МӘКАН
|
ЗАМАН (ДӘЎИР)
|
Кәрханалар,фирмаларсыяқлыхожалық жүргизиўшисуъбектлер
|
Есап бериў дәўири(ай,квартал, ярым жыллық ҳәм жыллық)
|
Анализҳәмсинтез. (Анализ ҳәм улыўмаластырыў)категориясы да экономикалық анализдиңметодологиялық тийкарларының биринен есапланады.Анализ дегендебир пүтин предметтиайрықша бөлеклерге бөлип үйрениў түсиниледи. Улыўмаластырыў (синтез) болса үйренилип атырған объект ҳаққында анық жуўмаққа келиў ушын пайдаланылады. Онда объекттиң барлықбөлеклери бойынша исленген жуўмақлар улыўмаластырылады.
Үйренилип атырғанобъект ямаса экономикалық процессҳаққында анық жуўмаққа келиў ушын ол анализ исленеди ҳәм барлық жуўмақлар улыўмаластырылады. Анализ бар жерде улыўмаластырыў, улыўмаластырыў ушын болса анализ ислеў тийис. Сол себепли бундай категориялар бир-бири менен тығыз байланыста үйрениледи.
Бирақ, соны да атап өтиў орынлы, анализдин түри көп. Ол тәбиятта,жәмийетте ҳәминсанның санасында жүз беретуғын процесслерди үйренеди.Биз үйренетуғын анализ, экономикалық анализдиң тек ғанамикроэкономикасы дәрежесине тийисли. Демек, көринип турыпты анализ кең мәнисте иске асырылады екен. Бирақ базар экономикасы жағдайында экономикалық анализ, анализлер системасында әҳмийетли орын ийелейди.
Анализ бенен улыўмаластырыў ортасындағы байланыстың экономикалық анализге тийисли бөлегин төмендегише сәўлелендириў мүмкин:
3.2 кесте
Анализ
|
Улыўмаластырыў(синтез)
|
Есап бериў жылының нәтийжесижеккеликке қарай:шерек,айлар бойынша үйрениледи.
|
Есап бериў жылының улыўма нәтийжеси бойынша үйрениледи.
|
Кәрхананың ҳәрекети ҳәм оның айрықша бөлимлери,бөлимлери бөлеклерге бөлинип үйрениледи.
|
Кәрхананың улыўма нәтийжеси бойынша үйрениледи
|
Do'stlaringiz bilan baham: |