Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары
www.ziyouz.com kutubxonasi Пиржанов
Download 5.91 Mb. Pdf ko'rish
|
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Рахманов Кецесбай 1942-2004
167
www.ziyouz.com kutubxonasi Пиржанов Сейдабулла 1940-1997 Сейдабулла Пиржанов—шайыр. С. Пиржанов 1940-жылы 2- февральда Шымбай райо- нындағы Кенес аўылында туўылған. Ол орта мектепти питкерип аўыл хожалығы жумысында ислейди, 1967-жылы Каракалпақ мәмлекетлик пединститутын тамамлап, Қара- калпақстан телевидениеси ҳәм радио еситтириў комитетин- де, Карақалпақстан Жазыўшылар аўқамында, “Әмиўдәрья” журналында ислейди. Шайырдын “Гүлдәсте” (1972), “Байтерек” (1975), “Сая- хатты сүйемиз” (1977) “Жағыс” (1978), “ Кыркыншы бәҳәр” (1981), “Қыял қанаты” (1984), “Балалыктын биркүни” (1987), “Өмир ағысы” (1990), “Жасыл жағыс” (1995) деген қосық- лар ҳәм поэмалар топламлары басылган. Ол “ Карақалпақстан Республикасына мийнети синген мәденият хызметкери” агағынын ийеси ҳәм Карақалпақ- стан Республикасы Жокарғы Кенесинин Хүрмет жарлы- ғы менен сыйлыкланғап. С. Пиржанов 1978-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. 168 www.ziyouz.com kutubxonasi Рахманов Кецесбай 1942-2004 Кенесбай Рахманов—шайыр хәм драматург. Ол 1942-жьшы 18-сентябрьде Кегейли районынын ай- мағында туўылған. Орта мектепти питкерип аўылда жумыс ислейди, 1969-жылы Кдрақалпақ мәмлекетлик педагогикалык институтын тамамлап, телевидение хәм радио еситтириў ко- митетинде дәслеп аға редактор, сон бас редактор лаўазымында иследи. Кейин республикалықжас тамашагөйлер театрынын әдебий бөлиминде, “Әмиўдәрья” журналында позэия бөлимин басқгрды. Бирқанша ўақыт Жазыўшылар аўқамында әдебият- ты нәсиятлаў бюросыньщ баслығы, өмиринин ақырына ше- кем мәмлекетлик телевидение хәм радио еситтириў компани- ясында хызмет етти. Онын “Саған асығаман” (1970), “Өмир толғаныслары” , (1974),“Тан ашығы” (1978), “Өмир, сен уллысан” (1981), «Мәнзи- лим алыс» (1995) қосықпар топламлары «Акыбет» (1985), «Пай- ғамбар жасындағы күйеў» (2010) романлары басылып шықты. К. Рахмановтын “ Келин” (1976), “Одүньяға мирәт” (1976), “Жаралы жүреклер” (1977), “Егленген бәҳәр” (1978), “Лақ- қылар емлеўханада” (1979), “Мамамнынжетинши байы” (1989) сыяқлы пьесалары ҳәзирги ўақытлары театр сахналарында қой- ылып атыр. Ол “Одүньяға мирәт”, “Келин” пьесалары ушын Карақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы мәмлекет- лик сыйлықтын лауреаты болды, “ Карақалпақстан халық, шайыры”, “Кдрақалпақстан Республикасына мийнети синген' көркем өнер ғайраткери” атағына ийе. К.Рахманов 1972-жылдан Жазыўшылар аўкдмынын ағзасы. Download 5.91 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling