Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери


Download 0.97 Mb.
bet3/13
Sana17.06.2023
Hajmi0.97 Mb.
#1548596
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13
Bog'liq
Хожаметов.А.

Психикалық басым шараяты:
- шуғылланып атырған оқыўшылардың шаўқымы (әсиресе киши жастағы оқыўшылар шуғылланғанда). Бул шаўқым жоқары тонларда болғанлықтан оқытыўшыны тез шаршатады;
- бир категориядан екинши категориядағы жастағы оқыўшыларға өтиў зәрүрлиги;
- сөйлеў аппараты ҳәм даўыс перделерине әдеўир дәрежеде басым жүклениўи:
- оқыўшылардың ден саўлығына ҳәттеки өмирине жуўапкершилик. Ойткени, көплеп дене мәденияты шынығыўларын орынлаўда қәўип-қәтер жоқары дәрежеде болады.


Сыртқы орталық факторлары менен тиккелей байланыслы шараятлар:
- ашық майданда шынығыўлар алып барыў барысында ҳаўа-райы ҳәм жергиликли климат өзгешиликлери;
- спорт заллары ҳәм класслардың санитариялық ҳәм гигиеналық жағдайы.


Физикалық басым шараятлары:
- дене мәденияты шынығыўларын көрсетип бериў зәрүрлиги;
- дене мәденияты шынығыўларын оқыўшылар менен биргеликте (әсиресе ашық сейиллерде) әмелге асырыў.
Дене мәденияты оқыўшысының ўазыйпасы хәмийше бир қатар педагогикалық мәселелерди шешиў менен тиккелей байланыслы.
Бундай мәселелерди шешиўде бир неше басқышларын басып өтиўге туўра келеди: педагогикалық жағдайларды анализлеў, оқытыўшының алдында турған мәселени шешиў жолы келтирилген гипотезаларды (болжаўларды) усыныў, мәселени шешиўде қолланылатуғын усылларды алдыннан туўры бақлаў ҳәм олардан ең нәтийжелисин таңлап алыў, қабылланған шешимди әмелге асыра алыў ҳәм ол ҳаққында күнделикли алынған мағлыўматларды анализлей алыў, ал зәрүр болса оларға қосымшалар киритип дүзетиў, нәтийжелер қолға киргизилгеннен соң оны режеде алдыннан көзленген варианты менен салыстырыў ҳәм ретроспективлик жақтан анализлеў.
Дене мәденияты пәни оқытыўшысының сабақ барысында жүзеге келген педагогикалық мәселелерди шеберлик пенен шеше алыўын қәлиплестириў ушын оған сабақты өз бетинше арнаўлы тәризде ислеп шығылған система бойынша психологиялық жақтан анализлеп барыўы усыныс етиледи. Бундай система педагогика ҳәм психология ушын бирдей болған тәрбиялаўшы ҳәм раўажландырып барыўшы принциплерге муўапық болып, олар шәртли түрде 3 бағдарға бөлинеди:
1. Тәрбиялық бағдар:
оқыўшы шахсын раўажландырыў, оның әдеп-икрамлық қәсийетлерин, дүнья қарасын қәлиплестириў;
2. Методикалық:
сабақты таллаў (талқылаў), яғный оқыўшылардың жеке (индивидуал) өзгешеликлерин, жасын, интелектуаллық жақтан жетискенлилигин, таярлық дәрежесинен келип шыққан ҳалда муўапықластырып ҳәр бир сабақтың мақсети ҳәм мазмунын оның белгиленген ҳалда шөлкемлестириў;
3. Машқалалық, яғный сабаққа заманагөй көз-қараста жандасыў бағдары. Онда бир топарда еки адресат болып – бири оқыўшы (бул сабақ оған пикирлеў қәбилетин коммуникативлик, жеке психологиялық қәбилетлерин раўажландырыўда қандай абзаллықларға ийе) ҳәм оқытыўшы (сабақ оқытыўшының жеке педагогикалық ис тәжирийбесин жеке шахслық қәсийетлерин, сөйлеў аңлаў, пикирлеў сыяқлы коммуникативлик қәбилетлерин раўажландырыўда бир қурал есапланады) арасындағы өз-ара тығыз байланыстағы қарым-қатнас.
Сабақты психологиялық анализлеў өзиниң бир неше басқышларына ийе. Олар оқытыўшының сабақ өтиў хызмети формаларына муўапық болып сабаққа таярланыў, сабақты оқытыўшының өзи тәрепинен аналитикалық талқыланып баҳаланыўы сыяқлы басқышлардан ибарат.
Сабақты психологиялық жақтан анализлеў өтилежақ сабақтың алдын ала нәтийжелери көрсетилген режесин дүзиўден басланады. Бунда: сабақтың оқыў материалы мазмуны, мақсети ҳәм алға қойған мәселелери, оқытыў усыллары ҳәм қураллары, оқытыўшының кәсипке таярлық дәрежеси ҳәм жеке психологиялық ҳәм де жеке шахслық қәсийетлери, оқыўшының жасы оның жеке психологиялық өзгешиликлери, ой-санасының раўажланыў дәрежеси, жигерлик ҳәм эмоционаллық өзгешиликлери, оның қызығыўшылықлары ҳәмде сабаққа, физикалық шынығыўларға ҳәм тиккелей оқытыўшыға қатнасы, оқыў материалын өзлестириў уқыплылығы есапқа алыныўы шәрт. Соның менен бирге сабаққа зәрүр болған тийисли спорт қураллары, әспаб-үскенелери, сабақты алып барыў ушын режеде белгиленген майданша дыққат итибардан шетте қалмаўы тийис.
Психологиялық анализлеўдиң басланғыш дәслепки басқышы тиккелей педагогикалық жағдайда сабақтың оқыў режесин орынлаў барысында әмелге асырылады. Оқытыўшы бир пайыттың өзинде ҳәм оқыўшының сабаққа таярлығы дәрежесин баҳалай алыўы ҳәмде пүткил сабақ даўамында оның тәртибин қадағалап барыўы оқыўшылардың психофизикалық жағдайын, өзиниң сораўларына оқыўшылардың реакциясын сезе алыўы, олардың жуўапларын туўры түсинип жетиўи, пүткил топарды үзликсиз қадағалаўда услап турыўы, сабақ барысын (оқыў материалын) ҳәм шуғылланыўшылардың ҳәрекетлерин басқарып барыўы, балалардың реакциясын туўры түсинип пүткил класстың ҳәрекетлениў темпин, оқыў материалын өзлестириў барысында жүзеге келетуғын қыйыншылықларды терең аңлап, жол қойылатуғын қәте-кемшиликлерди оның белгилей алыўы; айырым оқыўшылардың ҳәрекетлениў өзгешиликлерин (оларды ең күшлилер, орташа ҳәм жүдә пәс дәрежелерге бөлген ҳалда) сабақ барысында-өзлестириў өзгешиликлерин есапқа алыўы, оқыўшылардың минез-қулқы, сөйлеў әдеби, уқыбы ҳәм қәбилетлериндеги өзгешиликлерди сезе алыўы, оқытыўшы өзиниң мимнез-қулқы ҳәм сөйлеў мәдениятын, өзиниң оқыўшылар менен өз-ара қарым-қатнасын қадағалап барыў зәрүр.
Сабақты режелестириў барысында мағлыўматларға таянған ҳалда ретроспективлик басқыш сабақты әмелий орынлаўдан басланады.
Сабақтың ретроспективлик анализиниң мазмуны- сабаққа қойылған мәселелердиң анық белгиленгенлиги ҳәм сабақтың алдына қойған мәселелерин теориялық ҳәм әмелий жақтан туўры жеткерип бериўде таңланған усыллардың ҳәм қураллардың туўры таңланғанлығын салыстырмалы түрде анализлеўди өз ишине алады. Оқытыўшы тәрепинен алып барылған сабақтың абзал тәреплери менен бир қатарда оның қәте- кемшиликлерин сапластырыў жолларын да анық белгилеп барыўы тийис.
Сабақтың психологиялық анализи дене мәденияты пәни оқытыўшысы жумысының ажыралмас бөлеги болып, бунда ол өзиниң пецептивлик-рефлексли режелестириў қәбилетине ҳәмде аналитикалық уқыплығына таянған ҳалда ис жүритеди. Бундай анализлеў педагогтың өз үйинде ислеўин, өзин-өзи жетилистирип ҳәм қадағалап барыўының тийкарғы механизми болып хызмет етеди.



Download 0.97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling