Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet15/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

Әбдирахманов
Оразбай
1949
Оразбай Әбдирахманов—жазыўшы.
1949-жылы 29-августта Кегейли районында туўылған.
Хожели қаласындағы мектепте оқып, Ташкент Миллий уни- 
верситетинин журналистика факультетин (1973) тамамлаған.
Ол “Жеткиншек” газетасы, “Әмиўдәрья” журналында әде- 
бий хызметкер, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер, Жазыўшылар 
аўкамында әдебий мәсләҳәтши, “Қарақалпакфильм” кино- 
студиясында директор, Карақалпакстан Руўхыйлық ҳәм ағар- 
тыўшылык орайы баслығы орынбасары,“Ўзбектелефильм”- 
нин Карақалпақстан бөлими директоры, “Әмиўдәрья” жур- 
налы бас редакторы болып ислеген. Ҳәзир Жазыўшылар 
аўқамы баслығынын орынбасары.
Жазыўшынын 1977-жылы “ Бир муҳаббат тарийхы” , 
“ Консы-кобалар”( 1981) атамасындағы сатиралық гүрринлер 
топламлары басылып шықты ҳәм әдебиятымызда жанр сыпа- 
тында кәлиплести.
Онын орыс тилинде “ Не подписывай, браток” (1984) 
гүрринлер топламы жарык көрди..
Қарақалпақ мәмлекетлик театрында “Өжет”(1981) ко- 
медиясы бүгингедейин қойылып киятыр.
Жазыўшы 
“Аралым-дәртим менин”(1985) эссеси ушын 
ЮНЕСКО медалы лауреаты болды, 1985-87-жыллары басы- 
лып шыққан “ Мырзанын изи” эссеси жәхәннин бир неше 
тиллеринде басылып шыкты. Ол қаракалпақәдебиятына эссе 
жанрын алып кирди.
“Сайғаклардын көшпели тәғдири” эссеси жазыўшы дөре- 
тиўшилигинде белгили орын тутады.
О. Әбдирахманов дәслепки қаракалпақ көркем фильмле- 
Ри 
“Гүм-гүм” 
(1990), “Тығын” (1991) 
ҳәм ҳәр қыйлы халы-
31
www.ziyouz.com kutubxonasi


каралык кииофестивальлар лауреаты болған хүжжетли филь- 
млер авторы.
Жазыўшы Арал машкдласына арналған “Аралкум”, “Дәрья 
дәрти”, “Арал кызлары” ҳүжжетли фильмлери, ғәрезсизлик 
жыллары “Өзбекстан” телеканалында көрсетилген “Хийўа”, 
“Темиртулпар пәрўазы”, “Миздакҳан” , “Хорезмнин алтын 
шенбери”, “Аяз кала”, “Өзбекстан темир жоллары”, “Коны- 
рат сода заводы” сыяклы хүжжетли фильмлеринин сцена- 
рийлерин жазды.
О.Әбдирахмановтын 1985-жылы басылып шыккан “ Бо- 
саға” романы 2003-жылы өзбек тилинде “Жахон адабиёти” 
журналында жарық көрди. Ол мукаддес “ Куран”ды кара- 
қалпақ тилине тунғыш ҳәм толык аўдарды.
Онын публицистикалық шығармалары каракалпақ, өзбек 
ҳәм жәҳән тиллеринде туракды түрде басылып келмекте.
Оған 1999-жылы “ Карақалпакстан Республикасына мий- 
нети синген көркем-өнер ғайраткери”, 2000-жылы “Өзбек- 
стан Республикасына мийнети синген мәденият хызметкери” 
ҳәм 2004-жылы “Карақалпақстан халыкжазыўшысы” хүрмет- 
ли атаклары берилди.
Ол «Шарк юлдузи», «Әмиўдәрья» ҳәм “Ёшлик” журналы 
ҳәм “Ҳаёт” газеталарынын редколлегия ағзасы.
Ол 1979-жылдан Жазыўшылар аўкамынын ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling