Begin. Мағлыўматларды киритиў ҳәм шығарыў, меншиклеў операторы


Download 100.5 Kb.
bet2/2
Sana19.12.2022
Hajmi100.5 Kb.
#1032778
1   2
Bog'liq
1 begin variant

A15 ти есаплаң. Буның ушын A2 , A3 , A5 , A10 , A15 лерди избе-из табыў керек. A санының
барлық табылған дәрежелерин шығарың.
Begin 29. α мүйеши мәниси градуста берилген (0<α<360). 1800 радиан екенлигин есапқа алып,
усы мүйештиң мәнисин радианда анықлаң.
Begin 30. α мүйеши мәниси радианда берилген (0<α<2π). 1800 радиан екенлигин есапқа алып,
усы мүйештиң мәнисин градуста анықлаң.
Begin 31. Т температураның мәниси Фаренгейт градусында берилген. Усы температураның
мәнисин Цельсий градусында анықлаң. Цельсий бойынша температура ТС ҳәм
Фаренгейт бойынша температура ТF төмендеги қатнас пенен байланыслы:

Begin 32. Т температура Цельсий градусында берилген. Усы температураның мәнисин Фаренгейт
градусында анықлаң. Цельсий бойынша температура ТС ҳәм Фаренгейт бойынша
температура ТF төмендеги қатнас пенен байланыслы:
Begin 33. X кг конфет A cўм. Усы конфеттиң 1 кг ҳәм Y кг қанша туратуғынлығын анықлаң.
Begin 34. X кг шоколадлы конфет A cўм турады, ал Y кг ирис B cўм турады. 1 кг шоколадлы
конфет, 1 кг ирис қанша туратуғынлығын, сондай-ақ, шоколадлы конфет иристен қанша
есе қымбат екенлигин анықлаң.
Begin 35. Ақпайтуғын суўда қайықтың тезлиги V км/с, дәрьяның ағыс тезлиги U км/с (U. Көлде
қайықтың ҳәрекетлениў ўақты T1 саат, ал дәрьяда (ағысқа қарсы) – T2 саат. Қайықтың
жүрген жолын анықлаң. (жол=ўақыт*тезлик). Ағысқа қарсы ҳәрекетлениўде қайықтың
тезлиги ағыс тезлиги муғдарына кемейетуғынлығын есапға алың.
Begin 36. Биринши автомобилдиң тезлиги V1 км/с, екиншисиники V2 км/c, олар арасындағы
аралық S км. Егер автомобиллер бир-биринен узақласып баратырған болса, T сааттан
кейин олар арасындағы аралықты анықлаң. Бул аралық автомобиллер тәрепинен
жүрилген улыўма жол ҳәм олардың басланғыш аралығының суммасына тең:
улыўма жол=ўақыт * суммалық тезлик.
Begin 37. Биринши автомобилдиң тезлиги V1 км/с, екиншисиники V2 км/c, олар арасындағы
аралық S км. Егер автомобиллер бир-бирине қарата ҳәрекет етип атырған болса, T
сааттан кейин олар арасындағы аралықты анықлаң. Бул аралық автомобиллер
тәрепинен жүрилген улыўма жол ҳәм олардың басланғыш аралығының айырмасының
модулине тең: улыўма жол=ўақыт * суммалық тезлик.
Begin 38. A ҳәм B коэффициентлер менен берилген Ax+B=0 сызықлы теңлемесин шешиң (A≠0).
Begin 39. A,B,C коэффициентлери менен берилген Ax2+Bx+C=0 квадрат теңлемениң коренлерин
табың (A≠0), егер теңлемениң дискриминанты оң екенлиги белгили болса. Коренлердиң,
дәслеп киши, соңынан үлкен коренди шығарың. Квадрат теңлемениң корени төмендеги
формула бойынша есапланады: (бул жерде, D-дискриминант = B2-4AC)

Begin 40. коэффициентлери менен берилген
көринисиндеги сызықлы теңлемелер системасының шешимлерин табың, егер бул
система жалғыз шешимге ийе екенлиги белгили болса. Төмендеги формулалардан
пайдаланың:
бул жерде
Download 100.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling