Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet65/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Эконометрикмоделллер.

Төмендегиэконометрикмоделлердиажыратып көрсетиў мүмкин: факторлы, структуралы ҳәм комбинациялы. Бир модел түри ҳәр қыйлы экономикалық объектларге қолланыўы мүмкин.Агрегирлесиў дәрежесине қарап, экономиканың раўажланыўының көрсеткишлеримакроэкономикалық,тармақлар-аралық, аймақлар-аралық,тармақлық, аймақлықмоделлерге бөлинеди.Экономикада, тийкарғы фондларды, мийнетресурсларын, тәкирар өндирис, финанс системасы ҳәм баҳаны қәлиплестириў ҳәм басқа да моделлер ажыралып турады.
Эконометрик моделлердиң өзгермели көрсеткишлери экзоген (сырткы) ҳәмэндоген(ишки)моделлерге бөлинеди.Мәселенмоделдегиэкзоген факторлар кәрхана ушын жеткерип бериўшилердиң шаққанлығын, эндоген факторлар болса кәрханадағымийнетресурсларын көрсетипбериўи мүмкин.
Факторлымоделлер өзгермели көрсеткишлердиң ҳәр қыйлы муғдарын ҳәм оларға тән болған өлшемлерин өз ишине алыўы мүмкин. Факторлы моделдиң әпиўайы түри бул, бир факторлы модел болып есапланады. Онда фактор ретинде қандайда бир ўақыт көрсеткиши хзмет етпеди. Бундай жағдайда ҳәр қыйлы көрсеткишлерди анализ ислеў ҳәм прогнозлаўдың ўақтыхронологиялық байланыста иске асырылады ҳәм усындай жол менен трендлер (ҳәр қыйлы динамикқатардың өзгериўиниң улыўмалықтенденциясын характерлеўши байланыслық)анықланады.21
Структуралық моделлер бир пүтин ямаса агрегатты қәлиплестириўши айрықша элементлер ортасындағы катнасларды, байланысларды түсиндиреди. Бундай моделлер структуралық-баланс моделлерге киреди, яғный онда ҳәр қыйлыагрегатты бөлеклерге бөлиў менен бир ўақытта бундай элементлердиң өз-ара байланыслары үйрениледи.Бундай моделлер матрицалы формаға ийе ҳәм тармақлар-аралық ҳәмде аймақлар-аралық байланысларды анализ ислеў ҳәм прогнозлаў ушын қолланылады. Олардың жәрдеминде ағымлардың, өз-ара байланыслары маселен, өнимди тараўлар-аралық жеткерип берилиўи түсиниледи. Структуралық-балансмоделиниң ең кең таркалған түри, өндиристиң тармақлар-аралық балансы ҳәм өнимлерди бөлистириў болып есапланады.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling