Август 2020 8-қисм


Download 1.81 Mb.
Pdf ko'rish
bet81/87
Sana13.04.2023
Hajmi1.81 Mb.
#1352207
1   ...   77   78   79   80   81   82   83   84   ...   87
Bog'liq
8.Adabiyot 1 qism

Август 2020 8-қисм
Тошкент
Биртыма желпинер соң,
Азғана серпилер соң.
Бозғылт нур күншығардан,
Жылт етес. Туншығарман…
Мусаллас (арабша - үш мәнисинде) үш қатардан ибарат лирикалық форма. Европада 
терцина (италянша - үш) деп аталады. Кореец әдебиятында «Сиждо», япон әдебиятында 
«Хокку» деп аталыўшы бул лирикалық форма кең раўажланған. Қарақалпақ әдебиятында 
биз оны «үшлик» деймиз.
Терцинада дәслепки үшликтиң екинши қатары, кейинги үшликтиң биринши ҳәм 
үшинши қатары менен уйқасып келеди: аба, бвб көринисинде. Уллы итальян шайыры Данте 
өзиниң белгили «Илоҳий комедия» шығармасын әйне усы формада жазған. А.С.Пушкин 
ҳәм В.Хлебниковлар да терциналар дөреткен. Өзбек әдебиятында Асқад Мухтар, Ойбектиң 
үшликлери талап дәрежесинде жазылған. Қарақалпақ әдебиятында болса, үшлик еки 
көринисте гезлеседи. Бириншиси, ҳәр бәнти үш қатардан қуралған, бир неше үш қатарлы 
бәнтлер жыйындысынан ибарат лирикалық дөретпе.
Тырналардың сыңсыўы менен
көл оянар, айдын оянар.
Дәрт көлинде тербелер кемем.
Тырналардың сыңсыўы менен
жүрегимде бир қус оянар,
сағынышлы қыйқыўы менен.
Қарақалпақ әдебиятында үш қатарлы қосықтың екинши түри – тек үш қатардан ибарат, 
тамамлаған ой-пикирди билдириўши пүтин бир шығарма. Мысалы, 
Бийғам балалықтан айра түскенмен,
Сол алыс бәҳәр – 
Қап-қара көзлерге көзим түскен гез…
***
Түнлер түслериңде қыйнайды – 
Ләблериңе қуўыспаған
Мениң сағынышларым.
Бундай үш қатарлы қосықлар Ж.Избасқанов, К.Каримов, Б.Генжемуратов, К.Реймов, 
С.Ибрагимов дөретиўшилигинде ушырасады. 
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Жийенбай Избасқанов соңғы жыллары 
дөреткен бир дүрким үшликлерине «Ҳоккулер» деген атама берген. 
Жыллар бойы сен деп – күткеним,
Әрман еттим ғыр әтирапыңда…
Кел, көкиректе гүлдей питкеним!
***
Суўыққанлы болсын ол, мейли…
Не исим бар? – десем де бирақ,
Түнлер бойы уйқым келмейди…
Япон әдебиятындағы «Хокку»лер менен қарақалпақ әдебиятындағы үшликлер бир-
биринен күтә парықлы. Терциналарда да бизиң үшликлерге уқсайды лекин, бизде уйқас ҳәм 
тема таңлаў еркин, қатаң қағыйдаға бойсынбайды. Бул да алдағы ўақытлары изертлениўи 
зәрүр мәселелерден бири саналады. 
Қарақалпақ әдебиятында ең кең тарқалған киши қосық формаларынан бири – төртликлер. 
Өзбек әдебиятында мурабба деп аталады. Төртликлерди рубайы менен шатастырмаў керек. 
Екеўи еки түрли форма. Тийкарғы өзгешелиги, рубайы аруз өлшеминде, төртлик бармақ 
өлшеминде жазылады. И.Юсупов өзиниң бирнеше төрт қатардан ибарат қосықларына 
«Тәжирийбе тамшылары» атын берип оларды «төртликлер» деп келтиреди. Буннан 
шайырдың әдебият илимин жетик өзлестиргенин көриў мүмкин.
Дүнья аз ўақтында бәрине жетер,
Инсан пақыр азға қәнәәт етер,
Дүнья болған сайын Нәпси деген ийт,
Шынжырын жулқылап, қутырып кетер.


92

Download 1.81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   77   78   79   80   81   82   83   84   ...   87




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling