаныў институ- 
тыньщ аспирантурасында окыды, сонынан Кдракалпақстан 
экономика хәм мәденият инстйтутында аға илимий хызметкер, 
бөлим баслығы, директордын орынбасары лаўазымында ислеў 
менен бирге “Әмиўдәрья” журналынын бас редакторы
Жазыўшылар аўқамынын баслығы ўазыйпаларын коса 
аткарды, Өзбекстан Илимлер Академиясынын Каракалпакстан 
филиалынын баслығы, областьлык партия комитетинин 
секретары, Өзбекстан Илимлер Академиясынын академик- 
секретары, А. С. Пушкин атындағы Тил ҳәм әдебият 
институтынын директоры, Академиянын вице-президенти, 
“ Өзбекстан жәмийетлик илимлери” журналынын бас 
редакторы, кайтадан академик-секретар болып иследи.
М. Нурмухаммедов 1953-жылы “ Кдракалпақәдебиятынын 
раўажланыўына рус әдебиятынын тәсири” деген темада 
филология илимлеринин кандидаты деген илимий дәрежени 
алыўушын, 1965-жылы “Кдрақалпакпрозасынынраўажланыў 
жоллары” деген темада докторлык дәрежени алыў ушын 
диссертациялар жаклады. Алым 1966-жылы Өзбекстан 
Илимлер Академиясынын хабаршы-ағзасы, ал 1974-жылы усы 
Академиянын академиги болып сайланды.
М. Нурмухаммедов Нөкис мәмлекетлик университетинин 
ректоры болып иследи. Ол 1986-жылы Түркиянын Измир 
каласы жанында автомобиль апатынан қайтыс болды.
148
www.ziyouz.com kutubxonasi


М- Нурмухаммедовтын “Қарақалпак әдебиятынын раўаж- 
ланыўына рус әдебиятынын тәсири”(1956), “Қарақалпақ 
әдебияты тарийхынын кысқаша очерки”(1959), “Қаракалпак- 
рус мәдений байланыслары тарийхынан” (1974), “Қарақалпақ 
совет ирозасы»(1957), «Ҳәзирги заман карақалпақ прозасы» 
(1968), «О зарождении письменной литературы и полуоседлых 
и кочевых тюрко-язычных народов средней Азии и Казахстана» 
(1970), “Халыклар тэғдири- әдебият тәғдири” (1980), 
“Аяпбер1ен М уўсаев” (1981), “ Бердақ — қарақалп ақ 
әдебиятынынтийкарын салыўшы” (1978), «Шығармаларынын 
еки томлығы» (1983-1985) сыяқлы монографиялары жарық 
көрди.
М. Нурмухаммедов Пушкин шығармаларынын Орга Азия 
халыкларынын фольклоры менен байланысын изертлеўге 
арналған “Пушкин хәм Орта Азия халыкдарынын фольклоры”, 
“ Пушкин, Орынбор ҳәм орынборш ы лар” (1981-1983) 
китапларын жазды ҳэм бастырып шығарды. Ол көплеген 
әдебият бойынша басылымларға басшылықетти, онын бир 
катар шығармалары өзбек, рус, венгер, инглиз, турк тиллеринде 
жәрпялан/ғы. М. Нурмухаммедов Берлин, Бомбей, Мадрас, Бодонья, 
Галле, Бағдат, Стамбул қалаларында жәмийетлик илимлер, 
әдебият бойынша баянатлар иследи.
Ол мәмлекетлик орден ҳәм медаллар, сондай-ақ, Өзбекстан 
ҳәм Қарақалпакстан Республикасы Жокарғы Кенесинин 
Ҳүрмет жарлыкдары менен сыйлыкланған, бир неше мәртебе 
Караюшпақстан ҳәм Өзбекстан Республикасы Жокарғы 
Кенесине депутат болып сайланды.
Ол Қ арақалпақстан (1973) ҳәм Ө збекстан (1980) 
Республикасына мийнети синген илим ғайраткери ҳүрметлм 
атағына ийе ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бердақ, 
Өзбекстан Республикасы Беруний атындағы мәмлекетлик 
сыйлыкдардын лауреаты еди.
М. Нурмухаммедов 1955-жылдан Жазыўшылар аўқамыньщ 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   68   69   70   71   72   73   74   75   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling