Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet91/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   87   88   89   90   91   92   93   94   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

Сейтжанов
Тәжетдин
1924-1998
Тәжетдин Сейтжанов—шайыр ҳәм драматург.
Т. Сейтжанов 1924-жылы 5-майда Кегейли районында 
туўылған. 1942-жылы екинши жәхэн урысына атланады ҳәм 
жаракатланып 1945-жылы кайтады. 1948-жылы Қаракалпақ 
Мәмлекетлик пединститутын тамамлады. Мектеп дирек- 
торы, районлы к жаслар комитетинин биринш и хат- 
кери лаўазымында иследи.
Ол 1952-54-жыллары Ташкентте 
партия мектебинде 
окыды. Оны питкерип келген сон “Жас Ленинши” газе- 
тасында, радиокомитетте аға редактор, Областьлык партия 
комитетинде инструктор, “Әмиўдәрья” журналынын бөлим 
баслығы, мәмлекетлик филармониянын директоры, кала- 
лык мәденият бөлиминин баслыгы, “Совет Қаракалпак- 
станы” газетасында, мәмлекетлик телевидение хәм радио 
еситтириў комитетинде баслыктын орынбасары болып ис- 
леди. 1986-жылдан Жазыўшылар аўқамында хызмет етти.
Т. Сейтжановтын дәслепки косықлары 40-жыллардын 
акырларында жәриялана баслады. Шайырдын “Азамат 
жыры” (1955), “Зийба” (1959), “Кднатлы жаслык” (1960), 
“Айна алдындағы сөз” (1965), “Бәҳәр сени сағынды” (1975), 
“Мухаббатнама” (1976), “Өмирфилософиясы” (1979), “ Менин 
арифметикам” (1983), “Тасқын” (1990) сыякды поэзиялык 
топламлары басылды.
Драматургия тараўынаа Т. Сейтжановтын “ Қырлы соқ- 
паклар” (1958), “Тынымсыз толкынлар” (1964), “ Күйгелек 
көзли яр” (1959), “Жалын” (1969), “Абу Райхан Беруний” (1973) 
пьесалары сахналастырылды.
186
www.ziyouz.com kutubxonasi


Ол Некрасовтын. “ Руста ким жаксы турады?”, “Рус хаял- 
лары” поэмаларын ҳәм Шевченко, Назым Ҳикмет, Расул 
Ғамзатов шығармаларын қаракалпак тилине аўдарған.
Онын рус хәм өзбек тиллеринде топламлары басылған.
Т. Сейтжанов “ Қарақалпакстан халык шайыры” (1974), 
“Каракалпакстан Республикасына мийнети синген мәденият 
хызметкери” (1969).
Ол “Данк” ордени, медальлар, Өзбекстан хәм Қарақалпак- 
стан Республикасы Жокарғы Кенесинин Ҳүрмет жарлыкла- 
ры менен сыйлыкланған.
Т. Сейтжанов 1955-жылдан Жазыўшылар аўкамынын 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   87   88   89   90   91   92   93   94   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling