Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Ерназаров


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet34/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

70
www.ziyouz.com kutubxonasi


Ерназаров
Бекназар
1954
Бекназар Ерназаров — жазыўшы ҳәм журналист.
Б. Ерназаров 1954-жылы 11-августта Тахтакөпир райо- 
нында туўылған.
1977-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин питкерген.
Мийнет жолын “ Қаракалпақстан жаслары” газетасынын 
хабаршысы болып ислеўден баслайды.
Сонынан Қарақалпақстан Республикасы телерадио ком- 
паниясы редакторы, “Жеткиншек” газетасынын бөлим бас- 
лығы, “Ғумиш” журналынынбас редакторы, “Қарақалпакстан” 
баспасы бас редакторынын орынбасары, “ Қарақалпакстан 
мәденияты” газетасынын бас редакторы, Кдрақалпақстан Жа- 
зыўшылар аўқамы баслығынын орынбасары, “Жазыўшы” 
қорынын директоры болып иследи.
«Кәсиплик билимлендириў» газетасынын бас редакторы 
ҳәм катар газета журналлардын шөлкемлестириўшиси.
Биринши дөретпеси 1972-жылы “Жас Ленинши” газета- 
сында жәрияланды.
Б. Ерназаровтын “Ақ кус” (1992), “Министрдин шофёры” 
(1994),“Мын қыздын ашығы”(1995),“Шек”(1997) прозалық 
китаплары “ Қаракалпақстан” баспасында басылып шыкты.
Ол 1989-жылдан журналистлер аўқамынын, 2001-жылдан 
Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.
71
www.ziyouz.com kutubxonasi


Ерназаров
Көбейсин
1944
Көбейсин Ерназаров — шайыр хәм жазыўшы.
К. Ерназаров 1944-жылы 5-февральда Қонырат районын- 
да туўылған. Ол 1962-1967-жыллары Қаракалпак мәмлекет- 
лик педагогикалык институтынын тарийх, қаракалпақ тили 
хәм әдебияты факультетин тамамлады.
1967-1985-жыллары Республикалық үлкетаныў музейин- 
де, Өзбекстан Илимлер Академиясыньщ Қарақалпақстан 
бөлиминин Н. Дәўқараев атындағы Тил ҳәм әдебият инсти- 
тутында илимий хызметкер, “Кдракалпақстан” баспасында ре- 
дактор болып ислейди.Онын косыклары хәм гүрринлери 
сту'дентлик жылларда “Совет муғаллими”, “Жеткиншек” 
газеталарында жәрияланды.
Сондай-ақ, “Босаға” (1985), “Музалар дүньясы” (1988), “Жақ- 
сылық ҳәм жаманлық ҳаккында ертек” (1990), “ Кешки 
саат алтыдан кейин” (1992), “Сакал” (1994), “ Еситпеген елде 
көп” (1996), “Адақ катасын излеп” (1997) атамасындағы 
поэзиялық хәм прозатык топламлары баспадан шыкты. Ол 
“Дағыстан шайырлары” (1983), “Планета хаўазы” (1987) тои- 
ламларыиа кирген бир қатар шығармаларды, сопдай-ақ 
түркмен шайыры А. Мәмбетовтын “Кеўилимнин шар айна- 
сы” (1991) топламын каракалпақтилине аўдарған.
К. Ерназаров 1993-жылы Каракалпақ фольклорынын 20 
томлығын жыйнаў хәм баспаға таярлаўға белсене катнаскан- 
лығы у1пын Қарақалпакстан Республикасы Ьердак атындағы 
Мәмлекетлик сыйлықгы алыўға миясар болды.
Ол 1999-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы.

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling