30-мақсет: Аўыл-хожалығын илимий тийкарда интенсив раўажландырыў арқалы дийхан ҳәм фермерлердиң дәраматын 2 есеге көбейтип, аўыл-хожалығының жыллық өсимин 5 процентке жеткериў.
Районларды анық бир өним түрин жетистириўге қәңийгелестириў.
Аўыл-хожалығында мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың көлемин кеңейтиў ҳәм қамсызландырыўдың таза механизмлерин иске асырыў.
Таза ҳәм пайдаланыўдан шыққан 464 мың гектар майданды өзлестириў ҳәм кластерлерге ашық таңлаў тийкарында ажыратыў. 200 мың гектар пахтаҳәм ғәлле майданларын қысқартыў ҳәм де халыққа ашық таңлаў тийкарында узақ мүддетли ижараға бериў.
Экспортлық өнимлерди жетистириў ҳәм де мийўе-палыз өнимлерин раўажландырыў, интенсив бағлардың майданын 3 есе ҳәм ыссыханаларды 2 есеге көбейтип, экспорт потенциялын және 1 миллиард АҚШ долларына көбейтиў.
Топырақтың өнимдарлығын жоқарылатыў ҳәм қорғаў.
Илим-техника ҳәм инновацияға тийкарланған агрохызметлерди көрсетиў системасын жетилистириў. Агросаноат кәрханаларын шийки-зат пенен тәмийинлеў ҳәм өндиристиң көлемин 1,5 есе асырыў.
Агрологистика орайларын раяажландырыў ҳәм заманагөй лабораториялардың санын көбейтиў. Нәсилшилик ҳәм нәл жетистириў бойынша миллий бағдарламаны иске асырыў.
Абыройлы халық-аралық илимий орайлар ҳәм жоқары оқыў орынлары менен биргеликте Халық-аралық аўыл-хожалық университетин шөлкемлестириў. Аграр тараўда илим-техника ҳәм әмелият интеграциясын тереңлестириў.
Халықтың тамарқалардан нәтийжели пайдаланыўы ушын жағдайлар жаратыў.
31-мақсет: Суў ресурсларын басқарыў системасын түптен реформаластырыў ҳәм суўды үнемлеў ушын айрықша мәмлекетлик бағдарламаларды иске асырыў.
Суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы кеминде 7 миллиард куб метр суўды үнемлеў.
Суў хожалығы объектлеринде электр энергиясын тутыныўды азайтыў.
Суў хожалығы объектлерин мәлекетлик- жеке шерикшилик принциплери тийкарында баскарыў.
32-мақсет: Шарўашылықтың азықлық базасын кеңейтиў ҳәм өндиристиң көлемин 1,5 - 2 есеге көбейтиў.
Шарўашылық өнимлерин жетистириў көлемин 1,5- 2 есеге асырыў.
Шарўашылықтың азықлық базасын беккемлеў..
Do'stlaringiz bilan baham: |