Berdaq atindag’i qaraqalpaq ma’mleketlik universiteti qurilis fakulteti
Download 196.12 Kb.
|
Манас Курс жумыс котлаван
- Bu sahifa navigatsiya:
- >PA’NINEN KURS JUMISININ’ TU’SINDIRME XATI O’rinlag’an: Tursinbaev Z Qabillag’an: Eshmuratov M
- Жойбардың мақсети ҳәм уазыйпасы
- Курс жойбарының мазмуны
O’ZBEKSTAN RESPUBLIKASI JOQARI HA’M ORTA ARNAWLI BILIMLENDIRIW MINISTRLIGI BERDAQ ATINDAG’I QARAQALPAQ MA’MLEKETLIK UNIVERSITETI QURILIS FAKULTETI IMARATLAR HA’M INSHAATLAR QURILISI 3A-KURS STUDENTI Tursinbaev Zaripbaydin < TU’SINDIRME XATI O’rinlag’an: Tursinbaev Z Qabillag’an: Eshmuratov M No’kis - 2022 jil Кирисиу. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаулы билимлендириу министрлиги тәрепинен тастыйыкланған оқыу жобасы ҳәм негизги пән бағдарламасы тийкарында «Қурылыс» ҳәм «Кәсиплик тәлим» қәнийгеликлери ушын «Қурылыс процеслери технологиясы » пәни бойынша әмелий ҳәм курслық жумыслар III-курс дауамында орынланады. Студентлер «Қурылыс процесслери технологиясы» пәнин уйрениу дауамында алган теориялық билимлерин әмелий ҳәм өз бетинше сабақларда өзлестирип, толықтырып барады. Соның менен бир қатарда олар курслық жумысқа тапсырмалар алып, оныизбе-изликпенен орынлап барыуы тийис. Усыған байланыслы ҳәр бир студенттиң курслык тапсырмасында, қабатлы имаратларды қурыу технологиясы мәселелери қойылады. Жойбардың мақсети ҳәм уазыйпасы. Курс жойбарын орынлаудағы мақсет студентлерди «Қурылыс процеслери технологиясы» пәнин теориялық оқып уйрениу дауиринде алған билимин әмелий жақтан беккемлеу. Курс жойбарын орынлау дауамында студентлер пайдаланып атырған норматив ҳужжетлер ҳәм техникалық мағлыуматнамалар менен ислеуди уйренеди. Жойбарда қолланылатуғын машина ҳәм механизмлер, өнимдарлығы жоқары болып, қурылыс индустриясы талапларына жууап беретуғын, жумыстың сапалы орынланыуын тәмийнлейтуғын, жумыс муддети ҳәм баҳасынын қысқарыуына имкан беретуғын дәрежеде болыуы керек. Курс жойбарының мазмуны. Курс жойбарының көлеми: стандарт А-1 форматтағы бир ақ ватман қағаз бетиндеги сызылма ҳәм қол жазба турде өлшеми (210х288) стандарт ақ қағаз бетлерине жазылатугын (25-30 бетли) тусиндириу хатынан ибарат. I. Тусиндириу хатында: 1. Қурылатуғын имараттың типовой көрсеткишлери бойынша котлованның өлшемлери анықланады. 2. Котлован қазыудың жер жумысларын орынлау технологиялық схемасы таңланады. 3. Жер жумысларының көлеми есапланады. 4. Бир неше вариантларда техника-экономикалық салыстырыу тийкарында, экскаватор ҳәм топырақты тасыу ушын өзи төгер машиналар таңланады. 5. Экскаваторды қазыу орны есапланады. 6. Мийнет қәрежетлери калькуляциясы ҳәм де оның тийкарында жер қазыу жумыслары ушын календарлық кесте дузиледи. 7. Жойбардың техника-экономикалық көрсеткишлери анықланады. 8. Экскаватор жумыслары ушын наряд-тапсырма дузиледи. 9. Техника қәуипсизлиги бойынша илажлар таярланады. Тусиндириу хаты жуумагында пайдаланылған әдебиятлар дизими бериледи. II. Жойбардың сызылма бөлиминде: 1. Жер қазыу жумысларының технологиялық схемасы ҳәм котлован бойынша қырқымы; 2. Экскаватор қазыу орнының схемасы ҳәм қырқымы; 3. Өзи төгер машиналарының ҳәрекетлениу графиги; 4. Жер қазыу жумысларының календарлық кестеси; 5. Котлован астын бульдозер жәрдеминде тазалау ҳәм топырақты қайта төгиудиң схемалык көриниси; 6. Материаллық техник ускенелердиң дизими; 7. Жойбардың техника-экономикалық көрсеткишлери; 8. Техника қәуипсизлиги ҳәм жер қазыу жумыслары ушын кысқаша көрсетпелер. Download 196.12 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling