Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери
Download 0.97 Mb.
|
Хожаметов.А.
М А З М У Н Ы
Кирисиў Өзбекстанда дене-тәрбиясы ҳәм спортты жәнеде рауажландырыў шара-тәдбирлери турысындағы қарары ҳәмде Өзбекстан Республикасында дене-тәрбиясын ҳәм спортты рауажландырыў Концепциясының қабыл қылыныўы, Республиканың сегиз министрлиги қәуендерлигинде қабыл қылынған Өзбекстан халықының физикалық таярлығы ҳәм саламатлық дәрежесин белгилеп бериуши «Алпамыс» ҳәм «Баршынай» арнаулы тест сынағының енгизилиўи ҳаққындағы қоспа қарары ҳәм оларда белгилеп берилген улыўма орта билимлендырыў мектеплерине, жәмийеттиң нызамлы өсип киятырған талабын қайсы оқытыўшыда пухаралық позициясы жәмленген болса, ким улыўмалық ҳәм кәсип мәдениятын ийелеген болса, кимде социяллық белсендилик тәрбияланған болса, әне сондай оқытыўшы әмелге асыра алады. Жоқары дәрежедеги талапқа жуўапқа бериу ушын, студент турақлы турде өз-өзин қурамаластырыў, педагогикалық кәсиплик мийнети ушын зәрур болған ҳәмме нәрсени ийелеуи, ол өзиниң жеке шахслық сыпатларын сәулелендириў керек. Соңғы ўақытлары педагогикалық изертлеўлирдиң ҳәрекетлениўи бир қанша тоқтап қалды. Сонлықтан, бул тараўды изертлеў ықтыяжы жүдә әҳмийетли мәселелерден бири болып табылады. Бундай тараўларда қәнийгелерди таярлаў үзликсиз даўам етсе де мектеплерде ҳақыйқый педагогларды, яғный жас педагог кадрларды жүдә кем ушыратамыз. Билимлендириўге жүдә кең мүмкиншиликлер жаратылған бир пайытта бундай аўҳал әлбетте жүдә ойландырарлы жағдай болып, ең баслы себеби мийнет ҳақының азлығында болса керек. Деген менен бул машқаланың екинши ең әҳмийетли тәрепи де бар. Яғный егерде мийнет ҳақы жоқары болса, онда мектепте жүдә көплеп өз кәсибине уқыбы болмаған ҳәм сүйиспеншилиги де болмаған инсанларды көп ушыратқан болар едик. Сонлықтан дене мәденияты оқытыўшысының усы кәсипти таңлаўда ең баслы гөзлеген мақсети әлбетте материаллық мәплерден ғана ибарат бола алмайды. Педагоглық кәсиби-ҳәзирги күнде ең әҳмийетли ҳәм баслы кәсип түрлеринен бири болып есапланады. Пүткил жәмийет цивилизациясының ертеңги күни усы кәсипке тиккелей байланыслы. Профессионал дәрежедеги (жетик) педагог-бул өзиниң дерлик пүткил ўақтын, керек болса өмири жас әўләдты тәрбиялаўға бағышлайды. Егерде устазлар келешек әўладты тәрбиялаўда бослыққа жол қойса, пүткил билимлендириў системасы процессинде тымтырыслыққа алып келеди. Келешекте өсип киятырған әўлад экономикалық, социаллық ҳәм мәдений раўажланыўды тутып қала алмайды, ҳәмде ҳәр тәреплеме жетик қәнийгелерге соның менен бир қатарда жоқары дәрежедеги оқытыўшыларға да ықтыяжы артыўы даўам ете береди. Машқаланың әҳмийети, мазмуны да соннан ибарат. Егер гәп студентлердиң ҳәзирги күндеги жәмийетлик-экономикалық шараятларда жаңа тәлим системасында (психологиялық кәсипке бағдарлаў бойынша), ҳәмде кәсипти туўры белгилеп алыўды (анықлап алыўы) қәлиплестириў машқаласы менен байланыслы жеке шахслық процесслерди үйрениў ҳаққында сөз барғанда мәселениң актуаллығы кескин екенлигин көриўге болады. Кәсипти туўры белгилеп алыўды қәлиплестириў машқаласына тиккелей байланыслы процессте жүзеге келетуғын мәселелер қатарына шахстың өз кәсибин анықлап алғаннан кейин жоқары оқыў орнында тәлим алыў басқышысында шахстың таңланған кәсипке толық бағдарланыўын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў процессин психологиялық жақтан үйрениў мәселесиде киреди. Жоқары оқыў орнының ең баслы ўызыйпасы жәмийетке жетик педагог-оқытыўшыларды яғыный жас кадрларды жеткерип бериў болғанлықтан бул уснылып атырған питкериў қәнийгелик жумысымның баслы мақсети спорт ҳәм дене мәденияты пәни бойынша педагог-оқытыўшылардың шахслық қәсийетлерин кәсиплик бағдарда үйренип шығыўдан ибарат. Изертлеў объекти: дене мәденияты оқытыўшысының шахслық қәсийетлери. Изертлеў предмети: дене мәденияты оқытыўшысының кәсиплик бағдардағы мазмунлық баҳалық дүзилиси. Жоқарыда айтып өтилгенлерден келип шыққан ҳалда төмендегише гипотезаны келтирип өтемиз, яғный мектеплерде спорт ҳәм дене мәденияты педагог-оқытыўшысының кәсиплик бағдары бир қанша қурамалы өзгешиликлерге ийе көп қырлы болып, кәсиптиң бир қатар өзине тән машақатларын туўры ақлаған ҳалда таңланыўы менен түсиндириледи. Биз алдымызға қойылған мақсетимизге толық ерисиўимиз ҳәм усынылып атырған гипотезаны толық дәлийллеп көрсетиўге ерисиў ушын төмендеги мәселелерди шешиў зәрүр. Олар: 1. Педагоглардың кәсиплик жақтан жүдә әҳмийетли қәсийетлерин, тәреплерин (теориялық анализлеў жолы менен) анықлаў; 2. Педагоглардың кәсиплик жақтан әҳмийетли қәсийетлерин белгилеп бериўшы жеке (индивидуал) психологиялық сыпатламаларын үренип шығыў; 3. Таңланған қәнийгеликтиң кәсиплик жақтан әҳмийетли тәреплерин ҳәм тараўдың қәдир қымбатын тийкарын белгилеўши аспектлер менен өз-ара байланысын анықлап шығыўдан ибарат. Питкериў жумыстың теориялық жақтан әҳмийети ҳәм жаңалығы соннан ибарат, яғный ҳәзирги күнде жүдә көп илимий мийнетлерде дене мәденияты оқытыўшысының ийелеўи шәрт болған, меңгерип алыўы зәрүр болған шахслық қәсийетлери жүдә көп үйренилген, ал оның бул кәсипти таңлаўына алып келген психологиялық тийкарлар жүдә кем үйренилген. Питкериў жумыстың әмелий әҳмийети Педагогика факультети деканаты ҳәм соның менен университетке психологиялық хызмет алып барыўына (жүритиўине) усыныснама берилиўи болып табылады. Download 0.97 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling