Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери


II-бап. Дене мәденияты пәни оқытыўшысының жеке шахслық сыпатларының тийкары ҳәммазмуны


Download 0.97 Mb.
bet5/13
Sana17.06.2023
Hajmi0.97 Mb.
#1548596
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Хожаметов.А.

II-бап. Дене мәденияты пәни оқытыўшысының жеке шахслық сыпатларының тийкары ҳәммазмуны


2.1. Дене мәденияты пәни оқытыўшысы ҳәм оның жеке сыпатлары

Дене мәденияты пәни оқытыўшысының кәсип шеберлиги оның педагогикалық хызметке қай дәрежеде уқыплылығынан келип шыққан ҳалда анықланады. Педагогикалық хызмет төмендеги топарларға бөлинеди:


1. Дидактикалық қәбилетлер-бул оқыў материалын толық түсиндирип жеткерип бериў қәбилетлери болып табылады. Оқытыўшы өз оқыў материалын оқыўшыларға түсиникли етип, қызықтырған ҳалда, оқыў процессинде өз бетинше еркин ҳәм белсендилигин арттыратуғын дәрежеде таярлаўы керек. Бундай қәбилетлер оқытыўшының оқыў материалын аудиторияға бейимлестирип қыйын сабақты-жеңиллестирип, қурамалыларын-әпиўайыластырып, түсинбегенлерин-түсиникли етип қайта ислеп шығыў шеберлигинде айқын көринеди;
2. Академиялық (илимий) қәбилетлер-бул анық бир тараўға тийисли қәбилетлер болып есапланады. Жоқары қәбилетге ийе тәжрийбели оқытыўшы тек өзине белгиленген сабақларды ғана емес, ал кеңирек ҳәм тереңирек билиўи зәрүр. Ол өз қәнийгелиги бойынша ең соңғы жаңалықлардан хабардар ҳәм керек болса өзи илимий ис жүрите алатуғын болыўы тийис;
3. Перцептивлик қәбилетлер-бул оқыўшының ишки дүньясына жол таба алыў, яғный оқыўшының шахсын оның психикалық жағдайын терең сезе алыўы жүдә әҳмийетли;
4. Сөйлесиў қәбилети-яғный өз пикирин, алға қойған мақсетин тийисли сөзлер, мимка ҳәм пантомимика арқалы жеткерип бере алыў. Бунда оқытыўшы өз сөзине, алға қойып атырған мақсетин исендире, көндире алатуғын дәрежеде баян ете алыўы тийис;
5. Шөлкемлестириўшилик қәбилети-бул оқыўшыларды бир коллектив болып қәлиплесиўин, оқыў процессиндеги ҳәр қандай мәселени шешиўге биргеликте топар болып ҳәрекетленип шешиўге әдетлениўин шөлкемлестириў. Соның менен бирге оқытыўшы өз мийнет тәжирийбесин арттырып барыўды да туўры шөлкемлестире билиўи тийис;
6. Авториторлық қәбилетлер-бул оқыўшыларға жигерли, эмоционаллық тәсир өткериў арқалы өз авторитетине ерисиў;
7. Коммуникативлик қәбилетлер-бул оқыўшылар менен қарым қатнас жасаў, оларға жақыннан жандасқан ҳалда педагогикалық хызметин әмелге асырыўда мақсетке муўапық болған өз ара қарым-қатнасларды орнатыў уқыплылығы болып табылады.
9. аттенционаллық қәбилетлер-бул бир ўақыттың өзинде спортттың бир неше түрлерине бирдей дыққат итибарда болыў болып табылады. Бунда оқытыўшы ҳәр бир топарда бир неше жумысларды, хызметлерди, ҳәрекетлерди де бирдей нәзерде тутыўы лазым. Мәселен, оқыў материалының мазмунына, оның толық баян етилиўине, өз пикирин толық жеткерип бериўге, соның менен бир қатарда барлық оқыўшыларға бирдей итибарда болыўға, олардағы шаршаў, итибарсызлық, түсинбеўшилик тәртипке бойсынбаўшылық сыяқлы ҳәрекетлер менен бирге өзине де итибарсыз болмаўы зәрүр.



Download 0.97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling