Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери


Дене мәденияты пәни оқытыўшысы (атақ- абройы)авторитети


Download 0.97 Mb.
bet9/13
Sana17.06.2023
Hajmi0.97 Mb.
#1548596
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
Хожаметов.А.

2.5. Дене мәденияты пәни оқытыўшысы (атақ- абройы)авторитети

Педагоглық кәсипте жоқары дәрежедеги табысларға ерисиў көп жағдайларда оқытыўшының авторитетине тиккелей байланыслы. Егерде оқытыўшы оқыўшылар арасында авторитетке ийе болса, онда бундай оқытыўшы оқыўшыларға жүдә күшли тәрбиялық тәсир көрсете алады.


Оқытыўшының авторитети оның педагогикалық кәсиби процесси даўамында қәлиплеседи. Сонлықтан педагогтың кәсиплик шеберлигиниң екинши бир ажыралмас бөлеги деп оның авторитетин есапласақ болады. Жас қәнийге мектепке келип жумыс баслаған дәслепки күнлеринен-ақ өз авторитетин жарата баслайды. Бул процессти туўры шөлкемлестириў ушын дене мәденияты пәни оқытыўшысы авторитети нелерди анық белгилеп бере алыўын билиў зәрүр.
Дене мәденияты пәни оқытыўшысының авторитети бир қатар компонентлеррден қуралған. Жоқары дәрежедеги шеберликке ийе қәнийге авторитети оның спорт ҳәм дене мәденияты пәни тараўындағы билим ҳәм көнликпелерине тиккелей байланыслы. Оқытыўшының өтмиштеги спортшы сыпатындағы статусы да жүдә әҳмийетли.
Авторитет жасы соның менен белгиленеди, яғный оқытыўшы оқыўшылар ушын ҳәмийше жоқары дәрежедеги жүдә бай тәжирийбеге ийе жасы үлкен инсан, яки жасы үлкен дос болыўы тийис.
Оқытыўшыңың педагог сыпатында авторитети (статусы) бириншиден оның өзин педагог сыпатында өзин тута билиўи, екиншиден, өзине тән «Мен» деген түсиникке тийисли жеке шахслық сыпатламаларына ҳақыйқый муўапық бола алыўы.
Дослық авторитети егер оқытыўшы оқыўшыларға өзине дос жәрдемин яки жигерлик сыпатында қатнаста болыўына рухсат берсе ғана жүзеге келеди. Бирақ оқытыўшы өзи ҳәм оқыўшылар арасындағы аралықты сақлай ала билиўи тийис.
Мийирманлық авторитети, мәселен егер оқытыўшы сабақ даўамында оқыў материалын түсиндириў орнына оқыўшылардың усынысын қоллап-қуўатлап олар менен бирге баскетбол ойнаса ғана жүзеге келеди. Лекин бул авторитет белгили бир жағдайларда ғана пайдалы болып, улыўма оқытыў процессин шөлкемлестириўдиң заманагөй принциплери ҳәм тийкарғы талапларына туўра келмейди деп есапланады. Төменде сөз етилетуғын бир қатар авторитетлер де олар қатарынан орын алған.
Шөктириў авторитети оқыўшылардың оқытыўшыдан қорқыўынан жүзеге келип, оқыўшылар тек ғана бойсыныўшыға айланып қалады.
Мақтаншақлық авторитети оқытыўшының өтмиштеги, оның спортшы болған дәўириндеги ерискен жетискенликлери ҳәм хызметлерине тийкарланған. Дурыс бундай авторитетте басланғыш классларда жоқары нәтийжелерге ерисиўге болғаны менен бул тек жумыс алып барыўдың дәслепки дәўирлеринде нәтийжели болғаны мене кейиншелли оның авторитети жеке шахслық ҳәм кәсиплик шеберлигине тиккелей байланыслы.
Резонерлик авторитети оқыўшыларға ҳәттеки әҳмийетли болмаған мәселелерде де тынымсыз ақыл бере бериўши оқытыўшыларға тән.
Педаптимизмлық авторитети барлық тәртип-қағыйдаларға, нызамларға ҳеш бир сөзсиз бойсыныўшы оқытыўшыларға тән болып, бундай оқытыўшылар бюрократлық пинциплерине таянған ҳалда ис жүритеди.
Жоқарыда сөз етилген барлық компонентлер оқытыўшының пүтин бир авторитетин қурайды. Дене мәденияты пәни оқытыўшысы өзине унамлы авторитетти қәлиплестире отырып соны да нәзерде тутыўы тийис, яғный өзине зәрүр болған (өзиниң жеке қәбилетлерин, мүмкиншиликлерин толық есапқа алған ҳалда) ең оптимал принциплерди туўры аңлап жетиўи ҳәм тийисли болған оның өзине тән жеке авторитетин қураўшы компонентлер дизимин дүзип алыўы (оларды әҳмийети ҳәм мазмунына қарай жайластырған ҳалда) тийис. Бунда ол оқыўшыларды оқытыў ҳәм тәрбиялаў процессин нәтийжели алып барыўында өзиниң жеке шахслық, кәсиплик шеберлигин қәлиплестирип барыўына кең имканиятлар жаратады.
Бул көрилип шыққан мәселениң теориялық анализи соны көрсетти, яғный кәсиплик бағдарланыўдың жоқары дәрежеси бул кәсип таңлаў системасында шахслық ҳәм жеке қызығыўшылық қәсийетлериниң бир пүтин болып шахслық мотивлериниң дүзилисиниң анық сыпатын көрсетеди. Соны да айтып өтиў тийис, бунда шахстың жеке өзгешелик сыпатламалары менен қәбилетлердиң раўажланыў дәрежеси жүдә әҳмийетли роль ойнайды. Деген менен бундай өз ара жеке минез қулқ өзгешеликлери менен қәбилетлер арасындағы байланыста ең жоқары дәрежеде рәўажланғаны әҳмийетли орынға ийе болады. Кәсиплик бағдарланыўдың раўажланыўы ушын оқытыўшылық кәсибинде таңланған кәсип талаплары менен оның инсан ушын жеке шахслық арасындағы қарама-қарсылықларды актуалластырыўшы кәсипти шөлкемлестириў жүдә әҳмийетли.



Download 0.97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling