Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet93/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

Сейтмамутов
Тәжиахмет
1905-1971
Тәжиахмет Сейтмамутов—шайыр.
Т. Сейтмамутов 1905-жылы Шымбай районындағы Бес- 
жап аўылында туўылған. Ол Төрткүл педтехникумын питке- 
рип Тамды районында милиция бөлиминин баслығы, Шым- 
байда жаслар комитетинин хаткери болды, Ташкенттеги ре- 
дакторлардьщ курсын питкерди, “ Қызыл Қаракалпақстан” 
газетасында редактордын орынбасары, редактор болып иследи. 
Партия институтында окыды, Шымбай районлық партия ко- 
митетинде бөлим баслығы, мәденият ислери баскармасында, 
“Совет муғаллими” газетасында редактор болып хызмететти.
Т. Сейтмамутов екинши жәхән урысынын катнасыўшысы, 
ол урыстан сонғы жыллары Областьлық партия комитетинде 
инструктор, кейинги жыллары өмиринин ақырына шекем 
“Совет Қаракалпақстаны” газетасында иследи. Шайырдын 
дәслепки шығармалары 20-жыллардын ақырында жәрияла- 
на баслады. Онын “Кабыл қаллаш” (1928), “Азат кыз” (1938) 
пьесалары сахнаға койылды. Шайырдын “Саўға” (1933), 
“Кдракөл” (1930), “Қахарман” (1946), “Сүйемен” (1956), “Өмир 
йошы” (1963), “Жетимнен жетилгенлер” (1991) деген топлам- 
лары баспадан шықгы.
Т. Сейтмамутов “Данк” ордени хәм медальлар, Кдрақал- 
пақстан Республикасы Жоқарғы Кецесинин Ҳүрмет жар- 
лықлары менен сыйлыкданған. Ол “Өзбекстан Республика- 
сына мийнети синген мәденият хызметкери” деген хүрметли 
атаққа ийе еди.
Т. Сейтмамутов 1934-жылдан Жазыўшылар аўқамынын 
ағзасы.
190
www.ziyouz.com kutubxonasi


Сейтназаров
Ғалым
1927-1994
Ғ. Сейтназаров — шайыр хәм жазыўшы.
Ғ. Сейтназаров 1927- жылы Тахтакөпир районында туўыл- 
ған. Ол 1943-жылдан баслап баслаўыш класста муғаллим бол- 
ды, ал 1944-жылы муғаллимлер курсын, 1947-жылы Алма- 
Атада журналистика курсын питкерди. Сонынан районлык 
газетада, “Жас Ленинши” газетасында, Республикалық ра- 
диокомитетте бас редактор, Карақалпақстан Жазыўшылар 
аўкамында жуўаплы хаткер, хүрметли дем алысқа шыкканға 
шекем мәмлекетлик телевидение хәм радио еситтириў ко- 
митетинде иследи (1964-90).
Ғ. Сейтназаровтьщ шығармалары 50-жыллардын орта- 
ларынан баслап жәрияланды. Оньщ “Биринши дәптер”
(1960), “Ерлик белгиси” (1961), “Разливтеги қос” (1968), 
“Сырласыў” (1977), “Темир казық” (1982), “Я иду” (1983) 
деген поэзиялық топламлары, “Қызыл кум новеллалары” 
(1962), “Бизин аўыл” (1960), “Даўыллар арасында” (1976), 
“Жалғыз атлы” (1993), “Бөгет” (1995) повестьлер китабы 
басылып шықты. Оньщ бир катар шығармалары Москвада 
рус тилинде жәрияланды.
Ғ. Сейтназаров “Өзбекстан Республикасына мийнети синген 
мәденият хызметкери” (1977) ҳәм “Қарақалпақстан Респуб- 
ликасына мийнети синген мәденият хызметкери” (1969) 
Хүрметли атакларына ийе еди. Ол Өзбе сстан хәм Қаракал- 
пақстан Республикасы Жоқарғы Кенесинмн Ҳүрмет жарлығы 
менен сыйлыкданған.
Ғ. Сейтназаров 1953-жылдан Жазыўшылар аўқамынын 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling