Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet88/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

1951-2011
Сәрсенбаев
Өтебай
Өтебай Сәрсенбаев — шайыр.
Ө. Сәрсенбаев 1951-жылы 3-октябрьде Кегейли райо- 
нындағы ҳәзирги Ж. Ҳабибуллаев атындағы ширкет хожалы- 
ғында туўылған.
Ол Карақалпақ мәмлекетлик пединститутын питкерип 
муғаллим болып ислейди.
Сонынан Өзбекстан педагогикалық илим изертлеў ин- 
ститутында илимий хызметкер, “Жас Ленинши” (хәзирги 
“Каракалпақстан жаслары”) газетасында хабаршы, “Кара- 
қалпақстан” баспасында аға редактор, сонынанусы баспата 
көркем әдебиятлар бөлимин басқарды.
Шайырдын “Ассалам, жайлаўым” (1985), “Жүрек тебре- 
нислери” (1982), “ Қайдасыз, аққуўым” (1984), “Характер” 
(рус тилинде, 1988), “Саманбайдын балалары” (1990), “Шын- 
қобыз”, “Жанабазар әпсаналары” (1992) деген топламлары 
басылып шыкты.
Ө. Сәрсенбаев 1983-жылдан Жазыўшылар аўкамынын 
ағзасы.
181
www.ziyouz.com kutubxonasi


1955
Сәтбаев
Оразбай
Оразбай Сәтбаев — шайыр.
Ол 1955-жылы Кегейли районынын Жалпакжап аўылын- 
да туўылған.
1972- жылы орта мектепти питкереди, 1983-жылы Таш- 
кенттеги рус тили хәм әдебияты институтын тамамлаған- 
нан сон “ Еркин Карақалпакстан” газетасында дәслеп әде- 
бий хызметкер, ҳәзир бөлим баслығы 
болып 
ислеп 
киятыр. «Карақалпакстан Республикасына мийнети синген 
журналист».
О. Сәтбаевтьщ “Дәслепки кар” (1988), “Ай сығалайды” 
(1992), «Дөнбекшиген дүньясан» (1995), “Тырналар” (1997), 
“Салдым сүўретинди сезимлериме” (2009), «Өмир дәптери» 
(2010), атлы поэзиялык китаплары басылып шыккан, “Ев- 
ропа хәм Океания халык ертеклерин” (1992) қаракал- 
пак тилине аўдарған.
О. Сәтбаев 1993-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.
182
www.ziyouz.com kutubxonasi



Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling