Август 2020 8-қисм
Download 1.81 Mb. Pdf ko'rish
|
8.Adabiyot 1 qism
Гилт созлер: классицизм, трагедия, идея, жанр, драма, драматург, қаҳарман, образ,
характер, репертуар, персонаж, театр. XVII әсир Европа әдебиятында үш жөнелис-Ояныў дәўириниң гуманистикалық дәстүрлерин даўам еттирген ренессанс реализми, классицизм ҳәм барокко жөнелислериниң жетекшилик еткени гүзетиледи. Әлбетте, бул жағдай әўеле, Европа мәмлекетлериндеги социал-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық шәрт-шәраятларындағы өзгерислери ме- нен көрсетиледи. Бул дәстүрлерди өз ишине қамтыған классицизм әдебий жөнелисиниң пайда болыўын қәнигелер 1515-жылы, итальян жазыўшысы Триссиноның «Софонисба» атлы трагедиясының жаратылыўынан баслап белгилейди. [1:69] Триссино бул шығармасын антик трагедия үлгилерине таянған ҳалда сюжет ўақыяларын антик Рим тарийхшысы Тит Ливий шығармаларынан алып, Аристотель «Поэтикасы»нда қойылған талапларға әмел қылған ҳалда жаратқан. Тийкарында классицизм антик дәўир мийрасына идеал үлги деп қараған XVII әсир ҳәм XVIII әсир басларында әдебият ҳәм көркем өнер тараўында жетекшилик қылған услуб ҳәм жөнелис еди. Классицизмның жетекши темалары – жәмийет ҳәм шахс ортасындағы, парыз ҳәм сезим арасындағы қарама-қарсылық болған. Пухта ойлап табылған, анық ҳәм муўапық образлар Классицизмға сай анықламалар болып табылады. Драматургия ҳәм театрда Классицизм раўажланыўы Францияда Корнел, Расин трагедиялари, Мольер комедиялари, Н.Буалоның «Поэтикалық санъат» китабы, Германияда Гёте, Ф.Шиллер дөретиўшилиги, Россияда Д.Сумароков ҳәм Я.Княжнин трагедиялары менен тарийхта белгили болған. Рус әдебиятында Классицизмди биринши болып баслап берген А.Н.Сумароков (1717- 1777) болып табылады. Сумароков трагедияларын Классицизмниң үш бирлик қағыйдалары тийкарында жаратады. Оның трагедияларында ўақыялар бир жерде ҳәм бир кеше-күндүз даўамында болып өтеди. Сумароковтың «Хорев» (1747), «Синов ҳәм Трувер» (1750), «Ари- стона» (1750), «Семира» (1751), «Вышеслав» (1768), «Қәлбеки Дмитрий» (1771), «Мстис- лав» (1774) трагедиялары рус тарийхына тийислилиги менен ақ рус классицизминиң батыс европа классицизминен түптен парықланыўы ҳәм ғәрезсизлигин көрсетеди. Сумароков биринши болып миллий тарийх бетлеринде сәўлеленген ўақыя ҳәдийселерди драматургия тараўында көрсете алған ҳәм өзиниң жети трагедиясы рус тарийхына бағышланған. [2:32] Сумароковтың тема тараўындағы жаңашыллығы оның заманласла- ры тәрепинен ўатанында ҳәм батысда да тән алынған. Жуўмақлап айтқанда, Сумароков трагедиялары тамашагөйлерди пуқаралық, ўатанпәрўарлық руўҳында тәрбиялаўға хыз- мет етеди. Ҳәр қандай инсанды өз жеке мәпдарлығын жәмийет ҳәм мәмлекет пайдасы- на бойсындырыўға шақырады. Сондай-ақ, қаҳарманлардың ишки кеширмелери, руўҳый ҳалатларына үлкен итибар берип, инсанқа ҳүрмет сезимлерин оятар еди. Пайдаланылған әдебиятлар дизими 1. Қуронов Дилмурод. Раҳманов Баҳодир. Ғарб адабий тарихий тафаккури очерклари. (ўқув қўлланма-хрестоматия) Тошкент-2008. 2. Ю.В.Стенник. Жанр трагедии в русской литературе. Ленинград. Наука. 1981. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling