Мәмбетниязов
Турдыбай
1933
Турдыбай Мәмбетниязов — әдебият
изертлеўшиси ҳәм сыншы.
Т.Мәмбетниязов 1933-жылы 25-майда Кдраөзекрайоны-
нын “Бозатаў” аўылында туўылған. Ол 1949-жылы орта мек-
тепти тамамлап, 1953-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педин-
ститутын питкереди, сонынан әскерий хызметте болады (1954-
57) бир неше жыллар аўылында муғаллим, мектеп директоры
(1957-59), Н. Дәўқараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият ин-
ститутында ислеген. Ол 1962-65-жыллары Ташкентте аспиран-
турада окыды. Т.Мәмбетниязов 1965-жылы “ Ҳәзирги
заман
карақалпақ лирикасы” деген темада кандидатлык диссер-
тациясын жаклады. Әдебиятшынын “Дәли Назбергеновтын
творчествосы” (1977), “Поэзия хакқында ойлар”(1985), “Қара-
калпақлирикасы” (1989), “Қаракалпақбалалар поэзиясы хәм
онын машқалалары” (1992), “Поэзия турмыс, гүрес хәм
талпыныў” (1993), “Жана қарақалпақ поэзиясы хәм дәўир та-
лабы” (1994), “Шайыр жолы” (2001) илимий китаплары ҳәм
балаларға арналған “Қарлығаш” (1981), “Ананын сөзин тын-
ламай” китаплары, және де жәмәәтлик авторлар
менен бирге
“Қарақалпақ совет әдебияты тарийхынын очерклери” (1968),
“Қарақалпақ совет әдебиятында поэма жанрынын раўажла-
ныўы” (1976),“Қарақалпақәдебияты тарийхы”(1981), “Ўатан
ушын гүрескен қосыклар” (Г.
Есемуратов пенен бирге, 1990),
“XX әсирдеги карақалпақ әдебияты” (9-класслар ушын са-
баклық, 3. Бекбергенова менен 2002,2006, 2010) монография-
лар менен сабақлықларды жазыўға белсене катнасты. Т. Мәмбет-
ниязов Өзбекстан Республикасы Беруний атындағы мәмле-
кетлик сыйлығынын лауреаты (1983), “Каракалпақстан Рес-
публикасына мийнети синген мәденият хызметкери”
деген
хүрметли атаққа ийе.
Ол 1993-жылдан Жазыўшылар аўкамынын ағзасы.
Do'stlaringiz bilan baham: