Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери


Download 0.97 Mb.
bet12/13
Sana17.06.2023
Hajmi0.97 Mb.
#1548596
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
Хожаметов.А.

Жуўмақлаўшы бөлим

Бизиң бул усынылып атырған питкериў жумысымызда болажақ педагоглардың предметлик-ҳәрекетлик ҳәм баҳалық-мазмунлық аспектлериниң өз-ара байланысы мәселеси көрип шығылды.


Бул бойынша бир қатар жергиликли ҳәм шет мәмлекетлерде жәрияланған әдебиятларды анализлеў нәтийжесинде төмендегише жуўмақларға келдик:
1. Кәсипке бағдарланыўдың жоқары дәрежеси-бул шахслық мотивлери дүзилисиниң кәсипти таңлаў системасында шахслық ҳәм жеке қызығыўшылық қәсийетлериниң бир-бирине муўаплықлығы.
2. Кәсипке анық бағдарланыўды қәлиплестириўде шахстың характереологиялық өзгешиликлери ҳәм оның өзине тән жеке қәбилетлериниң раўажланыў дәрежеси әҳмийетли роль ойнайды.
3. Кәсипке анық бағдарланыўды раўажландырыў ушын студентлердиң таңлаған кәсиби бойынша талаплар ҳәм оның инсан сыпатындағы шахслық негизи арасындағы қарама-қарсылақларды актуалластырыўшы хызмет тараўын шөлкемлестириў зәрүр.
4. Жергиликли әдебиятларда педагоглардың кәсиплик әҳмийетке ийе қәсийетлери арасында төмендегилер айрықша атап көрсетиледи: эрудиция, педагогикалық ой-сана, интуиция (сезиў), импровизациялар жарата алыў, бақлаў, оптимизм, тапқырлық, педагогикалық жақтан болжаў, рефлексия ҳ.т.б. лар.
5. Илимий изертлеўшилерге төмендеги қәбилетлер тән деп есапланады: көп нәрселерди билиўге қызығыўшылық, бир мәселе үстинде узақ ўақыт даўамында бас қатыра алыўшылық, илимий жақтан жоқары дәрежеде талапқа ийе болыўы, дөретиўшилик пенен пикирлей алыўы, жүдә бай фантазия, бақлаў, өз исине ҳәм ондағы мәселелерге энтузиазм, тынымсыз ҳәм пухта мийнет етиў, тәртипти қадағалап барыў, өзин- өзи ҳәм улыўма сынға,сын пикирлер жүрите алыўы, адамлар менен тил табыса алыўы ҳ.т.б.лар.
Психологиялық ҳәм педагогикалық әҳмийеттеги бир қатар әдебиятларды теориялық жақтан анализлеў барысында өспиримлик дәўир кәсипке бағдарланыўды қәлиплестириўде ең әҳмийетли дәўир екенлиги анықланды. Тәжирийбеден өткерилген студентлердиң нәтийжелеринде кәсипти таңлаўы себеплери тийкарғы баҳалық-мазмунлық жақтан болажақ кәсибин таңлаўы жүдә пәс дәрежеде, яғный анық көрсетилмеген жасларда болажақ кәсибинаның таңлаўы ушын еле жоқары оқыў орнында оқып жүрген дәўиринен студентлерде кәсибин, жумыс алып барыў тараўын анық белгилеп алыўлары ушын бир қатар ис-илажлары сыпатында болажақ жумыс орнын анықлаўда ҳәр қыйлы тренинглер, тест ҳәм анкета сораўларынан пайдаланылса болады.
Деген менен күнделикли турмысты ҳәммеси басқаша, еле де қурамалырақ болып, көплеп усыллар илимий жақтан усынылған тийкары бойынша бири екиншисине туўра келе бермейди. Бундай жағдайда тийкарынан жаңалықлар ҳәм мағлыўматларға таянған ҳалда жумыс алып барыўшы оқытыўшылардың оқыўшылары излениў усылынан дерлик базыларынан пайдаланған ҳалда, жүдә жоқары дәрежедеги машқалалар менен оқыйды ҳәм кейиншели сол дәрежеде жумыс алып барады.
Оқыўшының шахсына тәлим-тәрбиялық жақтан тәсир жасаўы оның шахслық қәсийетлеринде өз көринисине ийе болады.
Деген менен инсанның шахс болып қәлиплесип жетилисиўи ушын пүткил жәмийетлик орталық, ҳәттеки материаллық байлықлардың бөлистирилиўин қосып есаплағанда, ҳалықтың материаллық байлығы, жәмийеттиң руўхый мәдений турмысы, билимлендириў системасы, мәденияты, ден-саўлықты сақлаў, шаңарақтағы мүнәсибетлер, мийнет коллективлериниң социаллық-психологиялық климаты (орталығы) ҳ.т.б көплеп факторлар үлкен тәсир көрсетеди. Бирақ егер педагог, оқытыўшы жүдә жоқары дәрежеде жетилискен шахс болса, оның оқыўшыға жасайтуғын тәсири жүдә бийбаҳа.
Оның оқыўшылар менен қарым- қатнасы, оқыў процессин анық ҳәм нәтийжели шөлкемлестире алыўы, тәлим алыў процессинде оқыўшылардың психикасына көп саатлап ақыл нәсият оқығаннан көре көбирек анағурлым әҳмийетли тәсир жасайды. Себеби бийкарға айтылмаған «үйдеги тәртипсизлик, ой-санамызда»- деп. Тәжрийбели педагог ҳәр дайым оқыў процессинде тек билим берип ғана қоймастан, оның сабағының барысы да тәрбиялық әҳмийетке ийе.
Жүдә бай тәжрийбеге ийе педагог ҳәр тәреплеме қәлиплесип жетилискен ҳәм жоқары дәрежеде тәрбияланған шахсты жеткерип береди.


Download 0.97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling