Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери
III-БАП. Болажақ дене мәденияты пәни оқытыўшыларының жеке шахслық қәсийетлерин үйрениў(изертлеў)
Download 0.97 Mb.
|
Хожаметов.А.
III-БАП.
Болажақ дене мәденияты пәни оқытыўшыларының жеке шахслық қәсийетлерин үйрениў(изертлеў) 3.1 Изертлеў методлары Студентлердиң шахслық қәсийетлерин үйрениў ушын төмендеги методикалардан пайдаланса болады. Бул мәселеде 1949-жылы Р.Б. Кеттел тәрепинен баспа сөзде жәрияланған шахстың көп факторлы сораўнамасы жүдә нәтийжели. Бул тест жоқары дәрежеде универсал болып, жеке шахслық, индивидуаллық ҳаққында жүдә көп мағлыўматлар береди. Бул тест жәрдеминде шахслар арасындағы өз-ара қарым-қатнысықлардағы өзгешеликлерди, интелектуаллық, коммуникативлик өзгешиликлерди анықлаўға жәрдем береди. Сораўлар жүдә анық дәрежеде ашық дүзилген болып, әпиўайы күнделикли турмыстағы жағдайларды өз ишине алған. Биз өз питкериў жумысымызда усы тесттың модификацияларынан бири болған «17 шахслық фактор»дан пайдаланамыз. Бул (SD) «социаллық келиўи»ниң кәсиплик шкаласы (өлшем бирлиги) менен толықтырылған Кеттелдиң «16PF» тестиниң рус тилиндеги автоматластырылған варианты. Оның тийкарында «А» ҳәм «В» формасындығы 187 сораўдан ибарат психоматериалық бейимлесиў есабынан модификацияланған дизим болып табылады. Биз усынылып атырған питкериў жумысымызда 16 жастағы ҳәм оннан да жоқары жастағы инсанларға арналған «А» формасы туўра келеди. Оған көре шахслық факторлардың мазмуны ҳәм олардың бир-бири менен өз-ара байланысын анализлей отырып бир қатар илимпазлар (авторлар) факторлардың бир неше блокларын (бөлимлерин) келтиреди. Олар төмендегилерден ибарат: 1. Интелектуаллық өзгешиликлер 2. Жигерли-эмоционаллық (сезим) өзгешиликлер 3. Коммуникативлик қәсийетлер ҳәм шахслар арасындағы өз-ара байланыслар. Ең тийкарғы 16 факторлар тийкарында 4 -екинши дәрежели факторларды есаплап шықты. Олар: (QI) ийилиўшеңлилик ҳәм ригидлик; (QII) өзине-өзи кеўли тоқ болыў ҳәм социабеллик; (QIII)рационаллық ҳәм эмоционаллық; (QIV) тырысыў ҳәм босасыў. 7стэннен жоқары көтерилген (профиль) қәсийет фактордың унамлы тәрепиниң бир көриниси деп түсиндирилген болса, ал 4 стэннен жоқары болмағаны фактордың унамсыз тәрепи деп белгилениўи шәртли түрде ҳеш бир этикалық яки психологиялық мазмунға ийе емес. В.М Мельников ҳәм Л.Т Ямпольскийлердиң айтыўынша, «олар унамлы яки унамсыз мазмунға тек анық бир кәсипке, хызметке қараса ғана ийе болыўы мумкин» . Кейин алынған нәтийжелерди педагоглардың кәсиплик өзгешилигине қарай баҳалаў зәрүр. Өйткени бул кәcиптиң кәсиплик әхмийетке ийе қәсийетлери тийкарында характереологиялық өзгешиликлер жатады. Өмирде әҳмийетли бағдарларға ийе тест Джеймс Крембо ҳәм Леонардо Махоликтиң «Өмир мазмуны» атлы тестының ықшамластырылған (адаптацияланған), яғный рус тилине ықшамластырылған варианты болып, оның рус тилинде дәслеп К. Муздыбаев тәрепинен қосамшалар киритилген. Оның басқа рус тилиндеги варианты К. Муздыбаевтикине тийкарланған ҳәм ыкшамластырылған болып, 1986-1988 жыллары А.Д Леонтьев тәрепинен ислеп шығылған. Бул тест 20 бөлимнен ибарат болып, олардың ҳәр бири еки қарама-қарсы пикирлерди (дәлийлерди) өз ишине алған: бул еки қрама-қарсы қосымшаларда 7 қәлеў киритилди. Тест тапсырыўшыларға усынылып атырған 7 қәлеўден (градациядан) бирин таңлаўға, яки өзиниң қәлеген санын киритиўге имканият бериледи. Бул тест тийкарғы мазмунынан тысқары 5 субшкала, 3 анық өмирдиң мәнисин бағдарлаўшы тийкарларға ҳәм 2 қадағалаў локусына да ийе: 1-Субшкала. Өмирдеги мақсети. 2-Субшкала. Өмирдеги жүз бериўши процесслер яки қызығыўшылық ҳәм эмоционал лабиаллық. 3-Субшкала. Өмирде ерисилген нәтийжелер яки өз-өзиниен қанаатланыў. 4-Субшкала. Мен-қадағалаў локусы (Мен-өз өмиримниң ийесимен). 5-Субшкала. Қадағалаў локусы өмир яки өмирдеги басқарыў. Педагоглардың ҳәм излениўшилердиң баҳалы бағдарланыў системасында кәсиплик әҳмийетке ийе жеке шахслық қәсийелерин үйрениўге А.А. Гоштаутас, А.А. Семенов ҳәм В.А. Ядов тәрепинен ықшамластырылған М. Рокичтиң методикасынан пайдаланылса болады. Бул методика ҳәр бирине 18 бақалаўлардан ибарат, еки дизимнен ибарат болып, олар: 1. терминаллық (яғный мақсетлердиң баҳаланыўы); 2. инструменталлық (баҳаланыў қураллары) алфавит тәртибинде қағазға шығарылған тесттен өткерилип атырған ҳәр бир бөлимге 1 санын (18 ге шекем) қойып кетиўи тийис. Терминаллық баҳалықлар бул инсанның ең тийкарғы мақсетлери болып, олар узақ өмир даўамында созылған әҳмийетке ийе көринисте. Басқаша айтқанда инсанның ҳәзирги күнде ҳәм келешекте умтылатуғын белгили бир мақсетлери болып табылады. Биринши топар студентлери өзлери ушын ең зәрүр болған баҳаланыў бағдарларын, яғный қымбатлы баслы мақсетлерин таңлайды: Инструментал баҳаланыў өмирдеги баслы мақсетлерге ерисиў жоллары, қуралларын көрсетеди. Олар жәрдеминде инсанның терминаллық баҳалықлары әмелге асырылады. Соны да айтып өтиў лазым мақсетлер шәртли түрде анық белгиленген, әсиресе шахстың қәлиплесиў дәўири басқышларында шахстың тийкарғы қәсийетлерин көрсетиўши өмирдеги мақсетлери сыпатанда терминаллық баҳалықлар ролин атқарады. Тест арқалы сынаўдан өтиўшилердиң критерияларын анықластырыў ушын баҳалықлардың әҳмийетин ғана емес, ал оның орынланыў дәрежесин де есапқа алыў тийис. Буның ушын еки дизимди бирдей есаплаў (пайызларға %), яғный оның өмириндеги ҳәр бир баҳалықлардың әмелге асыў дәрежесин есаплаў усынылады. Улыўма топар бойынша нәтийжелерге ерисиў ушын топардан алынған мағлыўматларды орташа арифметикалық мәнисин есаплап шығарылып, кейин оларды көбейтип барыўы тәртибинде қайтадан есаплап шыгылады: Жүдә пәс дәрежедеги баҳалықларға екинши дәреже 1 (ранг), ал кейингилери 2, 3 ҳәм сол тақылитте. Нәтийжеде баҳалықлар бағдарының индивидуал нәтийжелерди есаплаўдағыдай тәртиптеги көриниси дүзиледи. Жоқары бөлимге киритилген баҳалықлар ең көп қәленген деп, ал орташа ҳәм киши бөлимлерге киритилгенлери болса онша әҳмийетли емес деп есапланады. Кейинги басқыш- бул студентлер ушын анкета ислеп шығыў ҳәм сораўнаманы алып барыў. Бунда студентлерге аты, фамилиясын, жасын, жынысын, топарын, курсын, шаңарақлы яки бойдақ екенлиги ҳаққындағы мағлыўматларға жуўап бериў усынылады. Анкетаға тийкарынынан олардың педагогикалык яки илимий жумысқа бағдарланғанлығы ҳәм шаңарақтағы үрп-әдетлери арасындағы өз-ара байланысларды есапқа алған ҳалда оқыў процесси ҳәм ата-аналарының кәсибине тийисли сораўларды қосыў мақсетке муўапық. Және де шкалалар жаратыў да жүдә әҳмийетли: орынлаў (әмелге асырыў) тараўы, өмирде әҳмийетли тәреплери, ашық сораўлар формасындағы кәсипти таңлаў тийкарлары (мотивлери) ҳәр бир қәсийет, яғный оқыўшының кәсибин таңлаў ушын түртки бола алатуғын қәсийет 3 баллы системада қосымша киритилиўи өзин-өзи баҳалап барыўда ҳәр тәреплеме нәтийжелер алыўда жүдә қолайлы есапланады. Жоқары оқыў орнын питкергеннен кейин балалар менен ислесиў ҳәм оқытыўшы болып ислеўди қәлеўин анықлаў бойынша жабық сораўлар да болып, оларға жуўап бериў менен бир қатарда олар педагог шахстың 3 унамлы ҳәм 3 унамсыз тәреплерин көрсетип түсиндирип бериўлери тийис. Download 0.97 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling