27-мақсет: Экономикада финанслық ресурсларды көбейтиў мақсетинде, келеси 5 жылда фонд базары айланысын 200 миллион АҚШ долларынан 7 миллиард АҚШ долларына жеткериў.
Мамлекетимизде капитал ҳәрекетлерди басқышпа-басқыш еркинлестириў ҳәм де ири кәрханаларды ҳәм олардағы үлеслерди (акцияларды), соның ишинде фонд биржасы арқалы меншиклестириў.
Мәмлекетлик үлеске ийе коммерциялық банклерде трансформация процесслерин жуўмақлап, 2026-жылдың ақырына шекем банк активлеринде жеке сектордың үлесин 60процентке жеткериў.
28-мақсет:Республиканың экспорт потенциялын асырыў аралы 2026-жылы республиканың экспорт көлемин 30 миллиард АҚШ долларына жеткериў.
Экспорт ислеўши кәрханалардың ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў системасын актив даўам еттириў арқалы, республиканың экспорт потенциялын жокарылатыў.
Бар болған имканиятларды толық иске салған түрде жергиликли санаат тармақларының экспорт потенциялын буннан былайда раўажландырыў.
Сыртқы базар ҳәм халық-аралық талапларға жуўап беретуғын стандартларды енгизиў ҳәм атақлы брендлерди тартыў.
Жеке сектордың экспорттағы үлесин 60 процентке жеткериў.
Автотранспорт қуралларының экспортын 3 есеге көбейтиў ҳәм 1 миллиард АҚШ долларына жеткериў.
Туризм, транспорт, информация-коммуникация, соның ишинде программа мене тәмийинлеў ҳәм басқа да хызметлердиң экспортын 1,7 есеге жоқарылатыў ямаса 4,3 миллиард АҚШ долларына жеткериў.
Экспорт ислеўши кәрханаларға көрсетилип атырған шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық жәрдем бериў системасын жетилистириў.
Экспорттың қурамында таяр ҳәм ярым таяр өнимлердиң көлемин 3,3 есеге көбейтип, Европа мәмлекетлерине GSP+ системадағы таяр өнимлердиң экспортын кеңейтиў.
Жергиликли өндирислик кәрханалар тәрепинен жетистирилген өнимлерди шет еллерге шығарыўға көмеклесиў системасын жетилистириў арқалы экспорт ислеўши кәрханалардың санын ҳәзирги 6 500 ден 15 000 ға шекем, товарлардың экспорт географиясын 115тен 150 ге жеткериў.
«Жаңа Өзбекстан – бәсекеге шыдамлы өнимлер мәканы» идеясы тийкарында 200 экспорт ислеўшилерди ашық таңлаў тийкарында сайлап алып, оларды жетекши экспортёрларға айландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў..
Қоңсылас мәлекетлер менен шегера аймақларда еркин саўда зоналарын шөлкемлестириў.
29-мақсет: Исбилерменликти шөлкемлестириў ҳәм турақлы дәрамат дереклерин қәлиплестириў ушын жағдай жаратыў, жеке сектордың Улыўма ишки өнимдеги үлесин 80 процентке ҳәм экспорттағы үлесин 60 процентке жеткериў.
Ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен «Ашық сөйлсиў» ин өткериў.
Аймақларда 200 таза санаат зоналарын шөлкемлестириў ҳәм бизнес-инкубаторлар системасын раўажландырыў. Жағдайы аўыр районларда исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы жағдайларды жаратыў.
Алдыңғы шет ел тәжирийбесе тийкарында факторинг әмелиятын раўажландырыў.
2026-жылға шекем исбилерменлик субъектлерине салық жүгин улыўма ишки өнимниң 27,5 процентинен 25 процентине азайтыў.
Аймақларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў структураларының ҳәрекетин жетилистириў.
Исбилерменлик субъектлериниң өзлериниң ҳәрекетин баслаўы ушын зәрүр мағлыўматлардан еркин пайдаланыўына мүмкиншилик жаратыў. Қурылыстағы, кемшиликлер ямаса машқалалардың алдын алыў.
Экономикада мамлекеттиң қатнасын азайтыў ҳәм жеке секторға кең жол ашыў. Экономикалық қатнасықларда еркин базар принциплерин енгизиўди кеңейтиў.
Do'stlaringiz bilan baham: |