Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Әжимов


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet17/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

34
www.ziyouz.com kutubxonasi


Әжимов
Яқыпбай
1955
Яқыпбай Әжимов — шайыр ҳәм жазыўшы.
Я.Әжимов 1955-жылы Кегейли районынын “Жалпақжап” 
аўылында туўылған.
Ол 1978 жылы Нөкис энергетика техникумын, 1984-жылы 
Нөкис мәмлекетлик университетинин қарақалпақ тили ҳәм 
әдебияты факультетин өндиристен қол үзбей питкерип шық- 
кан.
Я.Әжимов 1982-жылдан баслап 2001-жылға шекем “Жет- 
киншек” газетасында, “Арал”, “Ғумша”,- “Әмиўдәрья”, “Кдра- 
калпакстан” журналларында түрли лаўазымларда жемисли ис- 
леген. 2001-жылдан усы күнге шекем Қарақалпақстан Рес- 
публикасы “ Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылык” Орайы баслы- 
ғыньщ орынбасары болып ислеп атыр.
Я.Әжимов мектепте оқып жүрген гезлеринен-ақ әдебияткд 
айрықша ыкдас қойған. Онын “Аўылым” атлы тунғыш қосы- 
ғы 1970-жылы районлық газетада басылып шыққан.
Ҳәзирге шекем оньщ гүрринлер, қосықпар, ертеклерден 
ибарат “ Куяш сөнбейди” , “Мен сүйемен гүллерди” , “Ақ 
қуўлар атаўы”, “Бар екенде, жоқ екен” атлы төрт китабы 
“Қарақалпакстан” баспасынан басылып шыққан.
Я. Әжимов аўдармашы сыпатында Д. Дефо, А.Толстой, 
А.Пушкин, К.Чуковский, В.Шукшин, А.Арипов х.т.б. жазыў- 
шы-шайырлардьщ шығармаларын кдракалпақтилине аўдарып, 
баспа сөзде жәриялады. Ол 2000-жылы Кдрақалпақстан Рес- 
публикасы Жоқарғы Кенесинин “Ҳүрмет жарлығы” менен 
сыйлыкланды.
Я.Әжимов 1995-жылдан Ж азы ўш ы лар аўқам ы ны н 
ағзасы.
35
www.ziyouz.com kutubxonasi


Әлиев
Абат
1930
-&01Х
Абат Әлиев—журналист, жазыўшы ҳәм әдебиягшы алым.
А. Әлиев 1930-жылы 25-октябрьде Шымбай районынын 
Кдмысарыкаўылында тууылған. Ол 1951-жылы Қаракалпак 
мәмлекетлик пединститутын табыслы тамамлап, “Совет Қара- 
қалпакстаны” газетасында әдебий хызметкер, 1959-62-жылла- 
ры аспирантурада окыды. Соцынан ӨзКП Кдракалпакстан 06- 
комында инструктор (1962-64), “Әмиўдәрья” журналында бас 
редактор (1964-66), Кдракдлпак мәмлекетлик пединстигутын- 
да ага окытыўшы, доцент (1966-74), Н. Дәўқараев атындағы 
Тил ҳәм әдебият институтында илимий хызметкер (1974-76), 
“Совет Қарақалпакстаны” газетасында бөлим баслығы (1976- 
81),“Әмиўдәрья” журналынын бөлим баслығы (1985-90), Ж. 
Орынбаев атындағы педагогикалык илим изертлеў институ- 
гында аға илимий хызметкер, Қаракалпакстан Жазыўшылар 
аўқамыныц жуўаплы хаткери лаўазымларында иследи, хәзир 
хүрметли дем алыста.
А. Әлиев 1965-жылы “Қаракалпак дәстаны “Мәспатша” 
деген темада кандидатлык диссертациясын жаклады.
А. Әлиевтин “Жаслық жигер” (1956), “Бахыт ушын гүрес”
(1959), “Бизин аўылдьщ жигити” (1961), “Күткен күн” (1963), 
“Шь;нлыкшежиреси”(1973),“Менин Гүлжамалым”(1974), “Өмир 
тәшўишлери” (1987), “Парыз” (1988), “Көрмегенимизкөпекен” 
(1991),“Дүньянын кызығы”(1993),“Мәртлик” ескетүсириў ки- 
табы (П. Халмуратов хаққында, 2005) деген гүррин, повесть ҳәм 
романлары шыкгы. Ол бир неше туўыскан халыклар жазыў- 
шыларынын дөретпелерин карақалпактилине аўдарған.
А. Әлиев Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кецеси- 
нин Ҳүрмет Жарлығы менен сыйлыклаған, 1992 жылы “Қара- 
қалпақстан халык жазыўшысы” ҳүрметли атағына ийе болды.
А. Әлиев 1963-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling