Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Бекбергенова


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet23/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

48
www.ziyouz.com kutubxonasi


Бекбергенова
Мария
1953
Мария Бекбергенова—әдебият изертлеўшиси.
Ол 1953-жылы 3-декабрьде Мойнак каласында туўылды.
1971-жылы Мойнак каласындағы М. В. Ломоносов мек- 
тебин питкерип, 1971-1976-жыллары Таганрог мәмлекет- 
лик педагогикалык институтынын рус тили ҳәм әдебия- 
ты факультетинде окыйды.
М. Бекбергенова хызмет жолын 1976-жылы Өзбекстан Рес- 
публикасы Илимлер Академиясынын Кдракдлпакстан бөли- 
минин Н. Дәўкараев атындағы тил хәм әдебият инстититу- 
тынын “Әдебият теориясы ҳәм әдебий байланыслар” бөли- 
минде үлкен лаборантлыктан баслаған. Сонынан усы инсти- 
тутта илмий хызметкер, илимий хаткер болып ислесе, сон Әжи- 
нияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалык институ- 
тынын қаракалпак әдебияты факультетинде деканнын окыў 
ислери бойынша орынбасары, 2004-жылдан кафедра доценти 
ўазыйпасында ислеп киятыр.
М. Бекбергенованын бир канша илимий мийнетлери 
республикалык баспа сөзде жәрияланған.
Ол “ Қарақалпак әдебиятында дәстүр, мийраслық ҳәм 
көркем аўдарманын айрым әҳмийетли мәселелери” (2004) 
китабынын ҳәм “Қаракалпақ әдебияты” (Академиялық ли- 
цейлердын 3-курсы (2007) ушын) сабаклыктын авторлары- 
нын бири.
М.Бекбергенова 2005-жылдан Жазыўшылар аўкамынын 
ағзасы.
4 — ҚРЖА ағзалары
49
www.ziyouz.com kutubxonasi


Бекимбетов
Айтбай
1919-1979
Айтбай Бекимбетов—жазыўшы.
А.Бекимбетов 1919-жылы 5-майда Төрткүл районынын 
“Уллыбағ” аўылында туўылған.
1939-жылы Төрткүлдеги медициналык училищени, 1944- 
жылы әскерий авиациялыкушкышлар мектебин питкерген, 
екинши жәҳән урысынын қатнасыўшысы.
Урыстан сонғы жыллары А. Бекимбегов Төрткүлде район- 
лык партия комитетинде, районлыкмилиция бөлиминде ис- 
леди. Сон ишки ислср министрлигинде жынаят кыдырыў 
бөлимин баскарды.
А. Бекимбетов 50-жыллардын басларынан-ақ әдебий дөре- 
тиўшилик пенен шуғылланған.
Оныц “Аўыр тәғдирди жениўшилер” (1957), “Сырлы излер 
изинен” (1%3), “Аўыр сынаклар” (1975), “Әжайып әўладлар”
(1970), “Гүрес” (1961) сыяклы повестьхәм романлары каракал- 
пакпрозасындабелгили орын ийелейди.
Онын көплеген шығармалары өзбек хәм рус тилине аўда- 
рылған. “Сырлы излер изинен” шығармасы ушын оған Кдра- 
калпақстан Республикасынын Бердак атындағы мәмлекет- 
лик сыйлығы берилди (1972).
А. Бекимбетов Өзбекстан хәм Карақалпақстан Республи- 
касына мийнети синген мәденият хызметкери.
А. Бекимбетов 1958-жылдан Жазыўшылар аўкамынын 
ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling