Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet14/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Таяныш сөзлер


Экономикалық өсим түсиниги.Экономикалық өсимниң түрлери, олардың прогнозластырыўда қолланыўы.Экономикалық өсимниң еки тәреплеме анализ ислениўи.Ресурсларданинтенсив пайдаланыў.Фондтыңинтенсивлиги, фондтың сыйымлылығы, мийнет сыйымлылығы, экономикалық өсим моделлериниң мақсети.Экономикалық өсимдипрогнозластырыўдың өндирисликфункциясы. Экономиалық өсимди прогнозластырыўда дәрежели ҳәм көп факторлыфункциялар. Мултипликатив өндирис функциясының абзаллықлары.Экстрополяцияусылы,корреляционанализусылы.Экономикалық өсимди анықлаўшы көрсеткишлер. Макроэкономикалық өсимди прогнозластырыў. Бирямас бир неше факторлы моделлер. Көп сызықлы, дәрежели, көрсеткишли, көп өзгериўши моделлер. Математикалық өндирис функциясы. Эконометрикалықмоделлер.Дисперцияның раўажланыўы.
Қадағалаў ушын саўаллар дүзиў керек
1. Басқарыў системасы ретинде маркетингтиң тийкарғы принциплери кандай?
2. Бизнес-жобанин элементлери нелерден ибарат?
3. Комплексли анализди орынлаў баскышлары.
4. Системалы ҳәрекет–бул ...

5. Басқарыўдың исенимлигин тәмийинлеўде қадағалаў жүргизиўдиң роли кандай?


6. Басқарыў объекти–бул ...




















Тема МАКРОЭКОНОМИКАЛЫҚ АНАЛИЗДИҢМЕТОДОЛОГИЯСЫ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ КЛАССИФИКАЦИЯСЫ


Жобасы
3.1 Макроэкономикалық анализдиңметоды ҳәм методологиясының өзгешеликлери
    1. Экономикалық анализметодологиясының сыпатламасы


3.3 Макроэкономикалық анализдиң турмыслық әҳмийети,басқарыў карарларын қабыллаўда экономикалық анализ нәтийжелериниң орны
3.1 Макроэкономикалық анализдиңметоды ҳәм методологиясының өзгешеликлери
Макроэкономикалық анализдиңметоды ҳәмметодологиясын бир-бирнен ажыратыў тийис.Методдегенде тийкарынан усы пәнниң предметин уйрениўдиң усылы тусиниледи. Методологиядегенда, усы пәнниңпредметин үйрениў усылы менен бирге, онда қолланылатуғын ҳәрекетлер,барлық усыллардың комплекси түсиниледи.
Макроэкономикалық анализдиң методологиялық тийкары, яғный оны үйрениўде қолланылатуғын ҳәрекетлер ҳәр қыйлы бағдарда болыўы тәбийғый. Сол себепли оларды, дәслеп,туўры классификациялаў тийис болады.Олар төмендеги группаларға бөлинеди:

      1. Үйренилип атырғанобъекткедиалектикалық көз-қараста болыў

      2. Үйренилип атырған объектке системалы үзликсизликти тәмийинлеген түрде қараў.

Биринши жағдай бойынша анализ исленгенде барлық экономикалық процесслербир-бири менен тығыз байланыста, ҳәрекетте ҳәм бәрҳама өзгеристе, деп түсиниў тийис болады.Буннанкелип шығатуғын болса соны атап өтиў орынлы, экономикалық процесслерди сәўлелендириўши көрсеткишлер бир-бири менен тығыз байланыста ҳәм өзгеристе деп түсиниледи.Бундай ҳәрекет, әсиресе,нәтийжелилик көрсеткишлериниң факторлық анализинде қолланылады. Бундай ҳәрекет нәтийжелилик көрсеткишлерине тәсир етиўши факторларды макро дәрежеде анықлаўда кең қолланылады.
Екинши жағдай бойынша анализ исленгенде үйренилип атырған объектти қурамалы экономикалық процесслердиң комплексинен ибарат деп баҳалап, олардың барлық бөлимлериниңбир-бири менен өз-ара тығыз байланыслығынан келип шығып, оларды үйрениўдиң барлык тәреплерин тәртипке салған түрде бирдей жуўмаққа келгенге шекем орынланатуғын ҳәдийселерге үзликсиз түрде системалы түрде катнасыў тийис екенлиги есапқа алынады. Буған үйренилип атырған объекттидеталластырыў, системаластырыў (тәртиплестириў) ҳәм улыўмаластырыў арқалы ерисиў мүмкин.
Үйренилип атырған объектти деталластырыў дегенде, қурамалы экономикалық процесслерди әпиўайыластырыў ҳәм олардан туўры ҳәм бирдей жуўмаққа келиў ушын оларды айрықша бөлеклерге бөлип үйрениў түсиниледи.Айрықша бөлеклерге бөлиў нәтийжестнде иске асырылатугын процесс анализлеўден ибарат болып есапланады. Себеби ол бир тутас предмет ямаса процесслерди деталластырыў аркалы иске асырылды.Макроэкономикалық дәрежедедеталластырыўбирқанша бағдарларда алып барылыўы мүмкин:
Макродәрежедеги бир тутас экономикалықтармақлар бойыншадеталластырыў мүмкин;
Макродәрежедеги бир тутас экономикалық аймақлар(областлар)бойыншадеталластырыў мүмкин;
Тармақлар кәрхана ҳәм компаниялар бойынша деталластырылады;макроэкономикалық көрсеткишлер бойынша дадеталластырыў мүмкин.
Бир тутаспредметти бөлеклерге бөлип уйрениў нәтийжесинде улыўмалық жуўмақ шығарылады.Бул жуўмақ нәтийжесинде, ерисилген нәтийжелерақырына шекем жетип баратуғын жағдайда болады. Сол себепли макродәрежеде басқарыў қарарларын кабыллаўда деталластырыўдың әҳмийети үлкен.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling