Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери
I-бап. Өзбекстан Республикасында жаңа тәлим дәстүриниң енгизилиўи
Download 0.97 Mb.
|
Хожаметов.А.
- Bu sahifa navigatsiya:
- .2. Заманагөй (ҳәзирги күндеги) дене мәденияты оқытыўшысының шахслық қәсийетлери ҳәм оның тийкары, мазмуны
I-бап. Өзбекстан Республикасында жаңа тәлим дәстүриниң енгизилиўи
1.1. Ғәресизлик жылларында билимлендириў тараўындағы өзгерислер Республикамыз ғәресизликке ерискенли берли мәмлекетимизде бәрше тарауларда үлкен өзгерислер әмелге асырылды.Бул өзгерислер путкил тәлим мазмунын қайта шөлкемлестириўди, оқыў орынларының хызметин, максет уазийпаларын ҳәмде оларды баскарыўды өзгертиўди талап етти. Өзбекстан Республикасы президенти И.А.Каримов өзиниң “Ўзбекистон янгиланиш ва тараққиёт йўли” китабында … жуўмақлаушы мақсет күшли демократик мәмлекет ҳәм ашық сыртқы сиясатлы пухаралық жәмийет қурыў болыўы керек. Тек ғана сондай жәмийет Өзбекстан халқының мунасип орнын, оның хуқуқ ҳәм еркинлигиниң кепиллиги, миллий қадирятлар ҳәм мәдениятты тиклеуи, инсанның шахс сыпатында мәдений ақылый рауажланыўын тәминлеуи мумкин. Бул уазыйпаларды оқытыушысыз, жаңа миллий мектепсиз әмелге асырып болмайды. Ғәресизликтиң дәслепки уақытларынан баслап – ақ билимлендириў тараўында бир қанша өзгерислер жуз берди. Билимлендириў тараўында бир неше ҳужжетлер қабыл қылынды. Олардан биринши болып Өзбекстан Республикасы конституция 8-декабрь 1992 жыл қабыл етилген, конституцияның 2-бөлим IX-бап 41-статьясына муўапық ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе, Бейпул улыўма тәлим алыў мәмлекет тәрепинен кепилликленеди. Мектеп иси мәмлекет қадағалаўында болады деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасы “Тәлим турысында”ғы нызамы ҳәм “Кадрлар таярлаудың миллий дәстури” 1997-жыл 29-августта Олий Мажлистиң IX-сессиясында қабыл қылынған. Нызам 5 бөлим 34- статьядан ибарат. Бул нызамнан гөзленген мақсет пуқараларға тәлим- тәрбия бериў, кәсип-өнер уйретиўдиң ҳуқықый тийкарларын белгилейди ҳәмде ҳәр кимниң билим алыў конституциялық ҳуқықларын тәминлеўге қаратылған. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда жәҳән талапларына жуўап бере алатуғындай тәлим дәстүрлерин шөлкемлестириўди жобаластирмақта. Бул процессте оқыў-тәрбия ислерин педагогик теориясы ҳәм әмелиятинда да зәрур өзгерислер әмелге асырылмақта. Билимлендириўдиң парадигмасы – билимлендириўдиң концептуал модели- өзгериўи жуз бермекте: өзгеше жандасыў, өзгеше ҳуқуқ, басқа нәтижелер, өзгеше мүнәсибетлер, өзгеше педагогик минталитетти усыныс етпекте. Бул процесс төмендеги өзгерислер менен билдириледи: Билимлендириўдиң мазмуны жаңа процессуал тәжирийбелер, информациялардан пайдаланыў қәбилетиниң рауажланыўы, пән машқалаларын шешиў ҳәм тәлим дәстүрлерин индивидуалластириўға қаратылған базар әмелияти менен байытылмақта. Дәстүрий информация усыллары – аўыз еки ҳәм жазба турде, теледәстүрлер ҳәм радио байланыслар, оқытыўды компютерли шөлкемлестириў ғалабалық интернет тармағынан пайдаланыўға өз орнын босатпақта. Педагогик процесстиң ең зәрур шөлкемлескен бөлими оқытыўшы ҳәм оқыўшының шахсқа бағдарланған өз-ара мүнасибетлери болып қалмақта. Шахсти ақылый тәрбиялаўға, инсанның мәдений жузиниң сәулелендириўине улкен итибар берилмекте. Тәлим тикарларын жәнеде бирлестириў нәзерде тутылмақта: мектеп, шанарақ, микро ҳәм макро социумларды. Социяллық пикирлеў ойлаў дәрежесине мас педагогик технологиялар жаратыўда пәнниң роли артпақта. Тәлим технологияларын қурамаластырыў психологик-педагогик жақтан төмендегилерден ибарат: а) еслеп қалыў уазийпасы сыпатында оқытыўдан өзлестиргенлеринен пайдаланыўға имкан бериуши ақылый рауажландырыў процесси сыпатындағы оқытыўға өтиу. б) Билимлер ассоциатив, статистик моделинен динамик дузилген ақылый ҳәрекетлер дәстүрине өтиў. в) Орта басқыштағы оқыўшыға мөлшерленген ҳәм ажратып қойылған индивидуалластырылған дәстүрлерге өтиў. г) Оқытыўдың сыртқы себеплеринен ишки мәдений-сабыр тақатлы басқарыўға өтиў. Ҳәзирги шәрятларда окытыўшы, баскарыўшы заманагой иновацион технологиялар, идеялар, жөнелислерин билиў керек, илгери белгили болғанларын кайта пайда етиўге бийкаршы уакыт сарыпламаўы керек. Бугинги күнде тәлим технологияларының кең тўрлерин уйренбей тўрып педагогик билимли канийге болыў мумкин емес. “Педагогик технологиялар” курсын уйрениў ҳәм лекциялар әне усыган мөлшерленген. 1.2. Заманагөй (ҳәзирги күндеги) дене мәденияты оқытыўшысының шахслық қәсийетлери ҳәм оның тийкары, мазмуны Дене мәденияты пәниның мақсети-бул мектеп оқыўшыларында физикалық ҳәм соның менен бирге психологиялық қәсийетлериниң раўажланыўын тәмийнлеўден ибарат. Бул мақсет билимлендириў процессинде тәлим, тәрбия ҳәм саламатластырыў машқалаларын шешиў барысында әмелге асырылып барылады. Бул мәселелерди шешиў өз гезегинде дене мәденияты пәни оқытыўшысының тийкарғы ўазыйпаларын белгилеп береди. Бундай ўазыйпаларға тәрбиялаў, билимлендириў ҳәм ағартыў, шөлкемлестириўшилик ҳәм басқарыўшылық, режелестириў, административлик ҳәм хожалықлық ўазыйпалары киреди: - Тәрбиялық ўазыйпалар оқыўшы шахсының ақылый ҳәм минез-қулқлық көз қарасларын қәлиплестириўден ибарат. - Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық ўазыйпалары оқыўшыларға арнаўлы билим ҳәм көнликпелер бериўден ибарат. - Басқарыўшылық-шөлкемлестириўшилик ўазыйпалары дене мәденияты сабақларын, спорт секциялары сабақларын, спорт жарысларын ҳәм улыўма пүткиллей спортшылардың хызметин шөлкемлестирип ҳәм басқарып барыўдан ибарат. - Режелестириў ўазыйпаларына дене мәденияты бойынша күнделикли ҳәм арнаўлы салтанатларды, оқытыў жүклемелерин ҳәм белгиленген нәтийжелерди, яғный қолға киритилиўи тийис болған нәтийжелерди алдыннан режелестириў ис-иләжлары болып табылады. Бунда оқыўшылардың реал тәризде раўажланыў темпин (барысын) қадағалаў әмелге асырылады. Соның менен бир қатар ис режелерине қосымшалар киритилип барылады. Режелестириўде ең баслы орын күнделикли сабақларды режелестирип барыў болып есапланады. Өйткени бул ҳәр бир сабақтың мазмуны ҳәм мақсетинен, оқыўшылардың жасынан, топардың өзине тән өзгешиликлеринен, жынысый ҳәм индивидуал (жеке) өзгешиликлерден келип шыққан ҳалда оқыў материалларын таңлап барыўды талап етеди. Буның барлығы ҳәр бир сабақтың күнделикли режесинде, яғный конспектинде баян етиледи. Соның менен бирге сабақ конспектине оқытыўшының өзине тән ҳәрекетлери, ис-илажларының избе-из баян етилген мазмуны ҳәм пүткил системасы ҳаққында, ҳәмде оқыўшлардың ҳәрекетшеңлигин арттырыўға хызмет қылыўшы усыллар ҳаққында мағлыўматлар көрсетилиўи шәрт. - Дене мәденияты пәни оқытыўшысының административлик- хожалықлық ўазыйпалары жүдә көп қырлы болып, олар дене тәрбиясы процессин материяллық жақтан тәмийнлеўге қаратылған. Бундай ўазыйпаларға спорт қуралларын, әспаб-үскенелерин алыў, жаңалаў, оңлаў, спорт залларын ремонт қылыў, мектеп жанындағы спорт майданшаларын абаданластырыў ҳәм де ҳәр қыйлы туристлик сейиллерин ҳ.т.б. да ис-илажларды асырыўды тәмийнлеўден ибарат. Дене мәденияты оқытыўшысының алып баратуғын ўазыйпалары. а) Мектепте алып баратуғын жумыслары: - класстағы сабақлары. - Сабақларды өткериў. б) Класстан тысқары сабақлар (қосымша): - секцияларда алып барылатуғын сабақлар; - мектеп көлеминде алып барылатуғын жарыслар; - спорт салтанатларын өткериў ; - туристлик сейиллерин ҳәм әскерий қәҳәрманлық ойынларын өткериў; - оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары менен ағартыўшылық жумысларын алып барыў. - Мектептен тысқары алып барылатуғын жумыслар. - Оқыўшылардың жасайтуғын мәкән жайларында алып барылатуғын жумыслар. - Мийнет лагерлери ҳәм дем алыў лагерлеринде алып барылатуғын жумыслар. Басқа пән оқытыўшыларына салыстырғанда дене мәденияты оқытыўшылары өзине тән арнаўлы шараятларда жумыс алып барады. Дене мәденияты психологиясында бундай шараятларды 3 топарға бөлип көрсетиледи: - психикалық басым шараяты; - шараятлар ҳәм физикалық басым шараятлары; - сыртқы орталық факторлары менен тиккелей байланыслы шараятлар. Download 0.97 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling