Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери
Дене мәденияты пәни оқытыўшысының өзине тән өзгешиликлери (стили)
Download 0.97 Mb.
|
Хожаметов.А.
2.3. Дене мәденияты пәни оқытыўшысының өзине тән өзгешиликлери (стили)
Ҳәр бир оқытыўшы өзине педагогикалық кәсибин өз кәсибиниң өзгешилиги, стилин белгилеп бериўши бир қанша арнаўлы усыллар жәрдеминде жаратады. Педагоглық кәсиби стили тийкарынан 3 түрге дифференсацияланады: 1) демоккратиялық 2) авторитарлық 3) либераллық. Демократиялық стиль оқытыўшы оқыўшыны билим сырларын ашыўда биргеликте қарым-қатнас жасаўшы өзине тең шерик сыпатында қабыл қылыўы есапланады. Бул стильдеги оқытыўшылар оқыўшыларды қарар қабыл қылыўға шақырады ҳәм олардың пикирлери менен ортақласып ҳәтте кеңнен қоллап қуўатлайды. Бунда оқытыўшыға оқыўшылардың сабақты жақсы өзлестирип алғаны ғана емес, ал жеке шахслық қәсийетлери де қәдирли. Оқытыўшының тәсир көрсетиўши тийкарғы усыллары-бул оқыў процессине қызығыўшылығын арттырыў, мәсләҳәтлер бериў, илтимас етиў болып табылады. Демократиялық стильдеги оқытыўшылар өзлериниң педагогикалық процессин әмелге асырыўда өзлерине, өзлериниң психикалық ҳәм профессионаллық қәсийетлерине жүдә жоқары дәрежедеги талапларды қойды. Олар ҳәмийше өз кәсибинен кеўли тоқ. Авторитар стильдеги оқытыўшылар ушын тән болған қәсийетлер-бул оқыўшы оқытыўшы ушын педагогикалық жақтан тәсир көрсетиў объекти есапланады. Оқытыўшы оқытыў, тәрбиялаў процессинде оның қойған талапларының орынланыўын педагогикалық жағдайларды ҳәм оқыўшылардың жеке пикирлерин итибарға алмастан қатаң түрде қадағалап барыўы, ҳәмде өзиниң жеке ҳүкимранлығын орнатыўы болып табылады. Оқытыўшы дерлик ҳеш қашан оқыўшыларға өзиниң қарарларын ҳәм ҳәрекетлерин түсиндирип отырмайды. Педагогикалық процесс барысында оқыўшылар өзлерин кемситилген сезип агрессивлик ҳалатында болып, пәнге болған қызығыўшылығы да сөнип кетеўи мүмкин. Олар барлық күш жигерин қорғаныўға ғана сарплайды. Бул қабилетте ең тийкарғы усыллардан нәсият берип сапқа алыў, тиккелей буйрық бериў усыллары кең қолланылады. Авторитар стильдеги оқытыўшылар көбинесе өзлеринен дыққат итибарын педагогикалық процесстиң тек методикалық тәрепине ғана қаратады. Ондай оқытыўшылар педагогикалық коллективте лидерлик дәрежесинде болады. Либераллық стиль төмендеги қәсийетлерден ибарат: оқытыўшы жеке қарар қабыл қылыўдан қашып кәсиплерине, ал оқытыў процессинде оқыўшыларға таслап қояды; оқыў процесси ҳәм оқыўшылардың белсендилигин арттырыўды шөлкемлестириў ҳәм басқарып барыў алдыннан белгиленген реже бойынша емес, яғный көбинесе тосаттан әмелге асырылады. Бундай жағдайда оқыўшылар арасында ашық сезилмейтуғын конфликтлер (қарама-қарсылық) жүзеге келип, класста турақсыз микроклимат ҳалаты орнаған болып, оқытыўшының оқыўшыларға ҳеш бир тәрбиялық тәсири көзге тасланбайды. Ҳәзирги күнде психологияда қәсиплерде жеке индивидуал стиль жүзеге келгени келтирип өтиледи, яғный бул ҳәр бир қәнийгениң өзиниң жеке өзине тән болған кәсибин шөлкемлестириўде кён пайдаланылатўғын нәтийжели усыллар системасы есапланады. В.С Мерлин ҳәм оның бир қатар шәкиртлери тәрепинен ислеп шығылған илимий-индивидуал стиль көринисин тапқан ҳәр қандай жағдайлардың негизги тийкарғы себеплери толық баян етилген. Жеке индивидуал стиль қәнигениң нерв системасындағы өзгеше өзине тән болған типологиялық өзгешиликлерден (темперамент) келип шыққан ҳалда қалиплеседи. Кәсиптиң бундай стилиниң қәлиплесиўи жедел түде тосыннан қәлиплесиў деп аталады. Жеке индивидуал стильдиң анық белгиленген мақсетке муўапық көзленген ҳалда қәлиплесиў жолы да бар. Ол индивидтиң, оның типологиялық өзгешиликлерине тийкарланған болып, оның күшли ҳәм әззи тәреплерин есапқа алған ҳалда, өзин өзи терең аңлаған түрде яки бай тәжирийбеге ийе педагог тәрепинен тәсир көрсетилиўи натийжесинде жүзеге келеди. Кәсипте стильди анық аңлаған ҳалда қәлиплесиў инсанның анық бир кәсипке, ҳәмде усы кәсипте оған қойылған жоқары дәрежедеги талаплардың қойылыўына муўапық қалиплеседи. Бул мәнисте кәсипте стильди сол кәсиптеги анық бир шахс авторитетине тийкарланған ҳалда қалиплестириўге де болады. Педагогикалық психологияда педагогикалық кәсиптиң жеке индивидуал стилин 4 түрге бөлип көрсетиледи: 1. Имправизациялық-эмоционал стиль. Бундай жағдайда оқытыўшы оқытыў процессине тиккелей бағдарланған болады. Оның жаңа оқыў материалы логикалық жақтан жүдә қызықлы болғаны менен оқыўшылар тәрепинен де сондай қатнаста түсиндириле бермейди. Оқыўшыларды тексериў барысында оқытыўшы көпшилик пенен емес, ал тек күшли оқыўшылар менен ислесиўине туўра келип қаладаы. Себеби, сораў-жуўап қылынғанда көплеген қағыйдалардан тысқары сораўлар берилсе оқыўшылар оған жуўапты ҳәтте қәлиплестире алмайды. Бундай оқытыўшы педагогикалық процессин әмелге асырыў ушын оқыўшыларға ең қызықлы болған оқыў материалын ғана таңлаўға мәжбүр болады, ал онша қызықлы болмаса да бирақ зәрүр болғанлары өз бетинше орынлаўға қалып кете береди. Оның жумысы жоқары дәрежедеги оперативлик пенен ажыралып турады. Ол жүдә кең көлемдеги оқытыў усылларынан пайдаланады, коллективлик пикирлесиўлер алып барады, тосыннан жүзеге келген пикирлерди тәртиплестире алады. Имправизациялық-эмоционал жеке педагогикалық стильине ийе оқытыўшыға: сезгирлик (интиутивлик), оқыў материалының беккемлениў ҳәм тәкирарланыў процессине ҳәмде оқыўшылардың өзлестириўин қадағалаўға итибарсызлық сыяқлы қәсийетлер тән. Download 0.97 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling