Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери


Дене мәденияты пәни оқытыўшысының қәбилетлери


Download 0.97 Mb.
bet6/13
Sana17.06.2023
Hajmi0.97 Mb.
#1548596
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Хожаметов.А.

2.2. Дене мәденияты пәни оқытыўшысының қәбилетлери

Дене мәденияты пәни оқытыўшысының қәбилетлери: конструктивлик, шөлкемлестириўшилик, коммуникативлик, гностикалық ҳәм ҳәрекетшеңлик болып бир неше түрлерге бөлинеди.


Конструктив қәбилетлер дене мәденияты пәни оқытыўшысына бул түрдеги қәбилетлер өз жумысларын (хызметин) режелестириўде жүдә әҳмийетли болып, олар оқыў материалларын туўры таңлаў ҳәм дүзиў, күнделикли ҳәм нәтийжели режелестириўди әмелге асырыў, спорт әспаб-үскенелерин алыў яки жаңалаў ҳәм ремонт қылыў сыяқлы ис-иләжларды жоқары дәрежеде әмелге асырыў сыяқлы қәбилетлерди өз ишине алады. Бунда оқытыўшы режелерин өз ўақтында тийисли қосымшалар менен толықтыра алады ең тийкарғы әҳмийети болып табылады.
Шөлкемлестириўшилик қәбилетлери. Бул қәбилет оқытыўшының алдына қойған режелерине тиккелей байланыслы. Бунда оқытыўшы тек өзиниң ғана емес, ал оқыўшылардың да ҳәрекетлерин анық шөлкемлестире алыўы шәрт.
Оқытыўшының өз кәсиплеслери, оқыўшылары ҳәм олардың ата-аналары менен, улыўма орталық жәмийет пенен өз-ара қарым қатнас жасай алса буның барлығы коммуникативлик қәбилетлер болып табылады. Бундай қәбилетлер шәртли түрде: жеке коммуникативлик, дидактикалық ҳәм ораторлық болып 3-ке бөлинеди. Жеке коммуникативлик қәбилетлери бул адамлар менен тиккелей қарым-қатнас жасай алыўы. Дидактикалық қәбилетлерге оқытыўшының оқыўшыларға оқыў материалын анық ҳәм түсиникли етип жеткерип бериўи болып есаплапады. Дидактикалық қәбилетлерге сабақлардың барысында дене мәденияты пәни шынығыўларына қызығыўшылығын оятыў ҳәм раўажландырыў, өзиниң жан күйерлигин оқыўшыларға да сиңдире алыўы, оқыўшылардың дыққат итибарын бысқара алыўы, өзиниң педагогикалық басым өткериўиниң ақыбетлерин болжай алыўы да киреди. Ораторлық қәбилетлери ең алды менен ҳәр бир педагог меңгериўы шәрт болған сөйлеў мәдениятын қәлиплестиреди.
Гностикалық қәбилетлер оқытыўшының тек айырым оқыўшыларды ғана емес, ал пүткил классты, өз коллективин үйрениў, ҳәм өзиниң педагогикалық хызметиниң нәтийжелерин ҳәм педагогикалық жағдайларды анализлеў менен тығыз байланыслы. Гностикалық қәбилетлер перцептивлик қәбилетлерге, яғный дыққат пенен күзетиў, белгилеў қәбилетлерине тийкарланған болады. Олар илимий-методикалық әдебиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм әпиўайы илимий изертлеўлер алып барып, олардан алынған нәтийжелерди анализлей алыў сыяқлы қәбилетлерди өз ишине алады.
Ҳәрекетшеңлик қәбилетлер биринши нәўбетте дене мәденияты пәни оқытыўшысының ҳәр қыйлы шынығыўларды орынлай алыўы болып табылады, яғный оқыў дәстүрине киритилген ҳәр қандай шынығыўларды көрсете алыўы оқыўшылардың нәтийжели ҳәрекетлениўин анық белгилей алыўы, анықлап барыўы болып есапланады. Дене мәденияты пәни оқытыўшысының ҳәрекетшеңлик қәбилетлерине жоқарыда айтып өтилгенлер менен бир қатарда ҳәр қыйлы әмелий ис-илажларда: туристлик сейиллерге, ашық майданларда, спорт залларда, спорт әспаб-үскенелерин сазлаўда бир қатар қәўипсизлик илажларын әмелге асырып барыўы да киреди.



Download 0.97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling