Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары
www.ziyouz.com kutubxonasi Ерниязов
Download 5.91 Mb. Pdf ko'rish
|
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)
72
www.ziyouz.com kutubxonasi Ерниязов Қайбулла 1938 Кдйбулла Ерниязов — жазыўшы ҳәм журналист. К. Ерниязов 1938-жылы 21-майда Тахтакөпир районын- да туўылған. Ол Ташкент мәмлекетлик университетинин журналис- тика факультетин тамамлап,1961-64-жыллары “Совет К,ара- калпакстаны” газетасында әдебий хызметкер, 1964-78-жыл- лары бөлим баслығы, 1978-79-жыллары “Агитатор блокно- ты” журналынын жуўаплы хаткери, бир қанша жыллар даўамында “Кдракалпақстан” баспасында бас редактор, Кдра- калпакстан баспа сөз Комитети баслығынын орынбасары, ӨзТАГтын Қарақалпакстан бөлиминин баслығы, “ Еркин Қарақалпақстан” газетасында бас редактордын орынбасары лаўазымларында иследи. Онын “Тәғдирим менин - Арал” (1980) деген публи- цистикалар топламы шыкты. “Айбат берген, ғайрат берген — Алатаў” (1992), “ Барак батыр...” ( Қ. Бегжанов пенен бир- ликте 1993), “Еркин Қаракалпақстан” газетасына 70 жыл” (1994) деген ки гаплары басылып шықгы. Олаўдарма тараўында М. Шагиняннын, Р. Мир-Хайдаров- тьщ бир қатар повесть хәм романларын қарақалпақ тилин- де бастырып шығарды. Қ. Ерниязов “ Қарақалпақстан Республикасына мийнети сицген мәденият хызметкери” хүрметли атағына ийе. Ол Өзбекстан хәм Қаракалпакстан Республикасы Жокарғы Ке- неси Президумларынын Хүрмет жарлыклары менен сый- лықланған. Ол 1983-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. 73 www.ziyouz.com kutubxonasi Есемуратов Генжемурат 1932-2007 Генжемурат Есемуратов — әдебий сыншы ҳәм шайыр. Г. Есемуратов 1932-жылы 3-майда Канлыкөл районында туўылған. Ол 1950-жылы Хожелидеги педучилищени, 1954- жылы Карақалпак мәмлекетлик пединститутын питкерген- нен сон “Әмиўдәрья” журналында жуўаплы хаткер (1955- 56), Областьлық партия комитетинде инструктор болып ис- лейди (1957-58), Өзбекстан Илимлер Академиясында аспиран- туранын теориялық курсынан өтеди (1958-61). Сон Н. Дәўқа- раев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтында бөлим баслығы (1962-63), Карақалпақ мәмлекётлик пединститутын- да оқытыўшы, кафедра баслығы (1963-65), Н. Дәўқараев атын- дағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтында сектор баслығы (1965-69), “Әмиўдәрья” журналында бас редактордын орын- басары (1979-81), Нөкис мәмлекетлик университетинде аға оқытыўшы (1983-91), 1991-жылдан Әжинияз атындағы Кара- қалпақ мәмлекетлик пединститутында аға оқытыўшы болып иследи. 1%2-жылы “Уллы Ўатандарлықурыстан кейинги қара- қалпақ әдебиятында аўыл адамларынын образы” темада кан- дидатлықдиссертациясын жакдаған. Шайыр ҳәм сыншынын “Косыкдар дәптери” (1958), “Жул- дызлар” (1970), “Кеўил тарлары”(1974),“Алаканымдағы сызық- лар” (1984) деген қосықлар топламлары,“Уллы Ўатандарлық урыстан кейинги қарақалпақ әдебиятында аўыл адамлары- нынобразы” (1963), “Н. Дәўкараев” (1965), “И. Юсуповтын поэзиясы” (1976) илимий сын мийнетлери басылып шықты. Булардан тысқары “Каракалпақ совет әдебияты тарийхынын очерклери”(1968) көлемли мийнеттинде авторларынын бири. Ол Кдрақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесинин Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған. Г. Есемурагов 1957-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. Download 5.91 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling