Дене тәрбиясы пәни оқытыўшысының (жеке) шахслық қәсийетлери


Алынған нәтийжелерди талқылаў ҳәм анализлеў


Download 0.97 Mb.
bet11/13
Sana17.06.2023
Hajmi0.97 Mb.
#1548596
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
Хожаметов.А.

3.2. Алынған нәтийжелерди талқылаў ҳәм анализлеў

Бизиң алып баратуғын тәжирийбемиздиң баслы мақсети студентлердиң жеке шахсның қәсийетлери менен олар таңлаған педагоглық кәсиби арасындағы өз-ара байланысларды анықлаўға ҳәрекет етиў болып табылады. таңланған методикаларды (усылларды) тәжрийбеден өткерип болғаннан кейин жоқарыда айтып өткен байланысты студентлердиң жынысы, шаңарақ жағдайынан, билими, ата-анасының кәсибинен келип шыққан ҳалда үшинши курс басқышында тексерип анықлаўдан ибарат.


Тәжирийбе Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети Педагогика факультетиниң Дене-тәрбиясы ҳәм Дене мәденияты бағдары 3-басқыш студентлери арасында алып барылады.
Тәжирийбени алып барыўдың ең нәтийжели түри- бул топарлар арасында алып барыў болып, улыўма тәжирийбе ушын ажыратылған ўақыт 1,5-2 саат.
Анкета сораўлары бойынша алынғıан нәтийжелерди қайта ислеп шығыў еки басқышта алып барылады. Протоколларды дәслеп қолда қайта ислеп шығылады. Кейин барлық нәтийжелер тәжирийбениң статистикалық мағлыўматлар жыйнағына тийкар салыўшы таблицаға киритиледи.
Ҳәр қыйлы тест сораўлары бойынша алынған нәтийжелердиң орташа салыстырмалы анализи 1- таблицада көрсетилген:
1-Таблица
Педагог ҳәм изертлеўши қәнийгелигин таңлаған студентлердиң индивидуаллық (жеке) психологиялық көрсеткишлери

Көрсеткишлер

Р

Орташа нәтийжелер

Кателл сораўнамасы (балл);
Q2 факторы(өзине-өзи қанаатланыўы, социабеллиги, ғарезсизлиги , еркинлиги)

0,025


10,14


Рокич тести:
ИЦ7 (өзиндеги ҳәм өзгелердеги қәте-кемшиликлерге шыдамсызлылығы, көнбеўи)
ИЦ12 (өз пикирин, көз-қарасларын билдириўде батыллығы)

0,033

0,042


16,33

10,48


Анкета(%):
Анасының кәсиби: жумысшы
Материаллық жағдайының жақсылығы
Педагог болып ислеўди қәлеў дәрежеси
Белгили бир кәсипти таңлаўда ҳеш бир қәлеўи болмаўы дәрежеси
Балалар менен ислесиў тәжирейбеси



0,050
0,025


0,003
0,016

0,015


0,45
0,05


0,62
0,29

0,52


Еслетпе: таблицада тек статистскалық әҳмийеттеги көрсеткишлер келтирелген (P<0,05).


Студентлердиң характереологиялық өзгешиликлерин үйрениўде алынған нәтийжелер Кеттел тесты бойынша еки топардан да ҳәр тәреплеме анық мағлыўматлар алыўға жәрдем береди.
А факторы бойынша характереологиялық өзгешиликлердиң унамлы тәрепке бағдарланыўы (А+) студентлерге ҳәр қыйлы ашық түрде көринген эмоционаллық сезимлерге, яғный ашықлық, дослық ҳәм шериклик мүнәсибетлерине таярлық сыяқлы сезимлерге жүдә бай екенлигин көрсетеди.
Егер тәжирийбе нәтийжелери В факторы, яғный кери тәрепке бағдарланған болса, онда бул көрсеткишке ийе студентлерде өз алдына қойған мақсетлерди туўры анықлаўда дыққатын бир жерге жәмлеў ҳәм интеллектуаллық мәселелерди шешиўде ҳәр қыйлы эмоционаллық тәшиўишлерге бериўилшеңлиги анықланды.
Характералогиялық өзгешиликлердиң С факторы («Мен»-күш, «Мен»-күшсизлик) қарай яғный унамлы тәризде бағдарланса (С+), онда бул студентлер көп ҳалларда өз кеўил кейпиятын ҳәм сезимлерин қолға ала билиўи ҳәм оларға реал қарай алыўы ҳәмде түсиндирип бере алыўы мәлим болды.
Нәтийжелерди Е факторы бойынша анализлеў нәтийжелери бундай студентлер өз бетинше еркин, ҳеш бир ғәрезсиз минез-қулққа ийе екенлиги, ал ең жоқары көрсеткишлер, яғный F факторы бойынша (өмирден кеўли тоқ, кеўли хош) унамлы тәрепке бағдарланған студентлердиң жүдә ҳәрекетшең, онша аўыр минезге ийе болмаған ҳәм өмирде ҳәмме нәрсени жеңил қабыл етиўи аныкланады.
G шкаласы бойынша ең жоқары көрсеткишлер ең тәртипли, ар-намыслы ҳәм жүдә беккем жуўапкершиликке ийе студентлерге тийислилиги белгиленди.
L факторы бойынша (исениўшең-исенбеўши) унамлы тәрепке бағдарланған көрсеткишлер (L+) ҳеш кимге исенбейтуғын, әтираптағылардан гуманланыўшы студентлерге тийисли екени анык болды. Олар коллективте өз алдына бир әлем болып, басқалардың жетискенликлерин, табысларын көре алмаўшылығы менен ажралып турады.
М шкаласының ең жоқары көрсеткишине ийе дене мәденияты пәни оқытыўшысы ҳәм педагоглық кәсибин анық таңлаған студентлер жүдә бос, ойға, әрманға берилиўшең болыўын көрсетти.
Егер N шкаласы бойынша характереологиялық өзгешиликлердиң бағдарланғанлығы унамлы тәрепке (N+) бағдарланса, онда бул көрсеткишке ийе инсанлар жүдә өткир ақыл ийелери болып, өзиниң ҳәм әтираптағылардың ҳәрекетлеринен логикалық мәни излейди.
О факторы бойынша жоқары көрсеткишлер (гипотимия-гипертимия), унамлы тәрепке бағдарланған болса, бундай студентлер өзин-өзлери жеп ҳәр дайым өкиниш сезиминде, ҳәр қандай исте жаман нәрселерден гуманланып, қәўипленип өзлерине, өз күшине исенбейди.
Q1 факторы бойынша (радикализм-консерватизм) алынған нәтийжелери саны көрсетеди, бундай студентлер илимниң бәрше тараўлары бойынша жүз берип атырған жаңалықларға, ҳәр қыйлы тәжирийбелер өткериўге талапшаң.
Q2 факторы бойынша алынған нәтийжелер жуўмағы болса, ҳәмме нәрсени өз күшине исенген ҳалда, басқалардан жәрдем күтпеген ҳалда өзлери шеше алады ҳәм олар көбинисе өз алдына қойған мақсетлерине ериседи.
Q3 шкаласы бойынша жоқары нәтийжелерге ерискен, студентлер (яғный нәтийжелер унамлы тәрепке (Q3) бағдарланған болса)), олар өзлерин қадағалай алыўшы өз алдына анық мақсетлерди белгилеп оған ерисе алады.
Q4 факторы нәтийжелериниң анализи бундай студентлерде ҳәмийше түскинлик, өзинен ҳәм әтираптағылардан кеўли толмаслық сыяқлы өзгешиликлер анықланды.
Солай етип, улыўма алғанда Кеттел тести бойынша алынған нәтийжелер орта мектеплерде дене мәденияты пәни оқытыўшысы шахсына туўра келеди ме, яки туўра келмейди.
Әдетте, оқытыўшылар балалар менен ислесиўин басқа кәсип ийелерине (психологлар, медицина хызметкерлерине ҳ.т.б.лар) салыстырғанда анық пикирлеў менен (В факторы бойынша орташа маниске ийе), пикирлеў менен минез-қулқының белгиленген нормада болыўы (G факторы бойынша орташадан жоқары көрсеткиш), көбирек әмелиятшылылығы, яғный өз пикирлерин мүмкиншиликлеринен келип шыққан ҳалда әмелге асырады (М факторы). Бул нәтийжелерди педагоглық кәнийгелигиндеги студентлердиң нәтийжелери менен салыстырылып көрилгенинде педагоглық қәнийгелигиндеги студентлерде бул кәсипке деген таңлаў алдыннан қалиплескен яки улыўма қәлиплеспеген болады.
Рокич тесты бойынша алынған нәтийжелер кишисинен жоқарыға қарай дүзилип тәртиплестирип шығылады.
Инструменталлық баҳалықларды аналызлеў барысында (педагогларда бундай баҳалықлар ҳәр бир шахста өз алдына болыўына қарамастан)
Рокич тести менен дерлик бирдей болып шығады, яғный ухсаслық тәреплери көп.
Бул тесттың тийкарғы көрсеткишлери студентлердиң өмирди қай дәрежеде түсинип жеткенликлерин көрсетеди.
Өзгешеликлердиң әҳмийетли дәрежеси анасының кәсиби ҳаққындағы мағлыўматлар соралған анкета сораўларында анықланады. Педагоглық кәсибин таңлаған көпшилик студентлердиң аналары әпиўайы жумысшылар болады.
Деген менен көпшилик жағдайларда студентлердиң педагоглық кәсибин таңлаўда олардың ата-аналары өз балаларын ҳүрмет итибарға ийе инсанлар болыўын қәлеп усы кәсипке бағдарлаўыда сыр емес.

Download 0.97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling