Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери


Download 0.97 Mb.
bet4/13
Sana17.06.2023
Hajmi0.97 Mb.
#1548596
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Хожаметов.А.

1.3. Педагогикалық техника
Тәжирийбели ағла оқытыўшылардиң жетискенликлерин терең уйренгенимизде олардың қолланатўғын усыларының шебер анық, қолайлы иске асатўғынлығын ҳәр қыйлы әмели шынығыўлардың жай қарағанда әпиўайы, лекин жуда түсиникли, шешилиўине аңсат болатўғын жолларының күшли тағам менен таңланғанлығының гуўасы боламыз. Бундай жетискенликлерге жетиў, өз-өзинен болып турғаны жоқ. Усы нәтийжлерге ерисиў арнаўлы уқыплықлардың жәрдеминде ғана иске асады, бул өз гезегинде оқыўшыларды тез билиўге мобилизациялаў керекли сораўлар қойыў коллектив ҳәм ҳәр бир окыўшы менен тиллесиў, бақлап барыў, коллективлик оқыў жумысларының шөлкемлестириў, өзиның кеўил хошлығын, даўысын, денесин, бет әлпетин, көринисин, өз ҳәрекетин басқара алыў ҳ.т.б. уқсаған бир неше әҳмийетли жумысларды өз ишине қамтыйды.
Усыған байланыслы А.С.Макаренко бала сизиң қәлбиңизди пикириңизди сезе билгени ушын емес, ал сизди көргени ҳәм тыңлағаны арқалы қабыллайды деп жазды.
Педагогикалық техника оқытыўшы искерлигиның ишки мазмуны ҳәм оның сыртқы уйренилиуиның бирлигин тәмийнлейтуғын оғада әҳмийетли педагогикалық шеберлик. Педагогтың шеберлиги руўхый мәденият ҳәм педагогикалық мақсетке муўапық сыртқы тәсиршеңликтиң силтеўи. Солай етип техника бул усыллар жыйнағы. Қураллар сөз тил ҳәм қатнастың невербал қураллары (вербаль- бул сөз жәрдеминде, невербаль- тилсиз)
Ҳәзирги заман педагогикасының техникасы педагогикалық шеберликтиң өзи деп емис ал, оған жетиўге жақыннан жәрдем бериуши хызметши компонент ретинде арнаўлы уйрениўди талап етеди. Педагогикалық техника элементлери билиў ҳәм ийелеў оқытыўшыда алда турған уазыйпалардың шешиўши керекли қураллы болып хызмет етеди.
Педагогика техника түсиниги еки топар компонентлерди (состав бөлимлерди) өз ишине алады. Топар оқытыўшысының өз минез-қулқын басқара алыў уқыбы менен байланыслы компонентлерди өз ишине алады: өз организимин басқарыў (мимика- бет ҳәрекети, сезими менен, билдириў, понтомимика- сөзсиз, дене ҳәрекети эмоциясын кеуил хошын басқара алыў, (ашыўды жеңилтекликти басқара алыў психикалық климатты тез нормаластырып алыў, өзинде дөретиўшилик кеуил хошын пайда етиў), аңлаў, түсиниў (социал перцептив)-уқыбы (ҳақыйқат бақлаўшылық, ойында түсиниў аңлаў) сөйлеў техникасы ( дем алысын өзлестириў, дауысын ретлестириў дикция, сөйлеў темпи, тезлиги).
Педагогикалық техника өз ишине оқытыўшының жеке адамды ҳәм коллективке тәсир етиў уқыбы менен байланыслы тәрбия ҳәм оқытыўдың техникалық тәреплерин өз ишине алады. Олар дидактикалық шөлкемлестириўшилик, конструктивлик уқып, талапларды, педагогикалық қарым- қатнасты ҳәм коллективлик дөретиўшилик жумысларды шөлкемлестириў ҳ.т.б.
Сабаққа ҳәм тәрбия процесси технологиясы келеси темаларда өз алдына айтылатўғынлығы себепли бул сабақта педагогикалық техниканың оқытыўшының өз минез- қулқын шөлкемлестириў, өзин тута билиў, мәселелерине ғана тоқтап өтемиз.
Жас оқытыўшыларда ушырасатўғын азлы- кем қәтелер айрым педагоглар тәрепинен өткерилген арнаўлы изертлеўлер баслаўыш оқытыўшыларда ушырасатуғын айрым кемшиликлерди ашып көрсетеди. Бул кемшиликлердиң баслысы балалар ҳәм олардың ата-аналары менен сөйлесиў барысында олардың шын кеули менен кемшиликлерин айтқанынан билип алыў болып табылады.
Бундай айтыўшылардың нәтийжесинде жас оқытыўшылар өзлериның албыраўын, кеуилдегин оларға жеткере алмай, ашыўға яки албыраўға жолығыўын мойынлайды.
Оқытыўшы оқыўшыларға мүдамы актив тәсир жасай алыўы қәбилетине ийе болыўы тийис, усындай устазларға оқыўшыларды өзине еликтирип олардың минез- қулқын ис ҳәрекетин бағдарын анықлай алады. Егер оқытыўшы тәлим тәрбия процессинде өзиның алдына белгили бир тәсир етиў уазыйпасын қоймаса, педагогикалық практикада көбирек ушырасатўғын типлик қәтелерге жол қояды олар төмендегилер:
- Оқытыўшының өзиның балалар менен болатўғын қарым- қатнас қатнасыўшысы екенлигин умытыўы.
- Класстағы қарым- қатнастың ҳәзирги жағдайын билмеўи.
- Жумыс барысынан ҳәм қыйыншылықлардан тәшўишлерден улыўма ҳеш нәрсеге үлгермеўи, асығыўшылығы. Класстың яки жеке баланың психологиялық өзгешелигин надурыс уйрениўине байланыслы оларға қәте сиңдириў.
Типлик қәтелерге тез- тез түсиниксиз сөйлеў, бир қыйлы тезликте сөйлеў, интонация қағыйдаларын билиў ҳәм пайдаланбаў, өз даўысын дурыс пайдалана алмаў ҳ.т.б. жатады.
Әлбетте оқыў процессиндеги қыйншылықларға ҳәм сәтсизликлерге байланыслы педагогтың турмысында тынышсызланыў сезими жоғалған ўакытларда үшырасады.
Тәсирлениўдиң турақсызлығы сабыр тақатсызлық, шыдамсызлық жас оқытыўшылар арасында болып туратўғын қубылыслар. Олар оқытыўшының
ислеў кәбилетиниң төменлеўине алып келеди. Усындай ҳәм басқа кемшиликлерден қутылыў ушын оқытыўшы өз-өзин тәрбиялап, өз үстинде мудамы ислейди, жақсы жолға қойылыўы зәрүр.
А.С.Макаренко “Педагогикалық ис бул өндирислик ис” ҳәм оны қәлип азабы арқалы емес, өндирис технологиясы бойынша алып барылыўы керек, деп уйретип бул ўақытлары сизиң әжайып ҳақ кеуилиңиз жоқ болып кетпейди, ол көзге керинбей жасырнып түрады, - деген еди.
Оқытыўшының өзин мақсетке бағдарлай алыўы ҳәм сыртқы көриниси.
Оқытыўшы өз жумысының барлық тәреплеринде ҳәм бәрҳа өзин алға
қойған уазыйпаларды шешиўге бағдарлай алыўы оғада зәрүр. Усы мақсетке жетиўге оның сыртқы көриниси үлкен әҳмийетке ийе. Тәрбияшының сыртқы көриниси эстетик тәсиринен болыўы тийис. Ол өзиның сыртқы көринисинен сабақ кеуилсиз болыўына ҳеш ўақытта жол қоймаўы керек. Оның кийиниўи, безениўи нормал ҳалда болып, зыят, керек емес элементлерге жол қоймаўы лазым. Демек оқытыўшы үсти- басының кийиминың таза, уйлесимли, жарасықлы болыўына кеуил бөлип ҳәдден тыс безениў бояныў, зыят тағыншақлар тағыў тағы басқа, көргизбеге айланыўына жол қоймаўы керек.
Оқытыўшының шаш қойыўы кастюмы ҳәм безениўи бәрҳа бир мақсетке балалардың тәрбиясына дурыс тәсир етиўине бағдарланыўы тийис. Әлбетте ҳәр бир оқытыўшы өзи безеў ҳуқуқына ийе, безениў қураллары ҳәм косметика қолланыў буйымларын қолланыў ақылға муўапық қолланылса оқытыўшының сыртқы көринисиниң тәсиршеңлиги артатўғынлығы белгили, лекин оқытыўшылық кәсиби оқытыўшыдан безениўдиң өлшемин билиўди, оны сезиниўди талап етеди. Оның сыртқы көринисиның тәсиринен болыўына бет әлпетиның жайдарлығы кеуиллиги, қол ҳәрекетлери жүз ҳәрекетлериның орынлы қолланылыўы жумыстың салдамлығы улыўма ҳәрекетлериның жарасықлығы үлкен тәсир жасайды. Оқытыўшының бет әлпетинде қапашылық, ашыў, шаршаў, қопаллық тағы басқалар еркин көринислери орын алмаўы керек. Оқытыўшының сыртқы көринисиның тәсиршеңлиги оның кеуил хошы менен тығыз байланыслы. Классқа қалай кириў, балаларға қалай қараў, сәлемлесиў, класс ишинде қалай журиў бәри балаларға тәсир етиў күши екенлигин оқытыўшы жақсы тусиниўи ҳәм дурыс пайдалана билиўи, оның улыўма көриниси жарасықлы белгилериның бири. Сиздиң барлық ҳәрекетлериңизде, көз- қарасларыңызда, сөзиңизде исенимде балалар өзиндеги жасырын күшти өзиндеги терең исенимди сезетўғын болсын. Сиз өзиңизди арқайын, еркин, сабыр- тақатлы услап билсеңиз өзиңиздиң сыртқы көринисиңизде ең ҳасыл безеўди қостым деп билесиз.
Сиз тәрбияшы сыпатында өзиңизди күшли сезесиз.



Download 0.97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling