Бекбергенова
Мария
1953
Мария Бекбергенова—әдебият изертлеўшиси.
Ол 1953-жылы 3-декабрьде Мойнак каласында туўылды.
1971-жылы Мойнак каласындағы М. В. Ломоносов мек-
тебин питкерип, 1971-1976-жыллары Таганрог мәмлекет-
лик педагогикалык институтынын рус тили ҳәм әдебия-
ты факультетинде окыйды.
М. Бекбергенова хызмет жолын 1976-жылы Өзбекстан Рес-
публикасы Илимлер Академиясынын Кдракдлпакстан бөли-
минин Н. Дәўкараев атындағы тил хәм әдебият инстититу-
тынын “Әдебият теориясы ҳәм әдебий байланыслар” бөли-
минде үлкен лаборантлыктан баслаған.
Сонынан усы инсти-
тутта илмий хызметкер, илимий хаткер болып ислесе, сон Әжи-
нияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалык институ-
тынын қаракалпак әдебияты факультетинде деканнын окыў
ислери
бойынша орынбасары, 2004-жылдан кафедра доценти
ўазыйпасында ислеп киятыр.
М. Бекбергенованын
бир канша илимий мийнетлери
республикалык баспа сөзде жәрияланған.
Ол “ Қарақалпак әдебиятында дәстүр, мийраслық ҳәм
көркем аўдарманын айрым әҳмийетли мәселелери” (2004)
китабынын ҳәм “Қаракалпақ әдебияты” (Академиялық ли-
цейлердын 3-курсы (2007) ушын) сабаклыктын авторлары-
нын бири.
М.Бекбергенова 2005-жылдан Жазыўшылар аўкамынын
ағзасы.
4 — ҚРЖА ағзалары
49
www.ziyouz.com kutubxonasi
Бекимбетов
Айтбай
1919-1979
Айтбай Бекимбетов—жазыўшы.
А.Бекимбетов 1919-жылы 5-майда Төрткүл районынын
“Уллыбағ” аўылында туўылған.
1939-жылы Төрткүлдеги
медициналык училищени, 1944-
жылы әскерий авиациялыкушкышлар мектебин питкерген,
екинши жәҳән урысынын қатнасыўшысы.
Урыстан сонғы жыллары А. Бекимбегов Төрткүлде район-
лык партия комитетинде, районлыкмилиция бөлиминде ис-
леди. Сон ишки ислср министрлигинде жынаят кыдырыў
бөлимин баскарды.
А. Бекимбетов 50-жыллардын басларынан-ақ әдебий дөре-
тиўшилик пенен шуғылланған.
Оныц “Аўыр тәғдирди жениўшилер” (1957), “Сырлы излер
изинен” (1%3), “Аўыр сынаклар” (1975), “Әжайып әўладлар”
(1970), “Гүрес” (1961) сыяклы повестьхәм романлары каракал-
пакпрозасындабелгили орын ийелейди.
Онын көплеген шығармалары өзбек хәм рус тилине аўда-
рылған. “Сырлы излер изинен” шығармасы ушын оған Кдра-
калпақстан Республикасынын Бердак атындағы мәмлекет-
лик сыйлығы берилди (1972).
А. Бекимбетов Өзбекстан хәм Карақалпақстан Республи-
касына мийнети синген мәденият хызметкери.
А. Бекимбетов 1958-жылдан Жазыўшылар аўкамынын
ағзасы.
Do'stlaringiz bilan baham: