Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Социал-экономикалықинформациялардың қәлиплесиўи ҳәм олардың түрлери


Download 2.93 Mb.
bet22/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Социал-экономикалықинформациялардың қәлиплесиўи ҳәм олардың түрлери


Макроэкономикалық анализдиң тийкарғы тараўы–мәмлекетте өндиристиң улыўма көлеми,инфляция дәрежеси, жумыссызлық,төлем балансының сальдосы,алмаслаў курсы сыяқлымакроэкономикалық көрсеткишлер болып есапланады.
Макроэкономикалық анализдиң мақсети–улыўма көрсеткиш мағлыўматларының өзгериўин түсиндириў ҳәм мәмлекетлик органларға ҳәм де жәмийетлик шөлкемлердиң экономикалық ўазыйпаларын шешиўге ҳәм экономикадағы күтилмеген өзгерислерге қатнас билдириўде жәрдемлесиўден ибарат.
Төменде ең әҳмийетли макроэкономикалық көрсеткишлерди ҳәм олардың ортасындағы өз-ара байланыстың тийкарғы түрлерин, сондай-ақ,базар ҳәм өтиў экономикасына ийе болган мәмлекетлердеги инфляция, бәнтлик, жумыссызлық, реалис ҳақының дәрежесин өлшеў ҳәм анализ ислеў усылларын көрип шығамыз. Булар усы дәўирдеги информацияобъектлери болып есапланады8. Миллийэкономика өз-ара байланыслы секторларҳәмтармақлардың қурамалытопламын өзинде жәмлейди. Оның ең әҳмийетли элементлери -товарларҳәмхызметлерди жетистириў ҳәм тутыныўдың көлеми,инфляцияҳәмэкономикалық өсим пәтлери,бәнтлик, жумыссызлық ҳәм дәрамттың дәежелеринен ибарат. Бундай макроэкономикалық көрсеткишлер, олардың өзгериўи ҳаққындағы информация миллий есап-санақ системасында толық сәўлелендтрилген.Макро көрсеткишлер, анализ ҳәм жобаластырыўда тийкарғыинформация дереклеринен есапланады.
Макроэкономикалық анализ процессинде ҳәр қыйлыаxборотлар ҳәм де мағлыўматлардан пвйдаланыў тийис болады. Олардың туўры, анық, исенимли болыўы ҳәм де өз ўақтында алыныўы, анализ нәтийжелериниң нәтийжелилигин жокарылатады.
Ишки ҳәм сыртқы пайдаланыўшылар ушын қатаң форма ҳәм мазмунға ийе экономикалық ҳәдийсе, ўақия ҳәм хожалық процесслерин дизимге алыў ямасақайта есаплап тийисли мағлыўматларда, дерек ямаса көрсеткиш формасында сәўлелендириў,макроэкономикалық анализ ушын әҳмийетли мағлыўмат болып есапланады.
Макроэкономикалық анализде, пайдаланыўшыларға узатылатуғынxабар әҳмийетине ийе болған мағлыўматлар ямаса олардың топламы,аxбороттүсинигине ийе болады.
Анализ ушын керекли болған мағлыўматлар ҳәм деаxборотларды мазмуны бойынша төмендеги түрлерге ажыратыў мүмкин:

  • Экономикалық мағлыўматлар;

  • ҳуқықый-норматив мағлыўматлар;

  • илимий-теxникалық мағлыўматлар;

  • тәбийғый-экологиялық мағлыўматлар;

  • бенчмаркингмағлыўматлар;

  • басқа да мағлыўматлар.

Экономикалық мағлыўматлар көлеминиң кеңлиги бойынша еки ири группаға бөлинеди.Бириншиси–ишкиэкономикалық мағлыўматлар. Оларды бизнес-жоба, есап бериў системасы,бюджет асап-санақлары, кәрхананың бағдарламалық мағлыўматлары, ҳәр қыйлы теxнологиялық мағлыўматлар қурайды. Екиншиси – сыртқы экономикалық мағлыўматлар.Мысал ушын,товар-шийки-зат базарындағы мағлыўматлар, қымбат баҳалы кағазлар базарындағы мағлыўматлар, бәсекелес кәрхана ҳаққындағы мағлыўматлар,тармақтағы орташа көрсеткишлер ҳәм т.б.Бундай дереклер анализде көп пайдаланылады.
Ҳуқықый-норматив мағлыўматлар xалық-аралық ҳәм мәмлекеттеги барлық нызамлар,ҳүкимет карарлары, норматив ҳүжжетлер ҳәм де актлерде рәсмийлестирилгенаxборотлар,кәрxананың паспорты,уставы,кәрхананың ағза болған ҳәр қыйлыо бирлеспелериндеги шәртнама ҳам усыған усағанлардаң ибарат болады.
Илимий-теxникалықмағлыўматлар болса ең таза раўажланыў,илим-техникадағы өзгерислер, илим ҳәм теxниканың жетискенликлерин өзинде жәмлегенаxборотлар болып есапланады.Бундайаxборотлар анализ ушын үлкен әҳмицетке ийе болады.
Тәбийғый-экологиялық мағлыўматлар тәбият, жер, суў, ҳаўа, климат ҳәм басқа даэкологиялық факторларды өзинде топлағанаxборотларданибарат болады.
Бенчмаркингмағлыўматлар, жүз бериўи мүмкин болған,бирақ итималлы мағлыўматлар болып есапланады. Бундай мағлыўматлар барлық мағлыўмат ҳәмаxборотларды қайта ислеў жолы менен ямаса ўақиялардың раўажланыўы менен эвристикусылда қәлиплестириледи.
Басқа мағлыўматларға,экономикалық,ҳуқықый,илимий-теxникалық,тәбийғый-экологиялық,бенчмаркинг сыяқлы дереклерде көрсетилмегенмағлыўматлар түсинилип, оларға ғалабалық-аxборот қураллары, газета ҳәм журналлардағы,радио ҳәмтелевидениедегиаxборотлар киреди.
Ҳәр қыйлыаxборотҳәммағлыўматлар, анализ процессиниң нәтийжелигиниң мазмунын байытыўға,басқарыў қарарларының әдил болыўын хызмет етеди.
Экономикалық аxборотлар басқа түрдеги аxборотлардан төмендеги өзгешеликлери менен ажыралып турады:
Бириншиден,ҳүжжетлестирилгенлиги.Барлық экономикалық ҳәдийсе ҳәм процесслер тийисли түрде басланғыш ҳүжжетлерде дизимге алынады ҳәм деаxборот ретинде рәсмийлестириледи.
Екиншиден, ҳар қыйлы болыўы. Ҳәдийсе ҳәм ўақиялар көплеген дереклерде дизимге алыныўы, көеми,мазмуны, формасы бойыншабир-биринен ажыралады.
Үшиншиден, массалығы ҳәм көлеминиң кеңлиги.Көпшилик экономикалық аxборотлар тийисли формаға ийе болғанлығы, есап бериў формаларының жоқарғыорганлартәрепинен тастыйықланғанлығы оларды түсиниўди ҳәм үйрениўди аңсатластырады.
Төртиншиден, дәўир аралығында тәкирарланып турыўы. Тастыйықланған нормативлик ҳүжжетлер турақлы түрде толтырылып тийисли жоқарғы шөлкемлерге белгиленген дәўирде тапсырылады. Есап бериў дәўирлери – шереклик,ярым жыллық ҳәм жыллық мүддетлерге бөлинипаxборотлар топланады.
Бесиншиден, нызамлылығы ҳәм шегераланғанлығы. Барлық жоқары органғатапсырылатуғын ямаса ашық дағазаланатуғын экономикалық аxборотлар мәмлекетлик шөлкемлер, финанс министрлиги, экономика министрлиги ҳәм салық комитети тәрепинен тастыйықланған талап ҳәм де формаларға тийкарланып дүзиледи. Базар қатгасықларында кәрханар ушын әҳмийетли болып есапланған айырым мағлыўматлар, басқалар ушын сыр тутылып, тек ғана ийесиниң рухсаты менен дағазаланыўы мүмкин.
Алтыншыдан, көп қырлылығы ҳәм мазмунға бай екенлиги.Экономикалық аxборотлармуғдарлық ҳәм қун өлшемлеринде көрсетиледи,басланғыш ҳужжетлерде кәрхананың атамасы, имза қойыўшылардың резюмеси, дәўири ҳәм өнимлердиң түрлери көрсетилип рәсмийлестириледи.
Экономикалық мағлыўматлардың көпшилик бөлегин есап системасыныңаxборотлары қурайды.Буxгалтерия есабы мағлыўматлары болса макроэкономикалық анализдиңаxборотларының арасында салмақлы орынды ийелейди.
Информация ҳәм мағлыўматлар мазмуны бойынша ҳәр қыйлы болыўы мүмкин, олардың дереклерине байланыслы болады. Себеби ҳәрбирмағлыўмат муғдары ҳәм мазмуны бойынша ҳәр қыйлы дереклерден алынады.
Анализ ушын керекли дереклер төмендеги талапларға жуўап бериўи тийис:

  1. Ҳақыйқый ҳәм туўры болыўы.

  2. Дереклер анализдиң мақсетлери ушын сәйкеслестирилген ҳәм де кең имканиятқа ийе болыўы, яғный жоба, есап ҳәм статистикалық мағлыўматлар, ҳәдийсе ҳәм процесслердиң мазмунын толық ашып бериўи керек.

  3. Экономикалық ҳәдийсе ҳәм ўақияларды сәўлелендириўши дереклер анық өлшемлерге ийе болыўы тийис.

  4. Барлық мағлыўматлардың улыўмалық бирлиги ҳам тығыз байланысы тәмийинленеди ҳәм де олардағыаxборотларбирин-бири толықтылып турылыўы талап етиледи.

  5. Дереклердеги көрсеткишлерди анықлаў принциплери ҳәм сәўлелендирилетуғын дәўирлериниң сәйкеслигиниң тәмийинлениўи зәрүр.

Усы талапларға жуўап беретуғын барлық аxборот дереклери ҳәм олардан пайдаланыў анализ нәтийжелериниңанық ҳәм мазмунға бай болыўына имкан жаратады.
Макроэкономикалық анализде пайдаланылатуғын барлық дереклердиң исенимлилигин, анықлылығын ҳәм туўрылығын тексериў, алынатуғын нәтийжелердиң табыслы болыўына тийкар жаратады.Барлық жыйналған мағлыўматлардың ҳәр тәреплеме туўрылығытеxникалық ҳәм мазмуны бойынша түрлерге ажыратылып тексериледи.
Теxникалықтексериў–аxборот дереклериниң арифметикалық жақтан туўрылығын,рәсмийлестириў қағыйдаларының сақланғанлығын ҳәм көрсеткишлердиң бир-бирине сай келиўин есапқа алғае түрде үйрениў болып есапланады.
Мысал ушын, финанслық есабатлардың ҳәр қыйлы формаларындағы мағлыўматлардың бир-бирине сәйкеслигин үйрениўдиң тәртиби төмендеги кестеде келтирилген.
Усындай тәртиптедебиторлық ҳәмкредиторлық қарызларды,пул ғәрежетлериниң ҳәрекетин ҳәм басқа да мағлыўматлардың туўрылығын тексериў мүмкин.
Мазмуны бойынша тексериў – мағлыўматлардың ҳақыйқый екенлиги, ондағы келтирилген көрсеткишлердиң ҳақыйқатында да бар екенлигин анықлаўы өз ишине алады.Бундайтексериўбуxгалтерия есабы ҳүжжетлериндекелтирилгенмағлыўматлардыинвентаризация өткериўарқалы салыстырылып,санап көриў ҳәм өлшеў жолы менен оның туўры екенлигине исеним билдириў болып есапланады.
Анализ ушын керекли мағлыўматлардың туўрылығын тексериў ҳәм оларды тез арада пайдаланыўға таярлаў ҳәм де кайта ислеўдиң нәтийжели жолыкомпьютерлерден пайдаланыў болып табылады.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling