Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet2/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

1-ТЕМА. МАКРОЭКОНОМИКАЛЫҚ АНАЛИЗПӘНИНИҢ МАЗМУНЫ, ПРЕДМЕТИ, МАҚСЕТИ ҲӘМ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ
Жобасы:

1.1 Макроэкономикалық анализ пәниниң мазмуны, предмети, мақсети ҳәм ўазыйпалары.


1.2. Макроэкономикалық анализ ҳәм миллий есаплар системасының экономикадағы роли
1.3. Макроэкономикалық анализ пәнинен ден пайдаланыўшы тараўлар.


1.1. Макроэкономикалық анализ пәниниң мазмуны, предмети, мақсети ҳәм ўазыйпалары


Макроэкономикалық анализпәниниңпредмети бир-бири менен ҳәр қыйлы байланыста, бәрҳәма ҳәрекетте ҳәм раўажланыўда болған предметлер ҳәм ҳәдийселердиң топламынан ибарат болған изертлеўлерден ибарат. Бул байланыслар ҳәр қыйлы ҳәм бөлимди толығы менен ҳәмде кери катнасықларда, теңлик ҳәм теңсизликлерде, анық ямаса анықсызлықта өз-ара бағыныўшылықта, бирин-бири қайталаўда ҳәм өз-ара байланыслықта өзиниң көринисин табады. Биреўиниң жағдайының өзгерип, екиншисине өтиўин сәўлелендириўши өз-ара қатнасықлар тәбийғый, социаллық, экономикалық ҳәдийселерди логикалық-методикалық ҳәм гнесеологиялық үйрениўден ибарат.
Мәмлекеттиң экономикалық жағдайын, өткерилип атырған илажлардың зәрүрлигин, нәтийжесин баҳалаўда макроэкономикалық анализ ҳәм прогнозлаў үлкен әҳмийетке ийе. Анализдиң әҳмийетли ўазыйпаларының бири мәмлекеттеги болып атырған процесслерди моделлаестириўдиң сапасын жақсылыў, өткерилип атырған экономикалық сиясаттың нәтийжелерин анықлаў болып есапланады. Макроэкономикалық анализ ҳәм прогнозлаўдың тийкарғы илимий-әмелий бағдарларының бири болып, макроэкономикалық көрсеткишлердиң өз-ара байланысын анықлаўға жәрдем бериў болып есапланады.
“Макроэкономикалық анализ” пәни макроэкономикалық көлемде теориялық ҳәм әмелий мәселерди үйрениў ҳәм оны турақлы раўажландырыўдың шешимлерин табыўда ҳәм де “экономика” билим бағдарындағы қәнийгелерди қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул пәнниң жетискенликлеринен мәлекет экономикасын раўажландырыўдың қысқа ҳәм узақ мүддетлерге белгиленген бағдарламаларын ислеп шығыўда пайдаланылады. 1

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling