Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери
Download 0.97 Mb.
|
Хожаметов.А.
- Bu sahifa navigatsiya:
- 2. 4. Оқытыўшының ҳәм окыўшылардың қарым- қатнас мәденияты
2. Методикалық-эмоционал стиль. Оқытыўшы бул стильден пайдалана отырып, оқытыўшы оқытыў процесси ҳәм оның нәтийжесине бағдарланады. Буның ушын ол оқыў процессин адекватлық тәризде режелестириў ушын зәрүр болған қәбилетлерге, яғный өз жумысында рефлективлик ҳалатынан интуитивлик ҳалатын жоқары қойыў ҳәм оперативлик сыяқлы қәбилетин кең түрде пайдаланады.
Бундай оқытыўшы оқыўшылардың билим дәрежесин үзликсиз түрде оқытыў прцессине беккемлеў, тәкирарлаў ҳәм билимлерди өзлестириўде тәжирийбе ҳәмде көнликпелерин қадағалап барыў элементлерин қосқан ҳалда анық белгилеп барады. Ол оқыў процессинде, сабақта жумыс алып барыў формасын тез-тезден өзгертип отырады, сабакта теманы коллектив пенен талқылаўды биринши дәрежеге қояды, ҳәмде пүткил классты, топарды оқыў процессине актив (жедел) қатнастырыўға ҳәм өз кәсибиниң өзине тән өзгешиликлери менен жақыннан таныстырыўға тырысады. 3. Пикир жүритиўши имправызациялық стиль. Бул стильдеги оқытыўшы сабақ процессине ҳәм оның нәтийжелерине пүткил бағдарланған. Оған оқыў-тәрбиялық процссин адекват тәризде режелестириў қәсийети тән болып, бунда ол жоқарыда сөз етилген стильлердеги оқытыўшыларға қарағанда белсендилик ҳәм дөретиўшилик қәбилети онша жоқары емес. Бундай стильдеги оқытыўшы жумысты жоқары дәрежеде алып бара бермейди ҳәм де коллективтиң пикирлерин улыўма инабатқа алмайды. Оқыўшылардың билимин көзден өткергенде онша көп сөйлемеўге, бирақ оларды көбирек дыққат пенен күзетиўди абзал көреди. Ал оқыўшылар тиккелей емес, ал айланба жоллар менен, яғный анықластырыў, айтып турыў сыяқлы жоллар менен тәсир өткериўге ҳәрекет етеди. Деген менен, бундай оқытыўшы ҳәр бир оқыўшыға өз пикирин жақсылап деталлап қәлиплестирген ҳалда баян етиўине мүмкиншилик береди. 4. Методикалық пикирлеўши стиль. Бул стиль оқытыўда тек нәтийжеге ғана бағдарланған оқытыўшыларға тән. Бундай оқытыўшы педагогикалық жумыс алып барыўда көп жыллар даўамында сыналған усыллардан пайдаланған ҳалда оқытыў-тәрбиялық процессти адекватлы түрде режелестиреди. Бул стильдеги оқытыўшылар жоқары дәрежедеги методикалық (жаңа оқыў материалық системаластырыў, өтилгенлерин беккемлеў ҳәм тәкираралаў, ҳәмде оқыўшылардың билим ҳәм көнликпелерин, өзлестириў дәрежесин қадағалап барыўға жәрдем бериўши ҳәр қыйлы салтанатларды, ис-илажларын өткериў) қәбилетине ийе болады. Ондай оқытыўшылар коллективте жүдә кем ҳалларда пикирлесиўлер алып барады. Оқыўшылардың билимин көзден өткериўде тек бир неше оқыўшылардан ғана сорап баҳалайды ҳәм оларға жақсылап таярланып жуўап бериўлери ушын жетерли дәрежеде үақыт ажыратады. Бул стильдеги оқытыўшылар жүдә бос өзлестириўши оқыўшыларға айрықша дыққат қаратады. Методикалық пикирлеўши оқытыўшыларға рефлекторлық қәбилети де тән болып табылады. 2. 4. Оқытыўшының ҳәм окыўшылардың қарым- қатнас мәденияты Педагогикалық қарым- қатнас дегенимиздиң өзи сабақтағы, сабақтан тысқары ўақыттағы муғаллим ҳәм оқыўшылар арсындағы белгили бир мақсетке қаратылған қолайлы психологиялық климатты пайда етиуге арналған қатнас болып табылады. Егерде педагогикалық қарым- қатнас дурыс орнатылмаса оқыўшылардағы исенимниң, дыққаттың, ойлаўдың раўажланыўы төмен болады. Буның салдарынан оқыўшылардың муғаллимге деген көз қарасы, мүнасебети, уйренилип атырған пәнге болған қызығыўшылығы төменлейди ҳәм оқыўшыларды қолайсыз аҳўалға тусиреди. Оқытыўшы менен оқыушылар арасындағы қарым- қатнас сезимлерге тәсир ететўғын, қуўаныш алып келетўғын, иске қызығыўшылықты пайда ететўғын тийкарғы оқыў- тәрбия жумысларын жеңиллестиретўғын дәрежеде болғаны жақсы болады. Мектептеги тәлим- тәрбия жумысларында тийкарғы орынды тутатўғын ең баслы фигура- бул оқытыўшы ҳәм оқыўшы болып табылады. Оқытыўшы ҳәм оқыўшы арасындағы қарым-қатнас жақсы орнатылған болса оқыў- тәрбия жумысларыда жақсы жолға қойылады. Адамлар арасындағы қарым-қатнас конкрет хызмет устинде пайда болады. Конкрет хызмет тури оның мазмуны ҳәм көлемин шөлкемлестириў формасы тәрбияның толық нәтийжелилигин тәмийнлей алмайды, ал текте тәрбия жумысларына мүмкиншилик туўдыратўғын керекли шәраятларды жаратады. Оқыўшылар менен биргеликте исленетўғын жумыслар уақтында педагог пенен оқыўшылар арасында керекли болған қарым-қатнас орнатылады. Бундай қатнастың оқытыўшыниң айтқанына қойған талапларына оқыўшының сапалы турде жуўап бериўи болып, оған биргеликте жумыс ислеў қатнасығы орнатылады. Класстағы, мектепдеги ҳәр бир баланың улыўма кеуил хошлығы, оның бала жәмийети менен болыў тилеги педагог ҳәм оқыушылар арасындағы орнатылған қарым-қатнаслардың сыпатына ғәрезли болады. Оқытыўшы оқыўшылар менен қандай жумыс алып бармасын, ол белгили дәрежеде олардың әдеп- икрамлылық дәрежесин, адамгершилик минез- қулқын, сезимлерин, ақыл- ойын қәлиплестиретўғынлығына тәсир жасайды. Сонлықтан да муғаллим ҳәм оқыўшылар арасында мектеп турмысының пүтин процессинде, сабақ ўақтында, класстан тыс жумысларында жәмийетлик турмыста, мийнетте қандай дәрежедеги қарым- қатнаслардың орнатылатўғынлығы жудә әҳмийетли болып табылады. Балалар менен алып барылатўғын тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилиги көпшилик жағдайларда муғаллим ҳәм балалар арасындағ қарым- қатнастың характери менен анықланады. Педагоктың балаларға болған исеними оларда оқытыўшыны ҳурметлеў сезимин, муғаллимниң алға қойған талапларының барлығында орынлаў зәрүр ҳәм тилегин пайда етеди. Бундай мүнәсибет әлбетте муғаллим ҳәм оқыўшылар арасындағы қатнас жақсы жолға қойылғанда, өз- ара тусиниў болғанда ғана орнайды. Оқытыўшы ҳәм оқыўшы арасындағы қарым- қатнасты дурыс жолға қойыў ушын муғаллимде жетерли дәрежеде қәбилет болыўы керек ҳәмде өзине- өзи барқулла төмендеги сораўларды бериўи ҳәм оларға жуўап табыўға ҳәрекет етиўи керек: Неге, кимди, қандай уйретиў керек ? Неге уйретиў дегенде : а) илим- пән жаналықларын аңлап билиў, пәндеги жаңа терминлерди тусиниў, оқыў пәни материалларын толық өзлестириў. б) уқып, көнликпе ҳәм қәбилетин қәлиплестириў. в) оқыў пәнлери арасындағы байланыслылықты иске асырыў. г) оқыў мазмунын тусиникли система тийкарында қурыўды нәзерде тутамыз. Кимди уйретиў дегенде : а) оқыўшылардың айрым психикалық өзгешөликлерин ҳәмде олардың қай дәрежеде оқымыслы, тәрбиялы екенликлерин анықлаўды. б) оқыўшылардың бир басқыштан екиншисине өтиўдеги қыйыншылықларды алдыңнан анықлаўды. в) оқыў-тәрбия процессин шөлкемлестириўде балалардың дәлийллери, пикирлерин есапқа алыўды. г) оқыушылардағы ҳәр турли психикалық өзгерислерди ҳәм рауажланыўын есапқа алып өзиниң педагогикалық хызметин шөлкемлестириўди. д) зийрек оқыўшылар менен өз алдына ислеўди шөлкемлестириўди нәзерде тутамыз. Кандай уйретиў дегенде: а) (жумыс процессинде жумсалатўғын күш) энергияны ҳәм жумсалатўғын ўақытты есапқа алған ҳалда оқытыў ҳәм тәрбиялаўдың ҳәр турли усылларын қолланыўды нәзерде тутамыз. Педагогикалық тәсир көрсетиўдиң тийкарғы усылларына: талап қойыў, инта оятыў, марапатлаў ҳәм жазалаў, қызықтырыў ҳәм көрсетпелер бериў жатады. Оқытыўшыниң оқыўшыларға қоятўғын талаплары оның ҳәрекетине қарап шәртли турде ушке бөлинеди: 1. Оқыўшылардың мийнет етиўге қатнасы. 2. Сабақ ўақтындағы тәртиби. 3. Басқаларға болған қатнасы. Педагогтиң оқыўшыларға қоятўғын талаплары тийкарынан оқыў ҳәм тәртибин мазмунына байланыслы болып келеди де, ал балалардың өз- ара қатнасларына аз итибар бериледи. Соның менен бирге оқыўшылардың өз- ара қарым- қатнасына байланыслы қойылатўғын талаплар да ҳеш қандай бир система болмайды ҳәм олар арнаўлы турде қойылатўғын миннетлерди орынлаў болып есапланбайды, ал көпшилик жағдайларда тосыннан қойылады. Соны айтып өтиў керек, оқыўшылардың өз- ара қарым- қатнасына қойылатўғын талаплар саны, оқыў жылының ақырына келип азайып баслайды, ал тәртипти талап етиўдиң саны арта баслайды. Инта оятыў- оқыўшыларға тәсир көрсетиўдиң тәсирли усылы болып, ол балалардың ис- ҳәрекетлери, алға қойған мақсетлери, және умтылыўларын, қызығыушылықларына айланады. Марапатлаў ҳәм жазалаў усылы оқыўшылардың минөз- қулқына бақлаўды яғный пайдалы ис-ҳәрекетлерин қосымша марапатлаўды ҳәмде унамсыз қылықларын сапластырыўды тәмийинлейди. Жәмийетлик тәсир көрсетиўлер оқыўшылардың жәмийтлик пайдалы ис- ҳәрекетлердиң жан- жақлама ҳәм турақлы турде марапатлап барыўды тәмийинлейди. Талап қойыў- бул падагогикалық тәсир көрсетиўдиң дәслепки усылы болып, ол тәрбияланыўшыларда өзине деген жуўапкершилик ҳәм талапшаңлықты рауажландырыўда айрықша орын тутады. Өз- ара пикир алысыў менен тәсир көрсетиў қураллары болып исендириў, тәсир көрсетиў, өз- ара пикирлесиў арқалы тәсир көрсетиўлер хызмет етеди. Исендириў педагогикалық тәсир көрсетиўдиң усылы сыпатында сабақларды оқыў мағлыўматы, дөретиўшилик пикир жүргизиўлер формасында қолланылады. Оқытыўшыниң балалар менен қарым- қатнас етип көплеген фактлерде де анықланады. Бул фактлердиң ең басшылары- педагогтың балаларға болған принципли қарым- қатнасын анықлайтўғын социаллық факторлар ҳәм тәрбияшының тулғасына, оның педагогикалық ойларына, тәрбияның уазыйпасын ҳәм мақсетин тусиниўине ғәрезли болған субъектиф факторлар болып табылады. Педагогикалық қатнастың функциясы социал психологиялық процесси ретинде төмендеги функциялар менен харектирленеди. Жеке адамды билиўи хабарлар менен алмасыў исти шөлкемлестириў роллер менен алмасыў өзин- өзи бекитиў. Хабар функциялы алмасыў процессин материал ҳәм руухый баҳалықлар менен тәмийинлеў. Оқыў- тәбия процессине жақсы жол туўдырады. Педагогикалық қатнастың дўзилиси болып Оқытыўшы тәрепинен болажақ (сабақтың) класс пенен қатнасты моделлестириў. Дәслепки өз-ара ҳәрекет ўақытындағы қатнасты шөлкемлестириў. Педагогикалық процесс ўақтында қатнасты басқарыў. Болған қатнасты талықлаў. Оқытыўшының балалар менен қарым- қатнас стили турақлы турде ҳәм үзликсиз рауажланып баратўғын қоспалы психологиялық - педагогикалық қубылыс болып табылады. Карым-қатнас стили арқалы муғаллимниң педагогикалық процессине болған тийкарғы принципиал бағыты, оның бағдарланғанлығын аңлауға болады. Педагогтың ата-аналар менен қарым- қатнас стили дегенде балаға тәрбиялық тәсир көрсетиўдиң белгили принциплерине тийкарланған жумыс усыллары менен қуралларның турақлы системасын тусинемиз. Педагогта, ата-анада ҳәр-бир оқыўшыға оптимистлик исеним менен қарым- қатнас жасауы тийис. Оқытыўшы оқыўшылар менен болатўғын ҳәр қәдемдеги қарым- қатнас процессинде төмендеги маманлықларды ийелеген болыўы лазым: Сыртқы көринисти қадағалаўды, сөйлеўди менгериўи, педагогикалық қатнасық мәдениятын өзлестирген болыўы, оқыў-тәрбия процессин шөлкемлестириўшилик ҳәм менгериў шеберлигин ийелеген болыўы тийис. Нәтийжеси унамлы болатўғын педагогикалық ис-ҳәрекет педагогтың оқыўшылар менен қарым- қатнасын балалар менен унамлы атмосфера орнаған жағдайда, жумысты демократиялық стилде шөлкемлестиргенде, дөретиўшилик пенен бирликтеги жумыс апарылғанда ғана орнайды. Такт оқытыўшыға сабақтың барлық басқышларында да керек. Әсиресе, ол дыққатты оқыўшылардың уй тапсырмасын тексериў ҳәм билимин баҳалаў ўақытында үлкен итибар аударыў керек. Барлық оқыўшылар оқытыўшының сөзин дыққат пенен тыңлап болып сол адамға қызығыўшылық пенен жуўап бергенди жақсы көреди. Әсиресе оқыўшы жуўап берип атырғанда , оған қарап куле шырай бериў, мақуллаў оған үлкен қоллап қуўатлаў болады. Педагогикалық такт шеберлик пенен алынады тәрбияланады. Ол муғаллимның руухый байлығының нәтийжеси. Барлығынан да бул ҳәзирги баллардың психологиялық жасын ҳәм жеке айырмашылығын билиў. Әлбетте балаларға тәсир етиўдин усылын билиў зәрүр ҳәм булардың ишки дуньясын билиў, шәраятқа бийимлесиў, тәсир етиўдиң мақсетке муўапық уқыбын таңлап алыўға өтиу керек. Мектеп мәмлекетимиздиң бир бөлеги, ал оқытыўшының оқыўшыларға қатнасы- жәмийетлик талапты билдириў тусинигинен келип шығыуы керек. Оқытыўшы мәмлекеттиң исенимли адамы сыпатында өз педагогикалық пазициясын ашық көрсетиўи керек. Педагогикалық мақсетке муўапық қатнас муғаллим ҳәм оқыўшы арасында өз-ара сыйласықта қуралған. Ҳәр- бир оқыўшыны сыйлай билиў керек. Муғаллимның бирден-бир шеберлиги оқыўшыны көбирек сөйлетиўге уйретиў болып саналады. Педагогикалық шеберлик муғаллимдеги бар педагогикалық тактлер менен белгиленеди. Оқытыўшының әдеп- икрамлылық жақтан улыўма тәрбияланғаны педагогикалық такттиң тийкары болып саналады. Педагогикалық такт- бул жоқары адамгершиликти, адамларға ғамхорлықты, сабырлықты, қәлеген шәраятларда әлпайымлылық пенен қатнас жасай билиўди өз ишине алатўғын оқытыўшының үлгили әдеп- икрамлылық минез- қулқы. Педагогикалық тактты ийелеген оқытыўшы оқыўшылар менен бирге, ислескен кәсиплеслери менен өз қатнасларын шеберлик пенен тәртипке салады. Бәринен де бурын педагогикалық тактта адамға терең исеним жүзеге шығады. Оқытыўшы кәлиплесип атырған оқыўшынын жеке өзи менен ҳәм оның балалар менен болған барлық қатнасларын адамға барынша көп талаплар қойыўға ҳәм оларды қаншелли көбирек ҳурметлеўге болады деген принцип тийкарында ис алып барады. Педагогикалық такт пенен бир путин кәсиплик уқыплылықлар тығыз байланыслы. Бул уқыплылық педагогикалық шәраятты бақлайтўғын, оқыўшының өзгешеликлерин есапқа алатўғын, бар болған шалалықларды көре билетўғын, педагогикалық тәсир жасаўды пайда етеди. Педагогикалық шеберликтиң жоқарғы көриниси болып табылады. Тактты ийелеў оқытыўшыдан терең ойлаўды талап етеди. Оқытыўшы өз минез- қулқын барқулла қадағалап билиўи, көз-қарасы менен, тўр-түси менен оқыўшылар ҳәрекетине өз қатнасын билиўи керек. Оқытыўшы ҳәм оқыўшы арасында болатўғын қатнаста педагогикалық тактың әҳмийети зор. Педагогикалық такт деп биз оқытыўшының тәрбия процессинде балалардың кеуилин жаңа дуньясын минез- қылықларын ҳәм психология- физиологиялық өзгешеликлерин терең билиўдиң негизинде белгили бир жағдайлардың талабына сәйкес қолланатўғын усыллардың қосындысына айтамыз. Педагогикалық такт толып болмағанынша оқытыўшы өз пәнин қанша терең билгени менен, тәрбиялық жумыста ҳәр түрли усылларды билгени менен өзиның алдына қойған жас әуладқа ҳәр тәреплеме тәрбия бериў мақсетине жете алмайды. Педагогикалық такттың психологиялық мәниси бар екенлигин айтып кетиў орынлы. Педагогикалық такттың қәлиплесиўи жеке оқыўшылардың басындағы саналы ямаса стихиялы түрде өмир суретўғын психологиялық- эмоционаллық дуньясының қурылысына байланыслы. Усыған қарай жеке адам басқа адамлар менен, сондай - ақ жас әулад пенен қарым- қатнас жасағанда ол өзиның жеке өмир тәжрийбесин адамлар арасындағы қатнаслардың қандай нормалар арқалы жүзеге асатўғынлығын анық көрсетиўге тырысады. Өйткени педагогикалық такт белгили бир системада өзине тән өзгеше қурамалы бөлеклерден турады. Солардың ишинде оқыўшыларға педагогикалық тәсир етиўдеги манилерди сақлаў мәселеси, атап айтқанда оқытыўшының балалардың руухый дуньясын ҳәр тәреплеме түсине билиўи, жас әуладлардың унамлы қәсийетлерин таный билип онда путкил адамгершилик минезди қәлиплестириўге қәбилетлилиги болып табылады. Демек педагогикалық такт ең баслы мораллық қәсийет, олсыз устазлық етиў мүмкин емес. Педагогикалық такттың улыўма негизи жоқарыда айтылғанындай ол ҳәр бир оқыўшының оқытыўшының практикалық хызметинде көп түрли ҳәм ҳәр қыйлы мазмунда болып келеди. Өйткени ҳәр бир оқытыўшы өзине тән жеккелик, жас әуладты тәрбиялаўда қолланатўғын усыллары менен тәсирлери бар. Тәрбия процессиның усындай қуралларын практикада, оқытыўшының күнделикли турмысында пайдаланыўы мүмкин. Усының салдарынан муғаллимның педагогикалық такттың түп мәнисин тусинбеў өзиның оқыўшылар менен қарым- қатнасын өз мәнисинде қолланбаўы мүмкин. Бизиң пикиримизше муғаллимның оқыўшылар менен қарым- қатнасы ҳәр турли жағдайларда ҳәр турли болыўы мүмкин. Соның ушын жағдайларға байланыслы дурыс шешим менен тил табыў дурыс талап қойыўы, бир сөз бенен айтқанда муғаллимның оқыўшыға орынлы, әдил ҳәракетлери менен тәсир етип отырыў керек. Оқытыўшының белгили шектен аспай оқыўшыға тәсир етиўи оның педагогикалық тактине, сезимине, мораллық келбетине байланыслы. Оқытыўшысы өз сөзи менен оқыўшының дыққатын аударыўы тийис. Муғаллим балалар менен әдепли спайы қатнаста болыўы керек. Киши пейиллик- бул өзиның қәдир- қымбатын сезиниў деген сөз. Оқытыўшы сөзинде ҳеш қандай жекириниў, бақырып жибериў, мысқынлаў усаған ҳәрекетлер болмаўы керек. Ол өз сөзинде өзиның сөйлеўлерин жеткизиў ушын интонациалардан дурыс пайдалана билиўи тийис. Оқытыўшы сабақ тусиндиргенде оның даўысы анық ҳәм тынық шығыўы керек. Оқытыўшы- ның оқыўшылар менен қарым- қатнас жасаўында оның даўысы улкен роль ойнайды. Ҳәр бир сөздиң әдебий көркемлиги, тил байлығы көркем болыўы тийис. Оқыўшы жасына сай етип әпиуайы тил менен тусиндириў, илимий тилди көп қоллана бермеў керек. Оқытыўшы өз көркемлилик жағынан басқа кәсип ийелеринен ажралып турыўы тийис. Жуўмақлап айтқанда ҳәр бир педагог жасалма емес, тәбиғий ҳалда ҳәр тәреплеме жетилискен, әдеп- икрамлы, коллекетивте өзин жақсы тута алатўғын, адамларды өзине тартқандай ҳәркетте болыўы тийис. Download 0.97 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling