Рахимова
Гүлчехра
1952
Гүлчехра Рахимова—шайыр, өзбектилинде жазады.
Г.Рахимова 1952-жылы Төрткүл каласында туўылған.
Ол Ташкент мәмлекетлик
университетинин журналис-
тика факультетин питкергеннен кейин “ Бир сапта”, “Кино”
журналларынын редакцияларында, сонынан 1978-жылдан бас-
лап
районлык газетада, ҳәзирги ўакытта Жазыўшылар
аўкамында әдебий мәсләҳәтши лаўазымында ислеп келмекте.
Шайырдын қосыкдары 60-жыллардан баслап Ташкенттеги
газета хәм журналларда шыға баслады.
Онын “Исеним” “Ана мехри”«Тўрткўл баҳари», «Юртим
ардоғим», «Хаёт-мамат ва Ҳосимбек» оннан артыкхт.б. қосық-
лар, гүрринлер хәм повестьлер топламлары жарық көрди.
Г. Рахимова “ Исеним” топламы ушын Карақалпақстан
Жаслар аўкамыньщ сыйлығына миясар болды.
Оған “Каракалпақстан халық шайыры” атағы берилди.
Г.Рахимова 1982-жылдан Ж азыўшылар аўқамынын
ағзасы.
170
www.ziyouz.com kutubxonasi
Реймов
Кеқесбай
1958
Кенесбай Реймов—шайыр хәм журналист.
К. Реймов 1958-жылы Кегейли районында туўылған.
Сол
жердеги орта мектепти питкерип, сонынан 1980-
жылы Ташкент мәмлекетлик университетинин журналис-
тика факультетин тамамлағаннан сон “Жас Ленинши”
хәзирги “Қарақалпақстан жаслары” газетасывда әдебий хыз-
меткер, бөлим баслығы болып ислейди.
К. Реймов Өзбекстан Жаслары Қарақалпақстан областьлық
комитетивде инструктор, лекторлар топарыньщ баслығы, 1991-
1994-жыллары “Еркин Карақалпақстан” газетасы редакто-
рынын орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кенесинин социаллық раўажландырыў ҳәм жәмийетлик
бирлеспелер мәселелери комитети баслығы лаўазымларын
атқарды. Ҳәзир “ Еркин Қарақалпақстан” хәм “Вести
Кара-
калпакстана” газеталарынын
бас редакторы болып ислеп
адыр.
Онын “Аппақ тырналар” (1991) атлы қосықлар топламы
басылып шыкты.
К. Реймов 1991-жылдан Жазыўшылар аўкамынын ағзасы.
Do'stlaringiz bilan baham: